Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сыртқы бөлимине ҳүжжет тапсырған абитуриентлерге бүгин – 15-август күни тестке кириў рухсатнамалары институт бас бинасында (бурынғы Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы колледжи) тарқатылмақта.

Институт қабыллаў комиссиясының берген мағлыўматына қарағанда, сыртқы бөлимниң тест сынақлары 17-18-19-август күнлери болып өтиўи жобаластырылған.

Еслетип өтемиз, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 275 студент – соннан 140 студент қарақалпақ тили топары, 135 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.