Пайтахтымызда Геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў бойынша мәмлекетлераралық кеңесиниң 40-сессиясы болып өтти.
Өзбекстан, Россия, Молдова, Әзербайжан, Армения, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан мәмлекетлериниң ўәкиллери қатнасқан сессияда ҒМДА еллериниң геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслары ҳәм келешектеги режелер, бирге ислесиў перспективалары, сондай-ақ, тараў қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша комитети баслығының орынбасары Б.Тожиев, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Абдуллаев, ҒМДА Атқарыў комитети баслығының орынбасары А.Смагулов ҳәм басқалар тараўда перспективалы жойбарлар ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў және потенциаллы кадрлар таярлаў бүгинниң әҳмийетли талабы екенин атап өтти.
Геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў бойынша мәмлекетлераралық кеңеси ҒМДАға қатнасыўшы мәмлекетлердиң 1992-жыл 9-октябрьде Бишкек қаласында өткерилген мәжилисинде қол қойылған геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге муўапық шөлкемлестирилген.
– Өзбекстан 1992-жылдан берли усы мәмлекетлераралық кеңестиң ағзасы болып есапланады,-деди Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң бөлим баслығы Ихтиёр Эргашев. _ Бүгинги сессияда көрип шығылып атырған мәселелер биз ушын әҳмийетли ҳәм онда Өзбекстан, Россия, Қазақстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери арасында геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў тараўында өз-ара бирге ислесиў келисимлери таярланбақта.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҒМДА еллеринде жерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, тараўдағы қатнасықларды комплексли тәртипке салыў әҳмийетли мәселеге айланбақта. Онда, бәринен бурын, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жерлерди сақлаў ҳәм қорғаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, геодезия ҳәм картография жумысының нәтийжелилигин күшейтиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў, соның ишинде, аймақларды аэрокосмикалық сүўретке алыў, топография-геодезия, картография, топырақтаныў, геоботаникаға байланыслы ҳәм басқа да изертлеўлерди әмелге асырыў зәрүр.
– Бүгинги сессияда ҒМДА еллериниң геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў тараўында жигирма алты жыл даўамында орынланған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар бериўге имканият жаратылды,-деди Россия Федерациясының экономикалық раўажланыў министриниң орынбасары, Мәмлекетлик дизимге алыў, кадастр ҳәм картография федерал хызметиниң басшысы Виктория Абрамченко. –Сессия жумысында бири қатар ўазыйпалар қатарында кадрлар таярлаў ҳәм илимий жумыслар мәселелери де көрип шығылды. Мен ойлайман, бул илаж ҒМДА еллериниң тараўдағы бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Илажда тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, системалы түрде кадрларды қайта таярлаў, маманлығын арттырыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша пикирлер билдирилди.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА ның хабаршысы