Ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлар күнделикли турмыста кем-кемнен әҳмийетли орынға ийе болып бармақта. Дәслеп оннан қолайлы байланыс орнатыў мақсетинде пайдаланылған болса, ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлар әллеқашан өз ара пикир алмасыўдың тийкарғы қуралына айланып үлгерген. Facebook болса Өзбекстанда пайдаланылатуғын жетекши социаллық тармақлардың бири болып табылады.
Kun.uz редакциясына жолланған мүрәжатлардың бири усы виртуал дүньядағы танысыўлар менен байланыслы. Ҳәзирги ўақытта аккаунттың бас сүўретинде сырт елли сары шашлы ханымлар сүўретленген Facebook’тың өзбекстанлы пайдаланыўшыларына дослық усынысын билдирип атырғанлар көбейип бармақта. Бундай усыныслар тийкарынан ер адамларға көп жолланып атырған болып, профиль ийелериниң көпшилиги, тармақ сораўнамасында, негизи Франциядан екенлиги айтылады. Айрымлары ҳәттеки жасайтуғын жерин Ташкент, Бухара ямаса Жиззақ сыпатында белгилеп алғанлығы да ҳайран қалдыратуғын жағдай есапланады. Тәбийғый сораў пайда болады: бул сары шашлы ханымларға өзбекстанлылардан не керек болыўы мүмкин?
Мағлыўматларға қарағанда, бул социаллық ойынның «қурбан»лары көбейген. Өз шахсын сыр сақлаўды сораған Facebook пайдаланыўшысының айтыўына қарағанда, дослық усынысынан гөзленген мақсет алдаўшылық жолы менен пул өндирип алыў болған.
– Дослық усынысын қабыл етиўим менен, маған инглис тилинде танысыў хабарлары келе баслады. Бул тилди үйрениўге болған қызығыўшылығым чатты даўам етиўиме үндеди. Burton Stanely деп аталған профиль ийеси мен ҳаққындағы айрым (үйленгеним, балаларым бар ямаса жоқ екенлиги ҳәм жумыс орным ҳаққындағы) сораўларға жуўап алғаннан соң видеосәўбетлесиўге кирисиў пикирин ортаға таслады. Қыз баланың өзи усындай усыныс билдирсе (және сырт елли), биз яқ деп отырамыз ба, деп мен разы болдым. Сәўбетлесиў басланыўы менен қыз кийимлерин шеше баслады. Аржағын айтыўға тилим бармайды. Шәйтан жолдан урды… – дейди күтилмеген жағдайға түсип қалған жигит.
Мәлим болыўынша, виртуал дүньядағы бул сары шашлылар видеосәўбетлесиўлерди толық жазып алып, оны тарқатып жибермеў ушын 1500 АҚШ долларын талап еткен. Facebook’тың ислеў системасын жақсы билетуғын дослары жәрдеминде жигит бул аккаунтқа «спам» бериўге ерискен, бирақ устасы болып кеткенлер Paola Sandra аты менен ашылған профиль арқалы шантажды даўам еткен. Бул машқаланың 1500 доллар пул менен тоқтамайтуғынлығын түсинген ҳалда, тәғдирге тән берип, Facebook’ты пүткиллей тәрк етиў – ең мақул вариант болып көринген ҳәм усындай етилген. Видеоға келсек, «Бағдатта ҳәмме жер тыныш», ҳәзирше.
«Айтыўына қарағанда, патша өтирик патша екен?!»
Өткерилген киши тексериў нәтийжесинде анық болыўынша, «франциялылар» французша билмейди. Олар француз тилиндеги хабарларға жуўап бере алмаған, инглис тилиндеги жазыўлар да алдын ала таярланған болып, шаблон тийкарында ҳәр кимге бирдей етип жибериў ушын арналған. Соған қарағанда, бир адам онлаған өтирик пайдаланыўшылар атынан социаллық тармақта жумыс алып бармақта.
Абайлы болың!
Facebook’тың өзбекстанлы аудиториясы күнине 4-5 усындай сырт еллилердиң дослық усынысына дус келип атырғаны халықтың арасында бираз түсиниспеўшиликке себепши болмақта. Ҳәр қыйлы қыялларға берилип, узақты ойламастан Интернеттеги таныс болмаған адамлар менен байланыс орнатыўға асықпаң, себеби ҳеш бир нәрсе қурыдан-қуры, ҳеш қандай мәпсиз әмелге асырылмайды.
Дәрек: Kun.uz сайты
Аўдармалаған: Ислам Матеков.