Нөкис қаласы Қарақалпақстанның пайтахты болған пайытларында халқының саны 10 мың адамнан сәл көбирек еди.

Бурынғылардың айтыўына қарағанда Тақыятасқа барыў ушын дәслеп жаяўлап ямаса ат пенен «Пристань» посёлкасына, соң баржа арқалы Әмиўдәрьяның арғы тәрепине, соң гөне Хожелиге, оннан кейин Тақыятасқа қарай табылған көликке минип кететуғын болған екен.

Қала толысып, өткен әсирдиң 50-жыллары автовокзаллар қурылып, транспорт қатнасы тәртипке түсе баслаған. Сол жыллары арқа районлардың халқы ушын транспорт хызметин көрсететуғын «Арқа автовокзал» бурынғы «Шымбай шайханада», ҳәзирги Спорт комплекси жайласқан орында еди. Қала кеңейип, халқының саны 100 мыңнан артып кеткен 1979-жыллары «Арқа автовокзал» бүгинги күнге шекем хызмет етип келген ҳәзирги орнына көширилди.

Бүгинги күни болса, пайтахтымыз халқының саны 300 мыңнан аслам. Қала орайынан арқа районларға бурылатуғын сыртқы айланбаға шекемги аралықтың өзи  15 километрди қурайды.

Усыларды есапқа алып, арқа автовокзалды сол айланбаның арқа тәрепинен заманагөй көринисте қайтадан салыў ҳәм вокзалды көшириў бойынша жумыслар өткен жылы басланған еди.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамына саўға ретинде вокзал мүддетинен бурын толық қурып питкерилип, 16-август күни оның ашылыў мәресими болып өтти.

Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў хызметкерлери, аймақ турғынлары қатнасты.

Илажды Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы П.Төрешев алып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы ҳәм вокзал қурылысының табыслы питкерилип пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.

 

Атап өтилгениндей, Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2017-жыл 7-июньдеги шешими менен «NO‘KIS ARQA-BATIS TRANS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Нөкис – Шымбай автомагистрал жолы бойынан 1,3 гектарлық жер орны турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен берилди ҳәм «Автостанция имаратын ҳәм жәрдемши имаратлар» қурыў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Қурылыс жумыслары ушын «Ҳамкор банк»тиң Нөкис филиалы тәрепинен 500 миллион сумлық кредит ажыратылып, кәрхананың өзиниң есабынан 1 миллиард сум муғдарындағы қаржы жумсалды.

Жыйналғанлар қатнасында дәстүрий лента кесилип, автовокзалдың рәмзий гилти салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм илаж қатнасыўшылары вокзалды тамашалап, жаратылған қолайлықлар менен танысты.

– Бул жерде жолаўшылар ушын барлық қолайлықларды жаратыўға ҳәрекет еттик. Жолаўшылардың дем алыўы ушын жазда салқын, қыста жыллы орынлар, асхана, шаштәрезхана, дәрихана, азық-аўқатлық затлар дүканы, автотранспортларға техникалық-сервис хызметин көрсететуғын устаханалар ҳәм басқа да барлық қолайлықлар бар. Вокзал күнине 250 ден аслам жолаўшыға хызмет көрсете алады,-дейди«NO‘KIS ARQA-BATIS TRANS» ЖШЖниң баслығы А.Мадрахимов.

Және бир жаңалық, 18-августтан баслап ҳәр күни 18:00 де усы вокзалдан «Нөкис – Алматы – Нөкис» жөнелиси бойынша халықаралық жолаўшы тасыўшы транспорт қатнаўы жолға қойылады.

– Бул ушын барлық шөлкемлестириўшилик жумысларды әмелге асырдық,-дейди «Улуғтранс» ЖШЖниң баслығы Т.Гүлдирсинбаев. – Ҳәзирги күнде заманагөй талапларға жуўап беретуғын барлық қолайлықларға ийе             3 дана «Yutong» маркалы автобусымыз бар. Кредит есабынан Қытайдан тағы 4 дана усындай автобус сатып алып атырмыз. Жолаўшыларымызды 200 мың сум жол кирей менен Алматы қаласының «Үшқоңыр» автовокзалына шекем иркилместен алып барамыз. Алматыдан Нөкиске шекемги жол кирей де усы баҳада болады.

Илажда жыйналғанларға көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).