Бүгин министрлик, мекеме ҳәм шөлкемлердиң Баспасөз хызметлери жумысы раўажланбақта. Буған турмыслық талап жоқары. «Жақсы баспасөз хаткери – шөлкемниң ярымы» деген заманагөй нақыл пайда болғаны да бийкар емес.
Информация тараўы еркинлесип, сөз еркинлиги көзге тасланып, жаңа тенденциялар күшейип, дәўирдиң талап ҳәм миннетлеме жүги де барған сайын артып атырған бир ўақытта бул мәселе айқын көзге тасланбақта.
«Жәмийет» газетасы тәрепинен «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы баспасөз хызметиниң төмен ҳәм нәтийжесиз жумысы кескин сынға алынғаннан соң, хызмет басшысының редакция хызметкерлерине доқ урып, басым өткергенине, ақыбетте оның жумыстан босағанына көп болған жоқ. Бул жағдай, әсиресе, басқа шөлкемлердиң мәлимлеме хызмети хызметкерлерин жанландырғаны анық.
Ашық-айдын тән алыў керек, бүгин Өзбекстанда Баспасөз хаткерлериниң жумысы қанаатландырарлы емес. Қайсыдур министрлик, комитет, мәкеме ҳәм шөлкемниң жумысы ғалаба хабар қуралларында сынға алынса, бәринен бурын усы шөлкемниң баспасөз хаткерине гәп келмекте. Яғный, күтилмеген сынның алдын алмағаны себепли бас айыпкерге «жаман көз» ямаса «аралықты сақлап қатнас жасаў» ақылойын узақ жыллардан берли қоршап алған қорқыныш пердеси елеге шекем алып тасланбағанын көрсетти.
Хош, баспасөз хызметлери толық жумыс алып барыўы ушын зәрүр ресурс ямаса имканиятларға ийе ме? Артып атырған жуўапкершилик жумыс көлемине салыстырғанда хызметкерлердиң саны ҳәм салмағы, материаллық тәмийинаты өсип атыр ма? Бүгин ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қайсы министрликтиң баспасөз хаткерин жақсы таныйды ҳәм жақын байланыс орнатқан? Оларды жумысқа тайынлаў ҳәм хошаметлеў системасы қаншелли пуқта ислеп шығылған?
Сыр емес, бүгин көпшилик баспасөз хаткерлери орынласлық тийкарында еки, ҳәттеки, үш жерде жумыс ислейди. Биз таныған-билген шебер баспасөз хаткерлери телевидение, радио, газета-журналларда ямаса Интернет басылымларында қосымша тәризде жумыс ислейди. Олар бир жерде «отырып қалыў»ды, дөретиўшилик процесстен шетлеп кетиўди қәлемеўден басқа, айлығы жақсы лаўазымнан ўаз кешиўди де қәлемейди. Бул тийкарғы күш ҳәм дыққатты жәмлеўге тосқынлық етип, шөлкемниң баспасөз хызмети жумысына кери тәсир етип атырғаны тәбийғый.
Ири шөлкемлер, коммерциялық банклердиң баспасөз хаткерлериниң жумысы сәл басқашарақ қәлиплескен. Оларға дөретиўши хызметкер деп емес, ал өзи «нан жеп турған» мәкеме ҳаққында сын шықпаўына кепиллик беретуғын адам сыпатында қаралады. Бул шөлкемлер жазылған басылымларды жылдың басынан реклама ямаса басқа да үгит-нәсиятлаў жумыслары ушын ажырататуғын қаржыларды тап сын жаўынынан сақлайтуғын өзине тән «саяман» деп биледи. Мәселен, Халық банки ямаса «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ менен көп миллионлық шәртнамаға қол қойылған, жазылыўды шөлкемлестириўге жәрдем берген қандайда бир газета банк туўралы орынлардан келетуғын ҳәр қандай сын мақаланы төменги тартпаға салып қояды. Керисинше, реклама, қутлықлаў бермеген, жазылмаған шөлкемлерди газеталар аяп отырмай, сабап қалыўы да мүмкин. Ҳәр еки жағдайда да обал-саўап баспасөз хызметкеринде болады.
Және бир ашық-айдын көринис бар. Бүгин тиражы көп мың санлы орайлық газеталарда шықпаған сын сын «kun.uz», «xabar.uz», «qalampir.uz», «asr.uz» сыяқлы Интернет баслымларда ямаса социаллық тармақларда жәрияланбақта. Сол себепли министрлер ҳәм басқа да ҳәмелдарлар енди өзи ҳәм шөлкеми ушын тийкарғы «қәўипли мәнзил»ди социаллық тармақлар ҳәм Интернет, деп билмекте. Қандай жол тутыў керек? Басшылар белгили сайтлардың жетекши журналистлерине «жаўшы» қоймақта – баспасөз хаткерлигине жумысқа мирәт етпекте.
Тилекке қарсы, айырым баспасөз хаткерлериниң дәрежеси талапқа жуўап бермейди. Олар еки қатар пикирди еплеп жазалмаса, базылары журналистика көшесине қәдем де қоймаған. Айырым баспасөз хаткерлери болса, министр, оның орынбасарлары ҳәм басқарма баслықларына үлкен-киши мәжилислер, әнжуманлар ушын баянат ҳәм есабатлар жазыў менен бәнт. Юбилей сәнелери, байрамларда қутлықлаўлар жазыў менен басшының жеке хаткерине айланып қалғандай.
Усы жылдың 15-февралында Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жәрияланған еди. Онда мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметкери усы уйым басшысына тиккелей бойсынатуғын еркин бөлим сыпатында белгиленген. Бирақ әмелде көпшилик уйымларда баспасөз хаткерлерине баслықтың орынбасарлары, баслықтың жәрдемшиси ямаса басқа да басқармалардың басшылары «ийелик» етеди.
Бул да жетпегендей, елеге шекем көплеген баспасөз хаткерлери жәмийетшилик пенен байланыслар бөлимлери қурамында қалып кетпекте ҳәм тиккелей бөлим басшысына бойсындырылған. Айырымлары болса маркетинг ҳәм мәлимлеме-таллаў сыяқлы басқармалардың ишинде демигип атыр. Бул олардың тек ғана дөретиўшилик еркинлигине руқсат бермей қоймастан, ал ҳәр қандай баслама ҳәм объектив мағлыўмат тарқатыў системасын әмелде жоққа шығарады.
Соңғы ўақытлары көлемли реформалар себепли айырым министрликлердиң, уйымлардың ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң реже ҳәм штат бирликлери қайта тастыйықланбақта. Бунда баспасөз хызметкериниң жумысын кеңейтиўге жеткиликли итибар қаратылып атыр, деп болмайды. Аймақлық бөлимлердиң қурамында болса, бундай лаўазымларды киргизиўге зәрүрлик жоқ, деп баҳаланбақта. Ақыбетинде тийкарғы жумыс атқарылып атырған ең төменги аймақлық буўынларда орайға информация жеткериў механизми қатып қалған.
Район ҳәкимликлеринде баспасөз хаткери лаўазымы елеге шекем ажыратылмаған. Бул ўазыйпаны көпшилик жағдайларда айына бир-еки мәрте анда-санда шығып атырған районлық газетаның бас редакторы атқармақта. Ақыбетинде ўәлаят ҳәкимликлериндеги баспасөз хызметиниң аз санлы хызметкерлерине ҳәдден тыс артықша жүк түспекте. Қысқасын айтқанда, районларда хызмет сапары менен жүрген жергиликли, сырт елли журналистлер жуўапкер адамлар менен ушыраса алмай ямаса жүзбе-жүз көрискен жағдайда да керекли мағлыўматларды ала алмай атырғанына, қопал ҳәм ашық кеўил емес қатнастан жазғырған материаллардың саны артып бармақта.
Мәлимлемелерди мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымының рәсмий сайтына тез жайластырыў ҳәм оларды өз ўақтында жаңалап барыў, Интернет тармағындағы веб-ресурслар, соның ишинде, социаллық ҳәм мобиль тармақларды раўажландырыў жумысларында сезилерли арқайынлық бақланбақта. Усындай шараятта профессионаллық зәрүр болып турған ўақытта район ҳәкимлери өз сайтын ашыўды ҳәм аймақтағы жаңалықларды оперативлик пенен сәўлелендирип барыўды ҳәр қашанғыдан да көбирек қәлемекте.
Көпшилик баспасөз хаткерлери болса, бир журналист мағлыўмат сорап мүрәжат етсе, биринши гезекте «рәсмий сайтымызды көриң» дейди. Бул да пайда бермесе, еки енли хат пенен рәсмий мүрәжат етиўди сорайды. Тийкарында айып оларда да емес, усындай талапты қойған басшы да.
Айырым баспасөз хаткерлери шөлкеми ҳаққында «тастыйықланбаған көрсеткишлерди» ҳәм айрықша белги қойған «қупыя» мағлыўматты жәриялаўға ҳуқықы жоқ екенин айтып, журналистлерден қутылмақта. Өз гезегинде, журналистлер бундай материалларды министр мақуллаўын күнлеп, ҳәттеки, айлап күтип қалмақта.
Хат ҳәм қағазпазлықлар баспасөз хаткериниң бар екенинен гүманландырып ғана қоймай, ҒХҚ менен қатнасықларды унамсыз ағымға салып, қыйынластырады. Сол тәризде «бумеринг эффекти» пайда болып, қайсы дур күни өзи илаж ямаса әнжуман өткергенде журналистлер «хатсыз» ләббай демесе, әттең деп қалмақта.
Министр халықтың алдында шығып сөйлер екен, ҳәр бир сөзиниң резонансын ҳәм ертең келтиретуғын ақыбетин ойлап, әлбетте, баспасөз хаткери менен есапласыўы, мәсләҳәтлесиўи орынлы.
Басшы ямаса жуўапкер адамның көпшиликтиң алдында шығып сөйлеўинде ҳәр қандай шегарадан шығыў, кейин ала оның карьерасына, жәмийеттеги абырайына дүзетип болмайтуғын зыян етиўи мүмкинлигин турмыстың өзи қайта-қайта дәлиллемекте.
Сонлықтан баспасөз хаткери менен алдын ала келисип алған ҳалда текстлер ямаса «шпаргалкалар» таярлап алыў, қайсар ҳәм бас тартпайтуғын журналистлер бериўи мүмкин болған сораўларға жуўап қайтарыўға таярланыў, тил ҳәм сөздиң бай имканиятлары үстинде асықпай ислесиў, журналистлер ҳәм ҒХҚ ҳаққында көбирек мағлыўматқа ийе болыў, имканы болғанынша әдеп-икрамлылық ҳәм дипломатия өлшемлеринен шығып кетпеў илажларын көрип барыўы зәрүр.
Баспасөз хаткери тек ғана басшылық пенен шекленип қалмастан өзи ислеп атырған системадағы хызметкерлердиң журналистлер менен қандай қатнаста болыўы, мәлимлемени еркин ҳәм тиккелей қалай бериўди үйретиўи, социаллық тармақларда өз профилин ашып атырған хызметкерге дурыс кеңес бериўи, жайластырылып атырған материаллардың сапалы ҳәм қәтесиз шығыўы ушын көмеклесиўи зәрүр.
Бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бағдарында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлери менен нәтийжели ҳәм әмелий бирге ислесиўди тәмийинлеў жумысларында да сезилерли алға илгерилеўлер көзге тасланбай атыр. Баспасөз хаткерлери өз-ара биргеликте өткерген ҳәм көпшиликке белгили әҳмийетли илажларды еслей алмай атырмыз. Ҳақыйқатында да баспасөз хызметлери арасындағы бирге ислесиў оғада төмен дәрежеде, басы бир жерге бирикпеген.
Әсте ақырын тәсири күшли, имканияты жоқары шөлкемлер баспасөз хызметлериниң бир шөлкемниң мәпин басқасынан үстин қойыўы, ашық-айдынлық принципиниң бузылыўына себеп болмақта.
Айырым баспасөз хызметлеринде ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў орнатыў мақсетинде тилеклес журналистлердиң шеңберин қәлиплестирип барыў, оларды информация (баспасөз ушын хабар, бюллетень, пресс-релиз ҳәм сол сыяқлылар) менен тәмийинлеў жумыслары жақсы шөлкемлестирилмей, қолда-жолда қалып кетпекте.
Министрлер Кабинетиниң жоқарыда атап өтилген қарарында уйымларға мәлимлеме хызметлери жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын заманагөй материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў бойынша «Жол карталары»н ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленген еди. Бирақ көплеген баспасөз хызметлери, ҳәттеки, ески видеокамера, фотоаппарат ямаса қол телефонына да ийе емес.
Журналистлер дөретиўшилик аўқамы ямаса ҒХҚны мониторинг етиў орайы тәрепинен шөлкемлестирилетуғын ҳәм әҳмийетли өлшемлерди қамтып алатуғын «Баспасөз хызметлери» ҳәптелик рейтингин дүзиў мақсетке муўапық. Бул ғайратланып, күйип-писип ислеп атырған баспасөз хаткерлерин хошаметлейди, улыўма ислемей атырған хызметкерлерди болса, сергекликке шақырады, министрлерди керекли илажлар көриўге мәжбүр етеди.
Усы жерде айырым пикирлерди айтып өтиўди мақул көрдик. Структурасы қайта тастыйықланған Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы қурамында Баспасөз хаткерлери клубын ямаса секторын дүзиў керек. Бәлким, Президенттиң Баспасөз хызмети жанында Баспасөз хаткерлери миллий ассоциациясын дүзиў нәтийже берер. Баспасөз хаткерлериниң сырт еллерде маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў де бизиң көзқарасымызда пайдадан жырақ болмайды. Сырт елли ҳәм жергиликли жетекши экспертлерди тарта отырып баспасөз хаткерлери ушын оқыў курсларын шөлкемлестириў, қандайда бир үлгили баспасөз хаткериниң тәжирийбесин кеңнен ен жайдырыў, арасында түрли спорт ҳәм мәдений илажларды өткериў тийкарында олардың дөретиўшилик пикирлеўин күшейтиў ҳәм материаллық хошаметлеў усынысын да алға қойған болар едик.
Соның менен бирге, бир қатар унамлы жағдайлар да көзге тасланып атырғанын атап өтиўди қәлер едик. Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы, Халық билимлендириў, Әдиллик, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзтрансгаз» акционерлик жәмийети, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимликлериниң баспасөз хызметлери алдынғы усылларда ҳәм оператив түрде ислемекте және бул мақсетлерге үлкен ресурс ҳәм қаржы ажыратпақта.
Баспасөз хаткери бүгин өз статусы бойынша кеминде министрдиң мәсләҳәтшисине теңлестирилиўи керек ҳәм әдетте қәнигелиги журналист болыўы шәрт. Оның айлығы ҳәм басқа да жеңилликлери де буннан кем болмаўы керек. Шөлкемниң жумысын сәўлелендириў ушын қалтасынан қәрежет жумсаўы, система хызметкерлерине «сөзи өтпей», өзи универсал хызметкерге айланыўы баспасөз хаткерин абырайсызландырады, жумысының раўажланыўына тосқынлық етеди.
Лазиз РАҲМАТОВ,
ӨзА