Пайтахтымызда 16-август күни Өзбекстан-Тәжикстан бизнес-форумы болып өтти.
Онда еки елдиң саўда, санаат, экономика, банк-қаржы, туризм санааты, электр энергиясы, қурылыс, химия санааты, машина қурылысы, металлургия, автомобиль қурылысы, электр техникасы, транспорт-логистика, аўыл хожалығы, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм жеңил санаат, фармацевтика сыяқлы тараўларға қәнигелескен министрликлер, компаниялар ҳәм фирмалардың 400 ден аслам ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.Отажонов, Тәжикстан Республикасының Инвестициялар ҳәм мәмлекетлик мүлкти басқарыў бойынша комитетиниң баслығы Ф.Ҳамролизода ҳәм басқалар еки мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги сөйлесиўлеринде ерисилген келисимлер нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 9-10-март күнлери Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары еки тәреплеме байланыслардың раўажланыўында жаңа бет ашты. Онда еки ел арасында саўда-экономикалық, мәдений байланысларды раўажландырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилген еди. Соған муўапық, өткен қысқа ўақыт даўамында еки елдиң исбилермен топар ўәкиллериниң өз-ара пикирлесиўин шөлкемлестириў, қоспа жойбарларды әмелге асырыўына көмеклесиў мақсетинде түрли дәрежедеги бизнес-форумлар, санаат өнимлериниң көргизбеси, ярмаркалар шөлкемлестирилди.
Усы сыяқлы ушырасыўларды ҳәм сөйлесиўлерди шөлкемлестириўден мақсет еки мәмлекет исбилерменлери арасында кооперация байланысларын беккемлеў, еллеримиздиң улыўма транспорт-коммуникациялық, саўда-экономикалық имканиятынан ҳәм потенциалынан толық пайдалыныў арқалы товар айланысының көлемин сезилерли арттырыў, қоспа жойбарлар шеңберинде санаат өнимлерин ислеп шығарыў арқалы үшинши ел базары тәрепке жол табыўдан ибарат екенин атап өтиў орынлы.
Форум шеңберинде мийманларға елимизде өндиристи еркинлестириў, фармацевтика санаатын буннан былай да раўажландырыў, еркин ҳәм киши санаат зоналары, оларда инвесторлар ушын жаратылған салық жеңилликлери ҳәм басқа да қолайлықлар ҳаққында айтып берилди. Тәжикстан қурылыс, туризм, транспорт-логистика тараўының ўәкиллери елимиздиң усы тараўдағы потенциалы менен таныстырылды. Сондай-ақ, еки ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлықлар, ислеп шығарылып атырған өнимлер, берилип атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, бар экономикалық имканиятларды таныстырыў өткерилди.
Бүгинги күнде мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиўи жаңа пәтлерде раўажланбақта. Быйылғы жылдың биринши ярымында өз-ара товар алмасыў көлеми 35 процентке өсти. Өзбекстаннан Тәжикстанға жеңил автомобильлер, жүк машиналары, аўыл хожалығы техникалары, металлургия, электротехника, қурылыс затлары, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты өнимлери экспорт етилип атырған болса, Тәжикстан елимизге қурылыс материалларын, цемент, альюмин сыяқлы өнимлерди жеткерип бермекте.
Әнжуманда атап өтилгениндей саўда-экономикалық, инвестициялық тараўлардағы бирге ислесиў пәтлеринде сезилерли өсиў болып атырған болса да, бул бар имканиятларға толық сәйкес келмейди. Сол мәнисте, бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы саўда айланысын 2020-жылға шекем 500 миллион АҚШ долларына жеткериў белгиленген. Бул ушын барлық зәрүр имканиятлар жаратылған. Еллеримиздиң географиялық жайласыўы, инвестицияларды қорғаў бойынша өз-ара келисимлер, салық жүгин жеңиллетиўдеги бирге ислесиў, улыўмалық шегаралар, еркин саўда тәртиби ҳәм регион еллериниң бирден-бир транспорт-коммуникация, транзит-логистика имканиятлары мине, усылардың қатарына киреди.
– Президентлеримиздиң басламасы себепли бүгин еллеримиз арасындағы бирге ислесиў байланыслары жаңа басқышқа көтерилди, – деди «TAJinvest» МУК бас директоры Жавохирлал Музаффарий. – Атап айтқанда, саўда, инвестиция тараўларында бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан. Бул бүгинги күнде транзит-логистика бағдарларында шериклик қатнасықларын нәзерде тутатуғын бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм биргеликте әмелге асырыў имканиятын береди. Бирге ислесиўдеги ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде экологиялық таза өнимлерди ислеп шығарыўды раўажландырыўымыз мүмкин. Бизнес-форум шеңберинде сол сыяқлы мәселелер бойынша пикир алыстық ҳәм келешектеги режелерди белгилеп алдық.
Бизнес-форум даўамында финанслық бирге ислесиў, транзит, электроника, фармацевтика, кондитер өнимлериниң экспорт-импортына байланыслы улыўма қуны 103,3 миллион АҚШ долларлық шәртнамаларға қол қойылды.
Илаж шеңберинде еки ел исбелерменлериниң В2В форматтағы ушырасыўы өткерилди. Сөйлесиў жуўмағы бойынша биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм пайдалы шәртнамаларға қол қойыўды нәзерде тутатуғын пайдалы келисимлерге қол қойылды.
Тәжикстан исбилермен топар ўәкиллери сол күни пайтахтымыздағы «Artel», «Gold Dried Fruits Export», «Uztex Tashkent»сыяқлы бир қатар кәрханаларда болып, жумыс процеси ҳәм сапалы өним ислеп шығарыў ислери менен жақыннан танысты. Перспективалы бирге ислесиў орнатыў бойынша еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзА ның хабаршысы