Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына

                                                                       Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!

Усы күнлерде елимизде халқымыздың әсирлик әрманы болған, Ўатанымыздың әййемги бай тарийхында жаңа бет ашқан, Өзбекстан мәмлекетин дүнья жәмийетшилигинде теңлер ишинде тең еткен, еркин ҳәм азат турмысымызды тәмийинлеп берген даңқлы ғәрезсизлигимиздиң жигирма жети жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Усындай қуўанышлы күнлерде ойлап қаласаң. Инсаният жаралғанлы берли, әлбетте оның турмысында байрам, шадлық, умытылмас сәнелер де пайда болған. Соның ушын да дүньяда байрамлар, салтанатлар көп. Бизиң елимизде де ең уллы ең әзиз байрамымыз Мәмлекетимиз ғәрезсизлик алған күн – еркин ҳәм азатлық, азат ҳәм абат турмысымыздың ең муқәддес байрамы болып белгиленип келмекте.

«Жанажан Ўатанымыз – Өзбекстанымыз миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараўлар менен тармақларда демократиялық жаңаланыў процесслери әмелге асырылып атырған бүгинги күнде биз ушын бийбаҳа жемис болған ғәрезсизликтиң қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Усы көзқарастан, елимиз ғәрезсизлигин, оның менен байланыслы сәне ҳәм ўақыя-ҳәдийселердиң мазмунын терең түсиниў ҳәм қәдирлеў, ҳәр тәреплеме мүнәсип белгилеў жәмийетлик-сиясий ҳәм мәнаўий турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди.»

Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарында атап өтилген бул сөзлер Өзбекстанымыздың, әсиресе кейинги еки жыл ишинде жедел раўажланыў жолында барлық тараўларда үлкен жетискенликлер қолға киргизилип атырғанын айқын дәлиллейди. Әне усындай тарийхый мәўритлерде мына қатарларды келтирип өтпеўдиң ҳеш илажы жоқ;

Бул күнлердиң ҳәр мәўрити жылларға тең,

Саҳралардың ҳәр шешеги гүллерге тең,

Дүнья ҳәўес етер абат өмиримизге,

Журт соқпағы жәҳәндеги жолларға тең.

Ҳақыйқатында да усындай екенлигин ҳәр биримиз көрип, сезип турмыз. Бүгин пүткил дүнья Өзбекстанға умтылмақта. Неге, не ушын, дүньяда раўажланып атырған басқа мәмлекет жоқпа, деген сораў туўылады.

Бар әлбетте, бирақ Өзбекстанымыздағы бүгинги демократиялық өзгерислер нәтийжели болмақта. Яғный өткен дәўир оғада әҳмийетли бир ҳақыйқатты қайта-қайта тастыйықлап бермекте. Президентимиз Ш.Мирзиёев еркин ҳәм абадан турмысымызды, уллы келешегимизди тек ғана ғәрезсизлик тийкарында қурыўымыз, адамларымызды, ел-журтымызды тек ғана еркин сиясат тийкарында разы етиўимиз мүмкин екенин ҳәм сөзде ҳәм әмелде тастыйықлап, көрсетип тур. Тек ғана ғәрезсизлик Президентимиздиң басшылығында бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын мисли көрилмеген имканиятлар есигин ашып бермекте. Булар елимиздеги ҳәр бир жаңаланыў, дөретиўшилик жумысларында өз көринисин таппақта.

Кейинги еки жыл ишинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының барлық бағдарларын белгилеп беретуғын Пәрман ҳәм Қарарлары, олардың жедел орынланыўы адамларымыздың турмыс тәризин түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бәринен бурын инсан ҳәм оның мәплерин гөзлеп алып барылып атырған избе-из реформалардың нәтийжеси елимиздеги ҳәр бир пуқараның бахытлы ҳәм абадан турмысы, өзине ҳәм журт келешегине болған беккем исениминде көринбекте.

Халықты сүйген, әдалатлы, узақты гөзлеп ис тутатуғын, дана елбасшы бәринен бурын адамлардың кеўлине жол тапты. Бүгинги күнде Президентимиз тек ғана сөзде айтылып, қағазда жазылып киятырған инсан мәпи түсинигиниң тийкарғы мазмун-мәнисин ашып берди. Адамлардың ғам-тәшўишлери, шешилмеген күнделикли машқалалары ҳәм оларды жедел, мақсетли қарарлар, бағдарламалар орынланыўы менен шешиў елимиздеги абаданлық, тынышлық-татыўлығымыздың өлшемине айланды.

Бүгин ең жақын қоңсымыз да, ең узақ туўысқанымыз да турмысынан разы болып жасап атырғанының гүўасы болмақтамыз. Ҳәр ким өз турмысы сулыў, мазмунлы, дастурханы толы, шаңарағы тыныш-татыў болыўы тек ғана өзине байланыслы екенлигин түсинип жетти. Исбилермен – елге де, шаңарағына да мәдеткер екенине исенди.

Жаңа үйдиң гилтлерин алып жаңа босағадан атлап өтип атырған аталарымыз-аналарымыз ба, ямаса келин-күйеў ме, майыплар арбашасында отырған кеўли өксик бир адам ба ҳәмме-ҳәммеси бул өмирге босқа келмегенин түсинип жетпекте. Пуқараларымыз жақсы жеп-ишип, шырайлы кийинип, той-тамашаларға, саяхатларға барыўы, өмирдиң мазмунына-мазмун қосып өзинен жақсы ат, өшпес из қалдырып жасаў арзыўында.

Әсиресе, барлық ески жайлардың орнына жаңа, миллий жойбарлар тийкарында қурылып атырған сулыў имаратлар, шырайлы ҳәм пайызлы қыябанлар, ҳәттеки аўылларымыздың, мәҳәллелеримиздиң өз-алдына «Абат аўыл» бағдарламалары тийкарында жаңа көриниске ийе болып атырғаны Президентимиз жаратып берип атырған имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.

Буларды Қарақалпақстанда да «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша алып барылып атырған жумысларда көриў мүмкин. Ҳәр бир районда 2 аўылдан, 30 мәҳәлле жыйынлары аймақларында үлкен жаңаланыў, қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Соның ишинде, жеке тәртиптеги 4460 турақ жай оңланған, 36,8 километр пиядалар жоллары абаданластырылған, 1053 көше шырақлары жарқырап тур, 110,6 километр ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды, 305 километр электр тармақлары, 159 трансформаторлар, 122 километр тәбийғый газ тармақлары оңланған. Бүгинги күнде аўылларда 23 бәндирги қурылысы даўам етпекте.

Беруний районындағы «Бийбазар» аўылының көриниси танып болмас дәрежеде өзгерип кеткенин айрықша мысал етиў мүмкин.

– Бизге Өзбекстандай бийтәкирар елде, усындай азат ҳәм абат бахытлы күнлерде жасаў несип еткен екен, – дейди бийбазарлы кем тәмийинленген шаңарақ басшысы Янгибой Хужанов. – Биз әрман ететуғын едик. Енди мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир шаңараққа итибар, ғамқорлық көрсетпекте. Мен бир қарапайым дийқанман. Қыйналып атырған едик. Бүгин бәри орны-орнына түсип кетти. Жайымыз оңланды, – дейди ол миннетдаршылық пенен. Аўылымыз да абат болып, татыў жасап атырмыз.

Оның пикирлерине қосылмаўдың илажы жоқ. Себеби Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тьәмийинлеў, аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў және сол тийкарда халықтың турмыс мәдениятын арттырыў бойынша «Бийбазар» АПЖ да 244 жай оңланды, 7,3 километр аралықтағы ишки жоллар жаңадан қурылды.

Электр тармақлары бойынша 7 километр ҳаўа линиясы, 1 трансформатор пункти жаңадан орнатылды. 240 дана суйытылған газ баллонлары пуқараларға өз ўақтында жеткерип берилмекте.

26-, 57-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң имаратында оңлаў жумыслары алып барылды.

«Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Ҳамза Рўзметов, Роза Ҳайтакова сыяқлы исбилерменлерге жер ажыратып берилип, олардың басламалары менен аўылда жасалма қапламалы стадион, саўда дүканы, автобәндирги ҳәм саўда дүканы, монша ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшаларының қурылыслары да баслап жиберилген.

*   *   *

Презитдентимиз қайсы аймаққа қәдем қойса да бәринен бурын усы аймақ адамларының дәртин тыңлайды, барлық мәмлекетлик бағдарламалар халық тәрепинен айтылған машқалалардың әмелге асыўы ушын дүзилип, кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанынан адамлар разы болып, кеўиллери толмақта.

Ҳәр сапары жаңаланған, көркем, миллий жойбарлардағы көп қабатлы турақ жай имаратлары, мектеп, лицей, медицина мәкемелери, саўда шақапшалары менен XXI әсир көринисине кирген пайтахтымыздың ең абадан көшелерин айланар екенбиз, халқымыздың бул разылығы қаншелли ҳақыйқат, келешекке болған беккем исеним екенин терең түсинемиз.

Мине бүгин қаламыздың А.Досназаров көшесин айландық. Көше басында Нөкис темир жол вокзалы, әтирапындағы гүлзар, фонтанлар, сулыў дем алыў орынлары ҳәм пайызы менен тек ғана жолаўшыларды емес, мийманларды, пуқараларымызды да дем алыў ушын өз қушағына тартады. Бул көшеде жайласқан барлық хызмет көрсетиў шақапшалары заманагөй көриниске кирген. Соқпақлардың әтирапы жолаўшылар өтиўи, жүриўи ушын оғада қолайлы.

Мине көшениң шырайына-шырай болып қосылған сулыў қыябанда Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың саўлатлы бюсти жүзикке қас қойғандай жарасып тур. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жеке өз басламасы ҳәм тапсырмасы менен қарақалпақстанлы қәбилетли балалар ушын 4,7 миллиард сум ажыратылып қурылған, өткен жылы Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында иске түскен бул дәргайда ҳәзир Қарақалпақстанның барлық районларынан келген  216 ең қәбилетли балалар билим алмақта. Олар әдебият, көркем өнер ҳәм басқа да пәнлерден сабақ берип атырған Г.Атаниязова, Г.Хожалепесова, А.Қулымбетова, Қ.Өтениязова, П.Оразбаева, З. Даўлеталиева сыяқлы тәжирийбели меҳрибан устазлар билим бермекте, әдебият, көркем өнер сырларын үйренбекте. Ең тийкарғысы олар белгили шайырымыз И.Юсупов жаратып кеткен дөретиўшилик мектептиң сабақларын оқып, поэзия сырларына қанық болып, өзлери де дөретиўшилик пенен шуғыланбақта.

Бүгин олар бираз тилге, көзге түсип қалды. А.Смайлов, Б.Айтмуратов, А.Қалыбаева, З.Орынбаева, Л.Нурполатова, С.Қайыпназарова, А.Худайбергенова, Г.Жолдасбаева, Ш.Сайымбетов, Д.Шарибаевлар сыяқлы қәбилетли жасларды халқымыз И.Юсупов избасарлары деп, меҳир менен ҳүрметлемекте. И.Юсупов болса, өз әўладына мынадай тилеклер тилеген еди:

Жасыл тоғайлардың саясы сизге,

Теңизде толқынлар намасы сизге,

Дәрья суўларының тазасы сизге,

Бәрин-бәрин сизге арнағым келер

Ҳәй сиз алыс әўлад – бийтаныс урпақ!

Дүньяға келесиз сиз қай ўақ-бир ўақ.

Узақ өтмишлерден сизди улығлап,

Сизге таң сәлемин жоллағым келер!

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстандағы Халық қабыллаўханасына келип түскен мүрәжатлары үйренилгенде 10 мыңнан аслам түрли тараўлар ямаса жеке машқалалар бойынша пикир-усыныслар билдирилгенин көремиз.

Булар әлбетте Қарақалпақстанның социаллық раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе болған мийнет ҳәм бәнтлик, турақ жай алыў ҳәм жай салыў ушын жер ажыратыў, материаллық жәрдем, пенсия тәмийнаты және балалар напақасын алыў, банк-финанс мәселелери, билимлендириў тараўы, суд қарарларының орынланыўы, тәбийғый газ тәмийнаты, денсаўлықты сақлаў, ишки ислер жумысына байланыслы, пуқаралықты қабыл етиў ҳәм пуқаралықтан шығыў, паспорт алыў ҳәм дизимге алыныў мәселелери, абаданластырыў ҳәм коммуналлық хожалық, жолларды оңлаў, электр тәмийинаты, ондағы тийкарсыз қарыздарлық, ишимлик суўы, транспорт ҳәм жолаўшы тасыў хызметлери, исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик жумысы ушын жер алыў машқалалары болып табылады.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл Қарақалпақстанға сапары даўамында қарақалпақ халқының келешеги, халықтың абадан турмысы, тараўлардың раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде белгилеп берген ўазыйпалары, жол-жобалары ҳәм тапсырмалары биз жоқарыда тилге алған халқымыздың тилеклеринен келип шыққанын турмыстың өзи дәлиллеп тур.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда Президентимиздиң барлық тапсырмалары бойынша өткен қысқа ўақыт ишинде бир қатар ири дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып және халықты қыйнап атырған машқалалы мәселелер өз шешимин таўып атырғанынан халқымыз разы болмақта.

Өткен дәўир ишинде болса, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 109,7 процентке, хызметлер көлеми 106,4 процентке өсиўи тәмийинленди. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине жаратып берилген шараят ҳәм жеңилликлердиң нәтийжесинде өткен жылы  – 1648, усы жылдың 6 айында 974 киши бизнес субъектлери жаңадан шөлкемлестирилип, олардың улыўма саны 11623 ке жетти. Өткен 6 ай даўамында санаат тараўында 335, аўыл хожалығы тараўында 681, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўында 1170 жойбар иске түсирилди.

Нөкис қаласында – «Нөкис полимер» ЖШЖ, «Нөкисэлектроаппарат» ЖШЖ жумыс алып бармақта. «SAMSUNG» бренди астында телевизор ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, халықтың социаллық машқалалары да жедел шешилиўиниң барлық илажлары көрилмекте. 40 мектепте, 20 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 9 денсаўлықты сақлаў объектлеринде, 3 балалар спорты объектлеринде қурылыс ҳәм реконструкция, оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Әсиресе, Мойнақ районы халқын орайласқан таза ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша жойбарлаў баҳасы 26,4 миллиард сумды қурайтуғын 101 километр «Қоңырат-Мойнақ» суў қубыры ҳәм суў бөлистириў объекти қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Сондай-ақ, ишимлик суўы тәмийнаты аўыр болған 7 районда «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының қаржылары жәрдеминде 19,1 километр суў қубырлары жаңадан тартылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Нөкис қаласы ҳәм районлардағы 511 көп қабатлы жайларда 16 миллиард сумлық оңлаў жумыслары исленди.

Қарақалпақстан Өзбекстанның ең арқасында жайласқан, өзине тән ықлымы, өзине тән жер, суў машқалалары бар аймақ. Соның ушын да Президентимиз Қарақалпақстанда аграр тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта.

Аўыл хожалығы жер майданларының мелоративлик жағдайын жақсылаў  бойынша 69 гектар жер майданларында алдынғы технология тийкарында жумыс алып барылмақта. Сондай-ақ, 51,5 километр ирригация тармақлары жаңаланды.

Нөкис қаласы орайынан өтетуғын «Дослық» каналының еки жағасының 500 метр аралығын абаданластырыў мақсетинде 2017-жылға белгиленген мәнзилли бағдарлама бойынша 2 миллиард сумлық жумыс исленди. Бүгинги күнде бул орынлар халқымыздың ең сүйикли дем алыў орынларына айланған.

Сондай-ақ, 2018-жылдың өткен дәўири ишинде капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы  тарыўнда да  бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанын көремиз.

Атап айтқанда, Инвестициялық бағдарламаға муўапық мәнзилли бағдарламаларға 57 социаллық тараў объектлери киргизилип, қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Жоқарыда атап өтилген, Инвестициялық бағдарламаға муўапық «Арал бойы регионын раўажландырыў қоры» қаржылары есабындағы 224 объектте үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта.

Соннан: 54 суў тәмийнаты 39 дренаж жумыслары, 77 көп қабатлы жайларды оңлаў, балалар майданшаларын қурыў объектлеринде елатлы пунктлерди абаданластырыў объектлеринде «Бердақ» кинотеатрының қурылыс-оңлаў жумыслары сапалы ҳәм жедел пәтлерде даўам етпекте.

Қарақалпақстанда усы жылы 221 объектте 212,3 километр жолларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў баслап жиберилген.

Халықаралық автомобиль жоллары бойынша 10 объектте жәми 42,4 километр жол бөлегин қайта қурыў жумыслары алып барылмақта.

*   *   *

Бул цифрлар әпиўайы цифрлар емес. Олардың артында абат болған ата-мәканымызды, онда бүгинги күннен разы болып жасап атырған халқымыздың абадан турмысын, жақты ҳәм уллы келешегимиз көринеди. Бул цифрларды уллы дөретиўшилик жумыслардың басланып атырғанынан дәрек берип атырған жақсы, хош хабарлар деп те түсиниўимиз мүмкин.

Қарапайым халықтың тили менен айтқанда «Биз жаңаланған ата мәканда, жаңаша заманға қәдем қойдық».

Ҳақыйқатында да жаңаланған турмысымыз өмиримизди узайтып, кекселерди жасартып, жасларды жетикликке баслап азат ҳәм абат Ўатанымыз болса дүньялар менен теңлесип, ең раўажланған мәмлекетлер менен теңлесип арзыў мақсетлеримизге қанат болмақта.

…. Ҳәр күни жумыстан кейин «Дослық» каналының абат болған еки жағысы адамлар менен толы болады. Олардың арасына бийықтияр қосыламыз. Сәўбетлерин тыңлаймыз:

– Президентимиз Ш.Мирзиёев қандай дана инсан екен, усындай қараўсыз қалған жерлерди жәннетке айландырып қойды. Бул еки жаңа, бос жатқан, кимсесиз майдан еди. Қараң каналдың бойынан есип атырған муздай салқын самал денеңе жағып, кейпиятыңды көтереди, – дейди жасы үлкен анамыз маған қарап. Сиз де суўдың бойында ҳәр күни айланасыз ба!

– Аўа, -деймен кеўлим толып бул ҳаял ҳәм оның жанындағы ақлықлары менен сәлемлесер екенмен…

Олардың қуўанышқа толы бақырыслары, каналдың толқып ағып атырған ағысларына қосылып кетеди. Олар өз кемпир апасын музқаймақ жеўге шақырады..

Булардың қуўанышын көрип, ҳеш өлмей жасағың келеди, – дейди Гүлзийба ана. Қандай бахытлы әўлад булар. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бирин мениң перзентим деп турса, булардың алмайтуғын таўы жоқ…

Ана күлимлейди. Оның жүзинде бахыт нышанын көремен, оның қуўаныштан, тәғдирден разы екенин сеземен.

Қараң, жетпистен ассақ та, еле өзимизди жас келиншеклердей тутамыз. Бизиң елимизде енди кекселик болмаса керек. Кемпирлеримиз жас жаўан- ғаррыларымыз ғыршылдаған жигиттей…

Мен кемпир апаның сөзлерин мақуллайман. Канал бойындағы сулыў тротуар бойларында шырақлар жана баслайды. Реңли фонтанлардан атылып атырған суў жаңа өмир қосықларын айтып атырғандай. Сәўбетимизге нөкисли устаз оқытыўшы Ҳажыбай Эгамбердиев, нураний Жаббар Рўзимовлар қосылады.

Ҳәр сөзинде шүкиршилик, ҳәр сөзинде Президентке миннетдаршылық, жақын әтираптан қосық жаңлай баслайды.

Азат журтым таңларында ашық аспаным бар мениң,

Ашық аспаным астында азат дәўраным бар мениң.

Аўа, ҳақыйқатында да елимиз азат, аспанымыз ашық. Азат дәўранымыздың қуўанышы, адамлардың әрманы, мурат-мақсетимиз елимиздиң раўажланыўы, ертеңги күнин буннан былай да бахытлы көриў, елимизде тынышлық-татыўлық, Ўатанымыз дүньялар ишинде дүнья жаратып гүрлеп раўажланбақта.

Сәлем, саған Ғәрезсизлик! Сәлем саған азат ҳәм абат турмыс! Дүньядағы жолларға теңлескен, елимниң ҳәр соқпағы, саған да сәлем! Бул соқпақлардан елимизге, толып-тасып байлықлар кирип келмекте. Абаданлық, тынышлық, татыўлық, мәңгилик жолы – бул ғәрезсизлик жолы болып табылады. Сәлем ең әзиз, ең уллы байрамымыз, Ғәрезсизлик! Жолларың мәңгиликке тутасып кете берсин!

Гулистан АННАҚИЛИЧЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңеси депутаты,

Сенат ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги.