«Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясы Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы белгиленетуғын күнлери (31-август – 4-сентябрь) республика ишиндеги барлық авиарейслердиң билетлерине шегирмелер жәриялады. Бул ҳаққында МАК баспасөз хызмети хабар берди, деп жазады Gazeta.uz сайты.

Жеке жолаўшылар 30 процентлик, туристлик топарлар (бес ҳәм оннан аслам адам), 6-15 жаслы балалар, колледж, лицейлердиң оқыўшылары ҳәм ЖОО студентлери, ИИМ, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм басқа мәкемелер системасындағы арнаўлы оқыў орынлары тыңлаўшыларына 40 процентлик шегирмелер усынылады.

Еки ҳәм оннан аслам адамнан ибарат шаңарақлар – ерли-зайыплы, күйеўи, ҳаялы ҳәм олардың 18 жасқа толмаған балалары; 18 жасқа толмаған перзентлери болған ата ямаса анна 50 процентлик шегирмеден пайдаланыўы мүмкин.

Пенсионерлер, майыплығы болған адамлар, 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген адамлар, сондай-ақ, Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқан пуқараларға да 50 процентлик шегирмелер усыныс етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги