Усы күнлерде Малайзияның Куала-Лумпур қаласында 28-Global Harmonization Working Party – GHWP мәжилиси болып өтпекте. Илажда Өзбекстанның атынан қатнасып атырған Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайының директоры Алишер Темиров «Мәмлекетмизде медициналық буйым ҳәм медициналық техниканың сапасын тәмийинлеўде қадағалаў» темасындағы баянаты менен шығып сөйледи. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканың қәўипсизлигин тәмийинлеўде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетине айрықша итибар қаратты.

Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайы баспасөз хызмети берген мағлыўматында келтирилиўинше, бул әҳмийетли илажда Орайдың GHWPға ағзалыққа қабыл етиў ҳаққындағы сораўы шөлкем ағзалары тәрепинен бир аўыздан мақулланып, Өзбекстан миллий тәртипке салыў уйымы GHWPға толық ағза сыпатында қабыл етилди.

Мағлыўмат ушын, GHWP – бул глобал фармацевтика өнимлери ҳәм медициналық үскенелерди тәртипке салыў тараўындағы халықаралық шөлкем болып, оның мақсети дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелердиң қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеўде глобал стандартларды муўапықластырыў ҳәм оларға әмел етиўди беккемлеў.

Ҳәзирги ўақытта GHWPға дүнья бойлап 30 дан артық мәмлекеттиң фармацевтика ҳәм медицина үскенелерин тәртипке салыў уйымлары ағза болып, олардың қатарында Европа, АҚШ, Япония, Корея, Қытай ҳәм басқа бир қатар мәмлекетлер бар. Өзбекстанның бул шөлкемге ағза болыўы тәртипке салыў тараўында халықаралық стандартларға муўапық ислеў, алдынғы тәжирийбе алмасыў ҳәм машқалаларды биргеликте шешиў имканиятын береди.

Моҳигул Қосимова, ӨзА