Усы жыл 24-август күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын додалаўға бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти. Оған Нөкис қаласындағы мәҳәллелер, мәкемелер, кәрханалар, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлер, жергиликли сайлаў комиссияларының, сиясий партиялардың ўәкиллери, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти, юридика илимлериниң кандидаты С.Утемуратовалар шығып сөйлеп, Кодекс жойбары туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын буннан былай да жетилистириў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен ислеп шығылған «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық қабыл етилген «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик Бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманға қосымшаның 2, 5 ҳәм 7-бәнтлеринде миллий сайлаў системасын реформалаў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында, «…халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў лазым. Сондай-ақ, 2019-жылда Ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға ҳәзирден баслап кирисиў керек. Бағдарламада усы сиясий процесс және де ашық-айдынлық руўхында өтиўин тәмийинлейтуғын жаңа, алдыңғы әмелиятты енгизиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр» деген еди.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, Олий Мажлис палаталары, Әдиллик министрлиги ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, 4 сиясий партия, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы тәрепинен ислеп шығылды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбарын ислеп шығыўда 15 тен аслам шет мәмлекетлердиң  ҳәм 5 абырайлы халықаралық шөлкемлердиң тәжирийбелеринен пайдаланылды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбары ҳәрекеттеги сайлаў нызамшылығы менен салыстырғанда үлкен өзгерислери менен ажыралып турады.

Яғный, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллери ушын Нызамшылық палатасында квота тийкарында 15 орын ажыратыў институты бийкар етилмекте. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслерине талабан көрсетиў ҳуқықы шығарып тасланбақта. Мүддетинен алдын даўыс бериў ҳәм сайлаў күни даўыс бериў ушын «Сайлаў бюллетени» түсиниги, бирден-бир Ҳүжжет-бюллетенин киргизиў арқалы бийкар етилмекте. Сайлаўды шөлкемлестириў, өткериў ҳәм нәтийжелерин белгилеў мәселелери бойынша шағымлар ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў тәртибине анықлық киргизилди. Буннан басқа, сайлаў нызамшылығына усы жаңа кодекс арқалы және онлаған өзгерислер енгизилди.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси улыўма ҳәм арнаўлы бөлимлерден ибарат. Улыўма бөлим, сайлаў системасының тийкарлары ҳәм принциплери, субъектлери ҳәм олардың ўәкилликлери, сайлаў ҳуқықының кепилликлерине бағышланған. Арнаўлы бөлим, мәмлекет Президенти, Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаў тәртиби, Сенатты қәлиплестириў мәселелерине бағышланған. Кодекс 18 бап ҳәм 100 статьядан ибарат.

Дөгерек сәўбетинде илаж қатнасыўшыларының пикир-усыныслары тыңланып, жыйналғанлар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Усындай дөгерек сәўбетлери республикамыздың барлық районларында, тийисли министрликлер менен шөлкемлерде даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.