2017-жылдан берли Өзбекстан Республикасында декабр айының екинши екшембиси “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – зүрәәт байрамы” сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Бул күн елимиздиң дийқан ҳәм фермерлери, қыйтақ жер ийелери, илимпазлар және тараўға пүткил жанын бағышлаған жанкүйер хызметкерлерге ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдириў ушын айрықша сәне болып есапланады.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы басшылары, фермер ҳәм дийқан хожалықлары басшыларының қатнасыўында “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Илажда фермер хожалықлары, кластерлер, қыйтақ жер ийелери, тараў илимпазлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри И.Абдураҳмонов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Д.Кайповлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлериниң халқымыздың абаданлығын арттырыўда, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде, мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўында айрықша үлес қосып атырғанлығын атап өтти.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы хызметкерлериниң машақатлы мийнети арқасында быйылғы қыйын сынақлар ҳәм климат шараятларына қарамастан, жоқары нәтийжелерге ерисилди. Бул жетискенликлер дийқан-фермерлеримиздиң, қыйтақ жер ийелериниң жаңа технологияларды өзлестириўде ҳәм алдағы тәжирийбелерди қолланыўда үлкен табысқа ерисип атырғанын көрсетеди.
Сәнеге байланыслы тараў пидайыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илаж даўамында тараўда пидайылық үлгисин көрсетип киятырған 37 ветеран “Илғор фермер”, “Меҳнаткаш деҳқон”, “Намунали томорқачи”, “Аўыл хожалығы пидайысы,” “Суў хожалығы белсендиси,” “Өзбекстан Республикасы шарўашылық пидайысы” сыяқлы көкирек белгилери менен, 6 хызметкер дем алыў орынларына бийпул жолламалар менен сыйлықланды.
Бул сыйлықлар олардың мийнетин тән алыў менен бирге, басқа да дийқан ҳәм фермерлерди де жоқары нәтийжелерге ерисиўге илҳамландыратуғыны сөзсиз.
Аўыл хожалығы – бул тек ғана өним жетистириў емес, ал миллий мийрасымызды ҳәм турмыс тәризимизди раўажландырыўға қаратылған уллы ислерден бири болып есапланады. Сонлықтан, бүгинги илаж тек ғана тараў хызметкерлерин хошаметлеў емес, ал жәмийетте мийнеткеш ҳәм пидайы инсанларға ҳүрмет-итибарды арттырыў жолында да үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, фермерлер ҳәм дийқанлар материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланғанда, олар тәбийий түрде өндирис нәтийжелилигин арттырыўда және де үлкен нәтийжелерге ерисип, жаңа жойбарларды әмелиятқа енгизиў менен биргеликте жоқары исбилерменлик көрсеткишине ийе болады. Бундай илажлар болса, олардың арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестирип, оларға жаңа жетискенликлерге ерисиўде жәрдем береди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери