2018-жыл 13-август күни жағдайына муўапық, күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формалары бойынша бакалавриатқа кириў тест сынақлары республиканың 60 жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың 19 филиалларында табыслы жуўмақланды.

 

Соны айрықша атап өтиў керек, тест сынақларын әдил ҳәм ашық-айдын өткериўди тәмийинлеў мақсетинде биринши мәрте:

 

– бириншиден, шахсты идентификациялаў қурылмалары ҳәм бақлаў камералары жәрдеминде үлкен сыйымлылықтағы 57 имаратта 2 сменада өткерилди;

– екиншиден, тест сынақлары UzDigital TV ҳәм жергиликли телеканаллар арқалы ҳәм Test2018.uz Интернет сайтында онлайн тәризде тиккелей сәўлелендирилди;

– үшиншиден, абитуриентлердиң ата-аналары ушын салқын орынларда күтиў орынлары шөлкемлестирилип, тест сынақлары өткерилетуғын аймақта үлкен көлемдеги мониторлар жәрдеминде тест процеслери онлайн тәризде сәўлелендирип барылды.

 

Сондай-ақ, Ишки ислер системасынан 4 963 жеке қурам хызметкери, 1 206 байланыс қуралы, 694 металлодетектор, 289 транспорт қуралы тест сынақлары процесиниң қәўипсиз өтиўи ушын хызмет етти.

 

Күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формалары ушын жоқары оқыў орынларына абитуриентлер тәрепинен 679 979 (2017-жылы – 729 947) арза келип түсти, таңлаў бир орынға орташа есапта 8,2 ни (11,0) қурады.

 

Тест сынақларында қатнасыўшы абитуриентлер саны 622 030 ды қурады. Соның менен бирге, айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарларына 55 812 ҳүжжет тапсырған және жеңилликке ийе болған абитуриентлер саны – 2 137 ни қурайды.

 

Тест сынақларында қатнасқанлардың саны 604 677 ни қурады. Тест сынақларында 17 353 абитуриент қатнаспады, соның ишинде 14 957 си келмеген, 1 340 ы тест орнына кириўде ҳәм 1 056 сы тест ўақтында қағыйдаларды бузғаны ушын тесттен шетлетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.