Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимов берген мағлыўматларға қарағанда, Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының 5-санлы протоколы тийкарында жәми 276 бағдар бойынша арттырылған төлемли контракт муғдарлары тастыйықланды. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев мәлим етти.
Оған муўапық, ең арзан супер-контракт муғдары 82 млн 935 мың сум болып, 141 бағдарда (51,1%) абитуриентлер усы муғдардағы супер-контрактти төлеп студент болыўы мүмкин.
Ең қымбат супер-контракт болса өткен жылдағыдай ҳуқық тараўы ушын белгиленди – 25 есе! Оған бола, юрист боламан деген, бирақ жеткиликли балл топлай алмаған абитуриентлер биринши жыл ушын 276 млн 450 мың сум төлеп, студент болыўы мүмкин.
Усы сыяқлы супер-контракт ушын 276 бағдарға жәми 11 түрли муғдардағы баҳалар белгиленди.
Еслетип өтемиз, топлаған балы төлемли контракт шеңбериндеги қабыллаў квоталары шегарасына 4 балдан артық балл жетпеген, бирақ ең жоқары балдың 30% тен (56,7 балл) кем болмаған ҳалда, оқыў нийетин билдирген абитуриентлер супер-контрактта оқыўы мүмкин.
Супер-контракт тек ғана биринши оқыў жылы ушын төленеди (әпиўайы контракт суммасы да усының ишинде), кейинги жылларда барлық контрактлер төлеўшилер менен теңдей муғдарда төленеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.