Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде 14-август күни Өзбекстан менен Япония ҳүкиметлери арасындағы «Кадрлар таярлаў ушын стипендиялар ажыратыў» (JDS) жойбарының быйылғы стипендиантлары менен ушырасыў болып өтти.

Илажда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары У.Бегимқулов ҳәм басқалар елимизде жоқары билимлендириў системасын заман талаплары дәрежесинде түп-тийкарынан жетилистириў, перспективалы жас педагоглар ҳәм илимий кадрлардың сырт елдеги жетекши илимий-билимлендириў мәкемелеринде қәнигелигин арттырыў бағдарында салмақлы жумыслардың исленип атырғаны атап өтилди.

2017-жыл октябрь – 2018-жыл март айларында «Кадрлар таярлаў ушын стпендиялар ажыратыў» (JDS) ) жойбары шеңберинде Японияның жоқары оқыў орынларында магистратурада билим алыў ушын 15 жас кадр сайлап алынды. Бул стипендиантлардың Японияға кетиўи алдынан шөлкемлестирилген илажда жаслардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў ушын кең имканиятлардың жаратылғаны, соның ишинде, Япония менен бул бағдардағы перспективалы жойбарлардың табыслы әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

23.JPG

– Күншығыс елинде билим алыў ҳәм энергетика тараўында қәнигелимди арттырыўды әрман етип жүретуғын едим, – дейди Наўайы ЫЭС цех бөлими баслығы Аслон Аслонов. – Сол мақсетте тараўды еле де терең үйрениўди мақсет еттим. Еки жыл билимимди арттырдым. Мақсетим, келешекте өзим ислеп атырған Наўайы ЫЭСта тармақты раўажландырыў бойынша жумыс жүргизиў.

«Кадрлар таярлаў ушын стипендиялар ажыратыў» (JDS) жойбары 1999-жылдан берли раўажланып атырған еллерде профессионал кадрларды таярлаў мақсетинде енгизилмекте. Ҳәзирге шекем 12 елдиң шеңберинде маман қәнигелер жетистириў ҳәм оларды мәмлекетлик басқарыўға таярлаў бағдарында бирге ислесиў жумыслары әмелге асырылған. Өткен дәўир даўамында өзбекстанлы 310 жас жойбар шеңберинде билим ҳәм қәнигелигин арттырды.

Быйылғы жылы да магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша экономика инфраструктураларын жетилистириў, бизнес тараўы, нызамшылық системасы, денсаўлықты сақлаўды басқарыў бағдарларында таңлап алынған 15 болажақ стипендиант Японияның абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алыў ҳәм қәнигелигин арттырыў ҳуқықын қолға киргизди. Олар 2 жыллық табыслы билимлендириў процесслеринен соң ерискен тәжирийбелерин ҳәм билимлерин елимиздиң ҳәр қыйлы министрликлери ҳәм ведомстволарында қолланып, усы тараўларды раўажландырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы менен Япония арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге үлес қосады.

Дилобар МАМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы