Жиноятчиликнинг барвақт олдини олиш – бош мақсадимиз

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары Кеңеслериниң кеңейтилген бирликтеги мәжилиси болып өтти.

Видеоселектор түринде өткерилген мәжилисте Олий Мажлис палаталары Кеңеслериниң ағзалары, Аймақларда жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша Республикалық комиссияның ҳәм регионаллық жумысшы топарлардың басшылары, ҳуқық қорғаў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери және журналистлер қатнасты.

Олий Мажлис Сенатының баслығы Н.Йўлдошевтың атап өткениндей, ҳәр бир жумыста нызамлылық ҳәм әдалат үстинлигин тәмийинлеў жолындағы әмелий ис-ҳәрекетлер Өзбекстанның тек ғана регион емес, ал пүткил дүньяда жаңаша көринисте ҳәм тийкарғы мәнидеги демократиялық мәмлекет сыпатында көриниўин тәмийинлемекте. Бүгин көп миллетли халқымыз өз-ара татыўлық, дөретиўшилик орталығында ертеңги күнге беккем исеним ҳәм тыныш турмыс ушын шүкираналық сезими менен мийнет етпекте. Бундай емин-еркин ҳәм бахытлы турмыстың ең тийкарғы факторы тынышлық ҳәм парахатшылық болып есапланады. Тек тынышлық болған жерде ғана бахытлы турмыс болады. Тыныш елде ғана жасы үлкен-жасы киши рәҳәтленип жасайды, шаңарақларда қут-берекет болады.

7.JPG

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2018-жылдың 27-июль күни жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы ҳәм бул бағдардағы кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген илаждың күн тәртиби шеңберинде усы жылдың жети айы даўамында жынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў жумысында жол қойылған кемшиликлер ҳәм гезектеги ўазыйпалар, сондай-ақ, «Жынаятқа қарсы гүресиў ҳақыйқаты ҳәм әдалат» системасын әмелиятқа енгизиў тәртип-қағыйдалары додаланды.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте қысқа мүддетте ишки ислер уйымлары структурасы толық жаңаланып, системаны жетилистириўге байланыслы 80 нен аслам нормативлик ҳүжжеттиң қабыл етилгени, ишки ислер уйымларын халыққа еле де жақынластырыў, орынларда ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мақсетинде Ташкент қаласында бар болған күш ҳәм қураллар орынларға қайта бөлистирилгени атап өтилди.

Бурын барлық хызметкерлердиң 60 проценти қала ҳәм район басқармаларында, 40 проценти орынларда жумыс ислеген болса, бүгин олардың 65 проценти халыққа жақын, яғный  мәҳәллелерде хызмет ўазыйпасын атқармақта. Нәтийжеде өткен жылда жынаятлар саны 2016-жылға салыстырғанда 13 мың 720 ға ямаса 16 процентке, быйылғы жылдың алты айында болса 13 мың 599 ға ямаса 39 процентке, жынаят-излеў бағдарындағы жынаятлар саны 38,3 процентке азайғаны атап өтилди.

Бирақ алып барылып атырған кең көлемли жумысларға ҳәм ерисилген белгили нәтийжелерге қарамастан, елимиздеги криминогень жағдайлардың кеўилдегидей емеслиги атап өтилди. Буның себеби жынаятшылықтың тийкарғы тамырын, ең тийкарғы себеплерин анықлаў орнына көбирек оның ақыбетлерин сапластырыў  үстинде жумыс алып барылмақта, жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында елеге шекем ескише ислеў усылынан ўаз кешилмеген.

Айырым аймақларда жынаят-излеў бағдарындағы айырым жынаят түрлериниң саны артып баратырғаны тәшўишли жағдай. Соның ишинде, Әндижан, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана, Жиззақ ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында қастан адам өлтириў, аўыр дене жарақатын жеткериў, басқыншылық, транспорт қуралын алып қашыў жынаятлары көбейген.

Адам өлтириў жынаяты айырым жағдайларда шаңарақ-турмыс ҳәм қоңсышылық пенен байланыслы машқалалар ақыбетинде жүз бермекте. Усы жылдың 7 айында 277 адам өлтириўшилик жынаятының 116 сы ағайинлер, 25и қоңсылар арасында жүз берген.Бул жынаятлардың  95и ерли-зайып, аға-ини, әке-бала арасында жүз берип атырғаны миллий дәстүрлеримизге ҳәм шаңарақлық қәдириятларға улыўма қарсы болып есапланады.

Усы бағдарда аймақларда жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў ушын жуўапкер басшылардың бундай жағдай бойынша түсиндирип бериўлери тыңланды.

11.JPG

Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри П.Бобожонов тараўдағы кемшиликлер, оларды сапластырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

– Ўәлаят, районлардағы секторларда профилактика инспекторлары өзиниң аймағындағы жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте ислемей атырғаны ҳәм бул бағдарда түрли кемшиликлерге жол қойып атырғаны көринип қалмақта,-деди П.Бобожонов. – Егерде профилактика инспекторы ҳәм мәҳәлле белсендилери мәселениң ишине кирип ислегенинде ҳәм тийисли тәртипте таярлықты жолға қойғанында жоқарыдағы сыяқлы машқалалар, жынаятлардың алдын алыў мүмкин болар еди. Жаңа система «Жынаятқа қарсы гүресиў ҳақыйқаты ҳәм әдалат» сүрени астында ислесиў ҳәр бир ишки ислер уйымы хызметкериниң бас мақсетине айланыўы керек. Соның ушын және бир мәрте атап өтемен, егерде ҳәр бир аймақта шөлкемлестирилген сектор ағзалары белсене ислесе, үйме-үй жүрип машқалаларды үйренсе, түрли кеўилсизликлердиң, жынаятлардың алды алынады.

Елимизде жынаятшылықтың ерте алдын алыўға тек мәмлекетлик уйымлар емес, ал жәмийетлик шөлкемлер, кең жәмийетшилик, барлық пуқаралардың жуўапкерлиги, соның ишинде, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес ҳәм оның структураларының жумысы дурыс жолға қойылмаған. Соның ақыбетинде елимиз мәҳәллелериниң дерлик 60 процентинде жынаят исленген. Алып барылып атырған жумысларда избе-изликтиң жетиспей атырғаны көплеген ҳуқықбузарлықлардың тәкирар жүз бериўинде көринбекте. Сол мүнәсибет пенен жынаятшылықтың ерте алдын алыў жумысын буннан былай да жетилистириў, барлық тийисли структуралардың басшылары менен хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи, Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоев бүгинги күнде жаслар арасындағы жынаятлар ҳәм олардың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

-Ҳәр биримиз бир жынаяттың алдын алыўға ҳәрекет еткенимизде жынаятшылық азайған болар еди,-деди Қ.Қуронбоев. Көпшилик пуқаралар жыйынының баслықлары, олардың жаслар бойынша орынбасарлары, районлар ҳәкимлериниң жаслар мәселелери бойынша орынбасары ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжели усылын жақсы түсинип жетпеген. Не ушын жаслар тәрепинен жынаят исленип атыр! Себеби оның руўхый жағдайы айырым турмыслық иркинишлер алдында әззилик етпекте ҳәм нәтийжеде жынаятқа қол урмақта. Сол мақсетте психологлар, жаслар мәселелери менен шуғылланатуғын педагоглар, ишки ислер хызметкерлери менен оқыў семинарларын өткердик. Биз қәнигелерге жынаятлардың келип шығыўы ҳәм жынаятлар ҳаққында фильм қойып беремиз ҳәм айтып беремиз. Олар орынларға шығып, ҳәр бир аймаққа, районға барып, жынаятлардың келип шығыў себеплерин үйренеди. Жынаяттың себеплеринен және бири-бул жумыссызлық. Мәселен, Сурхандәрьяда жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў илажлары тек рәсмиятшылық ушын болған. Шерабадтағы қамақханада жаслар менен сөйлескенимизде жынаятлардың көпшилиги жумыссызлық себепли жүз берип атырғанына гүўа болдық. Егерде биз жасларды руўхый жақтан тәрбияласақ, мәнаўиятын арттырып, жумыс пенен тәмийинлеўге ериссек, мен ойлайман, жынаятлар кескин азаяды.

Мәжилисте Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес басқармасының баслығы, халық билимлендириўи, жоқары ҳәм орта арнаўла билимлендириў министрлери ҳәм басқа да басшы хызметкерлердиң системадағы кемшиликлер ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған илажлар ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Мәжилисте жынаятлардың көпшилиги алкоголь ишимликлерин ишиў нәтийжесинде келип шығатуғыны, сырт еллерде кешки саат 21.00 ден соң алкоголь өнимлериниң сатылмаўы ҳәм бул тәжирийбени елимизде де қолланыў кереклиги додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, мәжилис қатнасыўшылары «Jaslar-keleshegimiz» Мәмлекетлик бағдарламасының әмелге асырылыўын депутатлар ҳәм жәмийетшилик тәрепинен қадағалаў, бул бағдарламаның орынланыўы ушын жуўапкер басшылардың есабатын парламентлик ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде турақлы тыңлап барыў әмелиятын жолға қойыў зәрүрлиги ҳаққында пикир жүргизди.

Мәжилисте қызғын додалаўлардың жуўмағы бойынша Олий Мажлис палаталары Кеңеслериниң бирликтеги қарары қабыл етилип, оның орынланыўы қатаң қадағалаўға алынатуғыны белгиленди.

Д.СУННАТОВ,
ӨзАның хабаршысы