2019-2020-жыллары пүткил Орайлық Азия регионында Россияда ислеп шығарылған робот-полицияшылар хызметке кирисиўи күтилмекте. Бул ҳаққында РИА Новости басылымына Россияның Promobot компаниясы басшысы Олег Кивокурцев мәлим етти, деп жазады Sof.uz сайты.

Хабарда жазылыўынша, 2018-жылдың июль айында робот-полицияшы Қазақстан Ишки ислер департаментинде хызмет етиўди баслаған.

Кивокурцевтиң айтыўынша, енди Өзбекстанда да усындай әмелият жолға қойылыўы жобаластырылмақта.

Оның мәлим етиўинше, роботтың тийкарғы жумысы қәўип анықланғанда бул ҳаққында ҳуқық қорғаў хызметкерлерин ескертиўден ибарат болады.

Робот 24 саат даўамында аймақты қадағалайды, видеосъёмка жумысларын жүргизеди, полиция есабында турған жынаятшылар базасы тийкарында адамлардың «жүзлерин таныў» жумыслары менен шуғылланады.

Ол сондай-ақ, «терроризм», «бомба» ҳәм басқа усы сыяқлы гилт сөзлерге реакция билдиреди ҳәм бул ҳаққында басқармаға ескертиў жибереди.

Сондай-ақ, роботта бармақ излерин есаплаў функциясы да бар. Гүманлы адамлар анықланған жағдайда, робот-полицияшы сол жердиң өзинде шахсты тексериў жумыслары менен шуғылланыўы мүмкинлиги айтылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.