Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда байрам алдынан ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен «Саламат әўлад – Ўатан келешеги» сүрени астында  спорттың көркем гимнастика, волейбол, бадминтон, гүрес, киши футбол, қашарман топ, баскетбол, стол теннис түрлери бойынша спорт жарыслары өткерилмекте.

16-август күни пайтахтымыздағы республикалық гимнастика түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың көркем гимнастика түри бойынша 2003-2006-жыллары туўылған қызлар арасында «Саламат әўлад – Ўатан келешеги» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық  басқышы өткерилди.

Жарыстың финал басқышында Нөкис қаласынан, сондай-ақ, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Мойнақ, Қоңырат, Тақыятас ҳәм Нөкис районларынан отыздан аслап спортшы қызлар қатнасты.

Жарыс жуўмағында Нөкистен П.Төребаева, Р.Жалғасбаева, М.Кеңесбаева ҳәм тақыятаслы А.Абдурахманова бириншиликти ийелеген болса, қоңыратлы Л.Қоңыратбаева, нөкисли А.Сағындыкова, тақыятаслы Н.Юлдашева менен И.Көпбаевалар екинши, қоңыратлы С.Хожаназарова, мойнақлы А.Сагатдинова, тахтакөпирли З.Сейтбекова менен Н.Абдуалиевалар үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

(Cүўретлер Қ.Кеңесбаев тәрепинен  түсирген)