13-декабрь күни Евроазия Экономикалық Аўқамы Ҳүкимет басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилис болып өтти.
Әмелий сапар менен Москва қаласында болып турған Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов усы мәжилисте қатнасты.
Сондай-ақ, мәжилисте Россия Федерациясы Ҳүкимет Баслығы М.Мишустин, Беларусь Республикасы Бас министри Р.Головченко, Қазақстан Республикасы Бас министри О.Бектенов, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети баслығы А.Жапаров, Армения Республикасы Бас министри Н.Пашинян, видео мүрәжат арқалы Куба Бас министри М.Круз қатнасты.
Өзбекстан бақлаўшы статусында Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен көп тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени билдирилди.
Быйылғы жылдың он айының жуўмағы бойынша Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы 12 процентке өсти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги