И.В. Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине және белгили қарақалпақ художниги Жоллыбай Изентаевтың қызы, тәжирийбели басшы Гулбаҳар Жоллыбаевна Изентаева басшылық етеди.

Экспертшилердиң пикиринше, бул тайынлаў регионда ҳәм пүткил Өзбекстандағы ең әҳмийетли мәдений объектлерден бирин раўажландырыўда жаңа басқыш болады.

-Бул регионының мәдений турмысы ушын әҳмийетли ўақыя болып есапланады. Жер жүзинде екинши орынды ийелейтуғын рус авангардының сийрек ушырасатуғын коллекциясына ийе Савицкий мүзейи жаңа басқышқа қәдем қоймақта,-дейди Мәдений мийрас агентлиги директорының биринши орынбасары Турсунали Қўзиев.- Гулбаҳар Изентаева –жоқары категориялы қәниге, ол 2017-2021-жыллары музей директоры лаўазымында жумыс алып барған. Оның қайтқаны  алдын ерисилген жетискенликлерди беккемлеп ғана қоймай, усы сийрек ушырасатуғын мәдений орайдың келешектеги абаданлығын тәмийинлеген ҳалда жыйналып қалған машқалаларды нәтийжели шешиў имканиятын береди.

Дүнья итибарына ылайық болыўға шекемги жолды басып өткен Савицкий музейи бүгинги күнде Орайлық Азиядағы өзиниң коллекциясы ҳәм бийбаҳа көркем өнер дөретпелери менен мақтанса арзыйтуғын ең ири музейлерден бири болып есапланады. Соңғы жыллары жергиликли ҳәм сырт ел саяхатшыларының итибарын тартқан ҳалда, музейдиң абырайы да оғада артты. 2024-жылы музей 260 мыңнан аслам мийманларды қабыл етип, қазнаға 1,6 миллиард сумнан аслам дәрамат келтирди.

Соңғы үш жылда Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қорының қоллап-қуўатлаўы себепли музей және де раўажланды, музей экспонатлары  Франция, Әзербайжан ҳәм Италияның ири музейлеринде көрсетилди. Өзине сай көргизбелер концепцияларын ислеп шыққан халықаралық дизайнер ҳәм кураторлар кеңнен тартылды, алдын сырт елде көрсетилмеген сийрек ушырасатуғын дүрдана дөретпелер көрсетилди. Қор бул процесске профессионал халықаралық реставраторларды кеңнен тартты ҳәм 200 ден аслам предметлер қайта тикленди.

Қор сырт ел көргизбелеринен тысқары, регионның бай мәдений мийрасы ҳәм заманагөй көркем өнер тенденцияларын сәўлелендирип берген Савицкий музейиндеги сийрек ушырасатуғын көркем өнер дөретпелери экспозициясын жаңалаў басламасы менен шықты.

Халықаралық ҳәм жергиликли илимпазлар тәрепинен архивлер изертленди, «Assouline Publishing» баспасөз үйи менен биргеликте Савицкий музейи коллекцияларына бағышланған илимий каталоглар ҳәм арнаўлы баспалар басып шығарылды.

Жақын жылларда Қазақстан, Милан, Нью-Йорк ҳәм Шанхайда Орал Тансықбаевтың көргизбелери өткерилиўи режелестирилген.

Бирақ, ерисилген жетискенликлер  менен бирге кемшиликлер де бар екенлиги анықланды. Жанылғы системасының надурыс сигнализация бергенлиги себепли «Шелеклер көтерген ҳаял» картинасына зыян жеткерилгени менен байланыслы жағдай, «Музейге саяхат» бағдарламасын әмелге асырыўда жол қойылған кемшиликлер ҳәм мәдений-ағартыўшылық  илажлардың жетерли дәрежеде өткерилмегени мәкеме жумысын және де жетилистириў керек екенлигин көрсетти.

Тәжирийбели қәнигелер жетиспейтуғынлығы да жаңа басшының алдында турған ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Жақын арадағы әҳмийетли ўазыйпалар –кадрлар потенциалын күшейтиў, хызметкерлердиң тәжирийбесин арттырыў, жас қәнигелерди кеңнен тартыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў арқалы көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыўдан ибарат.

-Савицкий музейи – бул тек ғана музей емес, ал ҳәзирги ўақытта ол Қарақалпақстанның мақтанышы, бийбаҳа көркем өнер дөретпелери ҳәм сийрек ушырасатуғын тарийх сақланатуғын өзине тән ғәзийнеси болып есалпанады. Гулбаҳар Изентаеваның қайтқаны музей тарийхында жаңа бет ашады,-дейди Турсунали Қўзиев. Оның бай тәжирийбеси, профессионаллығы  ҳәм мәдений мийрасты сақлаў жумысына болған пидайылығы музейдиң және де раўажланыўына исеним арттырады.

Халықаралық шөлкемлер ҳәм мәденият тараўында басшылық лаўазымларында ислеген жоқары тәжирийбеге ийе Гулбаҳар Изентаева музей жумысын және де раўажландырыў, ғалаба ен жайдырыў  ҳәм пүткил жер жүзинен көплеген санлы көркем өнер ықласпентлерин кеңнен тартыў нийетинде.

Мағлыўмат ушын: Гулбаҳар Изентаева Киев миллий университетин тамамлаған (43 жаста), АҚШтың Делавэр университетинде магистр ҳәм докторлық дәрежесине ийе.

Буннан алдын, UNDP офиси басшысы, Орайлық көргизбелер залы директоры, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, И. В. Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы мәсләҳәтшиси сыяқлы лаўазымларда жумыс алып барған.

 

ӨзА