Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери санаат ҳәм алдыңғы технологиялар министри Султон Аҳмад Ал-Жобир ҳәм энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Муҳаммад Ал-Мазруийден ибарат делегация менен ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм инвестициялық шериклик жойбарларын алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында Султан Ал-Жобир мәмлекетимиз басшысына Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммад Ол Нахаян, мәмлекет Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум ҳәм Вице-президенти Шайх Мансур Ол Нахаянның сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан –БАА көп тәреплемели қатнасықлардың бүгинги жоқары дәрежеси айрықша миннетдаршылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар менен авиақатнаўлар саны артпақта. Бирлескен Араб Әмирликлери жетекши компанияларының қатнасында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳәм перспективалы жойбарлар портфели 20 миллиард долларға жетти.

«Жасыл» энергетика еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары болып хызмет етпекте. Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 500 мегаватт болған самал станциясы иске қосылды- бул жойбар Masdar компаниясы тәрепинен әмелге асырылды.

Улыўма, бул компанияның қатнасыўында соңғы жылларда мәмлекетимизде улыўма қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған электр энергиясын ислеп шығарыў объектлери иске түсирилди.

Энергетика, нефть-газ ҳәм химия тармақлары, таў-кән санааты, суў тәмийнаты, хожалық шығындыларын қайта ислеў ҳәм басқа бағдарларда ири инвестиция жойбарларын тез ўақыт ишинде таярлаў ҳәм әмелге асрырыўға айрықша итибар қаратылды.

Барлық дәрежелердеги нәтийжели сөйлесиўлерди даўам еттириў ҳәм болатуғын жоқары дәрежедеги илажларға пухта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА