Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-август күни елимиз экономикасына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мәселесине бағышланған видеселектор мәжилиси өткерилди.
Онда Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери, министрликлер менен ведомстволар, компания ҳәм бирлеспелердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, елимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысының қарары менен өткен айда тикеллей сырт ел инвестицияларының қатнасыўында 64 миллиард долларлық 849 жойбардың дизими қәлиплестирилди. Олардың 456 сын 2018-жылы, 125 ин 2019-жылы, 268 ин келешекте әмелге асырыў белгиленген.
Президентимиз быйылғы жылы 5 миллиард 800 миллион доллар муғдарында тикеллей сырт ел инвестицияларын тартыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Бул бағдарда тәртип-интизамды ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылға белгиленген жойбарларды әмелге асырыў ушын тек ғана Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм тармақ ведомстволарының басшылары емес, ал Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрлер, комитетлердиң баслықлары ҳәм Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери жеке жуўапкер етип бириктирилди.
Мәселен, Өзбекстан Республикасының Бас министри барлық инвестициялық жойбарларға улыўма басшылық етиў менен бирге, 144 жойбар, Бас министрдиң биринши орынбасары 18 жойбар бойынша тикеллей сырт ел инвестицияларын тартыўға басшылық етеди.
Мәжилисте инвестицияларды тартыў бойынша орынлаў нәтийжесиниң қанаатландырарсыз екени атап өтилди. Мәселен, Ташкент қаласында тикеллей сырт ел инвестициялары есабынан орынланыўы режелестирилген жумыслардың көлеми 7 процентке ғана жеткен. Ўәлаятлар кесиминде алатуғын болсақ, мысалы ушын, Хорезмде тикеллей сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы жойбарлардың қуны тек ғана 10 миллион долларды қурайды. Бул елимиз бойынша ең төмен көрсеткиш болып есапланады.
Мәжилисте қайсы басшының қандай инвестициялық жойбарларға жуўапкер екени, олардың қуны ҳәм орынланыў мүддетлери бирме-бир додаланды. Тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў жағдайы бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.
Бас министрдиң орынбасарларына, ҳәкимлер менен тармақлардың басшыларына тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы жойбарларды ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, жаңаларын ислеп шығыўды тәмийинлеў тапсырылды. Бул ушын график тийкарында ҳәр ҳәпте аймақларға шығыў, жойбар интакерлери менен байланыста болыў ҳәм олардың машқалаларын анықлаў, автоматластырылған мониторинг системасын енгизиў, орынларда халықаралық инвестициялық форумларды өткериў зәрүр.
– Жойбарларды әмелге асырыў мониторингин автоматластырылған системаға өткермесек, бул бағдардағы машқалаларды өз ўақтында анықлай алмаймыз. Бул система тиккелей сырт ел инвестициясын киргизип атырған инвесторларға әмелий жәрдемлесиўи, олардың жумысын аңсатластырыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы усы айдың ақырында Жиззақта халықаралық инвестиция форумын ҳәм Товар ислеп шығарыўшылардың миллий көргизбесин өткериў нәзерде тутылып атырғанын атап өтип, усы илажларды жоқары дәрежеде өткериў ушын барлық илажлардың көрилиўи зәрүрлигин атап өтти. Ҳәр бир министрлик, ҳәкимлик ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары өзи жуўапкер болған тармақ, аймақ ҳәм тараў бойынша арнаўлы презентация таярлап, усы форумда көрсетилиўи, елимиздиң сырт елдеги елшиханалары менен ўәкилханаларының бундай әнжуманларға қатнасыў ушын кеминде 4-5 тен потенциаллы инвесторларды табыўы керек.
Мәжилсте жергиликли ҳәкимликлер басшыларының сырт еллерге еткен сапарларының нәтийжелерине де итибар қаратылды.
Бурын берилген тапсырмаға муўапық, Жумысшы топар тәрепинен бул бағдардағы жумыслардың үйренилгени, соның ишинде, Ферғана, Әндижан, Наманган, Хорезм ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында бир қатар системалы машқалалардың анықланғаны атап өтилди. Усы аймақларда фармацевтика, электротехника ҳәм машина қурылысы тараўында кең имканиятлар бар болса да, тийкарынан, қурылыс материаллары ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў, мийўе-овощты қайта ислеў жойбарлары менен шекленилгени сынға алынды. Жоқары технологиялық тармақларға тийкарланған жойбарлар бойынша ҳеш қандай усыныс киргизилмеген.
Көпшилик делегация ағзаларының мақсетли бағдарламасының болмағаны, сырт еллилерге аймақтың экономикалық потенциалы бойынша анық мағлыўматлардың берилмегени, айырым келисимлердиң қағазда қалып атырғаны көретип өтилди. Мәселен, усы жылдың март айында Бельгияға барған Наманган ўәлаяты делегациясының Нарын районында 200 бас қарамалға мөлшерленген шарўашылық комплексин шөлкемлестириў бойынша 3 миллион долларлық жойбар келисимине қол қойылған. Бирақ, арадан 5 ай өткенине қарамастан, оны әмелге асырыў бойынша хеш қандай жумыс басланбаған.
Инвестиция қолай орталықты талап етеди. Елимизде инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў бағдарындағы жумыслар жедел даўам етпекте. Бирақ министрликлер менен ведомстволарда, ҳәкимликлерде бүгинги күн, жақын ҳәм узақ келешекке мөлшерленген инвестициялық стратегия жоқ, яғный интакерлик көзге тасланбай атыр.
Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Сыртқы ислер министрлиги жергиликли делегациялардың сырт еллерге хызмет сапарлары алдынан сапардың мақсети, усыныс етилип атырған жойбарлар ҳәм күтилип атырған әмелий нәтийжелер бойынша презентация өткериў тәртибин енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Хызмет сапарында ерисилген келисимлер бойынша «жол карталары»н ҳәм тармақ графиклерин ислеп шығыў ҳәм қатаң орынлаў, тармақ ҳәм бағдарларды нәзерде тутатуғын Инвестициялық стратегия жойбарын таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА