Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 6-апрельдеги «Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын өткериў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып усы жыл 6-10-сентябрь күнлери Шаҳрисабз қаласында Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы болып өтеди. Бул абырайлы илажда миллий классикалық көркем өнеримиздиң тартымлылығы көрсетиледи, жергиликли ҳәм сырт елли музыкатаныўшылар, илимпазлар, қосықшылар ҳәм сазенделер өз-ара пикир алысады, «Мақам музыка көркем өнери ҳәм оның жәҳән цивилизациясында тутқан орны» темасында илимий-әмелий конференция өткериледи.
Өзбек миллий мақам көркем өнери орайының мағлыўматларына қарағанда, әнжуман шеңберинде болып өтетуғын таңлаў жеңимпазлары Шөлкемлестириў комитети тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм ақашалай сыйлық пенен сыйлықланыўы белгиленген.
Таңлаў жеңимпазлары төмендеги сыйлықларға ийе болады:
«Гран-при» – 15 мың АҚШ доллары.
1-орын – жеке атқарыўшы ушын (қосықшы ямаса сазенде) – 10 мың АҚШ доллары, ансамбль жәмәәти ушын – 10 мың АҚШ доллары.
Бул бағдарларда 2-орын жеңимпазларына 7 мың, 3-орынды қолға киргизгенлерге болса 5 мың АҚШ доллары муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.
Әнжуман шеңберинде белсенди қатнасыўшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилген «Ең жақсы мақам қосықшысы», «Ең жақсы мақам сазендеси», «Ең жақсы мақам устазы», «Ең жақсы мақам үгит-нәсиятлаўшысы», «Ең жақсы жас мақамшы», «Ең жақсы мақам композиторы» сыяқлы номинацияларда жеңимпазлар да ылайықлы сыйлықланады.
ӨзА