Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы алдынан Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Атам, анам ҳәм мен спортшы шаңарақ» спорт ойыны жарысы бир неше айдан берли мәҳәллелер, районлар ҳәм аймақлар арасында шөлкемлескенлик жағдайында өткерилип келинбекте.
Оларға республикамыздың 394 мәкан пуқаралар жыйынларынан 11 мыңнан аслам шаңарақ қатнасты ҳәм 6 мыңнан аслам жас өспиримлердиң қатнасыўы тәмийинленди.
15-август күни пайтахтымыздағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (МАНЕЖде) усы жарыстың республикалық басқышы болып өтти.
Онда аймақлық басқышларда жеңимпаз болған Әмиўдәрья, Шоманай, Хожели, Кегейли районынан 30-45 жастағы ата-аналар 10 жастан 14 жасқа шекемги перзентлери менен қатнасты.
– Жарыстың тийкарғы мақсети – республикамызда шаңарақлық спортты және де раўажландырыў, мәдений ҳәм руўхый спорт илажларының нәтийжелилигин арттырыў, ақыл-ойды жетилистиретуғын ойынларды руўхыйлығымыздың бир бөлеги сыпатында қәдирлеў, шаңарақлар, ондағы өсип киятырған жас әўладтың логикалық жақтан ойлаў дәрежесин күшейтиў, миллий ойынлар түрин кең түрде үгит-нәсиятлаў, шаңарақлардың бирлигин тәмийинлеў, олардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыўдан ибарат,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жаслар мәселелери бойынша қәнигеси Е.Мамутов.
Жарыс жуўмағында Шоманай районындағы «Моншақлы» АПЖдан Әметовлар шаңарағы биринши, Әмиўдәрья районындағы «Халимбет» АПЖдан Матназаровлар шаңарағы екинши, Кегейли районындағы «Қумшүңгил» АПЖдан Оразбаев ҳәм Хожели районындағы «Водник» пасёлкасынан Бахиевлар шаңарағы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)