Ислам дини – тынышлық ҳәм татыўлыққа, бир-биреўге мийрим-шәпәәтли болыўға шақыратуғын дин есапланады.
Муқаддес динимиздиң үлкен байрамларының бири Қурбан ҳайт байрамы елимизде көтериңки руўхта өтпекте. Халқымыз бир-бириниң ҳалынан хабар алып, байрамда жақсы тилеклерин айтып, бүгингидей жақты күнлеримизге шүкиршилигин билдирип, көтериңки кейпиятта байрамды белгилемекте.
Ҳайт байрамының өзгешеликлериниң бири саўап ислердиң ислениўи, инсанлардың бир-бирине жәрдем қолын созып, мүтәжлерди қоллап-қуўатлаўы болып табылады. Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-августтағы «Қурбан ҳайтын белгилеў ҳаққында»ғы Пәрманында да өз көринисин тапқан.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де муқаддес байрамымыз – Қурбан ҳайт байрамында усындай саўаплы ислерди әмелге асырмақта.Институт жәмәәти ўәкиллери байрам күни Хожели районындағы 1-санлы Меҳрийбанлық үйи, Ҳаял-қызлар мүриўбет үйи ҳәм Ақылы зайыл балалар мектеп-интернатында болып, усы жерлерде тәрбияланып атырған ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған инсанлардың ҳалынан хабар алды, олар ушын институтымыз жәмәәти тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырды.
Өз гезегинде, бул дәргайлардың басшылары, оқыўшы ҳәм тәрбияланыўшылары, жәрдемге мүтәж болған инсанлар байрам күнлери көрсетилип атырған усындай ғамқорлық және итибар ушын миннетдаршылығын билдирди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.