Пайтахтымызда Нөкис қаласы Ҳаял–қызлар комитети тәрепинен «Тадбиркор аёл» ҳәм «Өнермент» бирлеспелериниң Қарақалпақстан Республикалық басқармалары менен биргеликте «Ким не ислей алады?» атамасында илаж өткерилди.
Ҳаял-қызлардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда өнермент ҳәм қолы гүл шеберлер өзлериниң билими менен ортақласып, шеберлик сабақларын өтти.
Әмиўдәрья районында да «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында усындай илаж өткерилип, оған 16 жастан 30 жасқа шекемги ҳаял-қызлар, жәмийетлик-сиясий белсенди ҳаяллар, депутатлар ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған басшы ҳаял-қызлар қатнасты.
Илаж даўамында шеберлик сабақлары өткерилип, жас қыз-келиншеклерге тәжирийбели қәнигелер тәрепинен гилем тоқыў, тигиўшилик, кондитер өнимлерин таярлаў, гөззалық ҳәм тигиўшилик сырлары, ойыншықлар соғыў өнерлери үйретилди. Сондай-ақ, «Илим – келешегимиз тиреги» сүрени астында «Мениң шаңарағым китап оқыйды» акциясы болып өтти.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.