Бизге белгили, Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 16-февральдағы «Шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шет тиллеринен миллий сертификат имтиханлары өткерилип келинбекте.
Социаллық тармақларда Агентлик тәрепинен шет тили сертификатлары сатылып атырғаны, таныс-билисшилик арқалы берилип атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалды ҳәм пикирлерге себеп болды.
Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги усы хабар бойынша түсиник берди.
Агентлик шет тилинен сертификат имтиханларын өткериў ҳәм сертификат бериўде қалыслық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўде өз принциплерине садықлығын, ҳәр қандай коррупциялық жағдайларға маўасасыз қатнаста болатуғынын айрықша атап өтти. Жәмийетшилик пенен байланысларда бәрқулла ашықлығын билдиреди.
Сондай-ақ, шет тилин билиў дәрежесин баҳалаў сынағының тыңлап түсиниў ҳәм оқыў бөлимлери инсан факторы қатнасыўысыз толық автоматластырылған тәртипте тексериледи. Жазыў ҳәм сөйлеў бөлимлери ушын берилген жуўапларды тексериў аралықтан электрон платформа арқалы әмелге асырылады ҳәм тексериўши экспертлер күтилмеген ҳалда (рандом) таңланады. Бул тәртип баҳалаўда инсан факторы тәсирин минималластыратуғынын атап өтемиз.
Агентлик жумысының барлық басқышлары, атап айтқанда, сынақлар ҳәм баҳалаў нәтийжелери жәмийетшиликке ашық болып, тийисли тәртипте қадағаланады.
Агентлик тәрепинен шөлкемлестирилип, өткерилип атырған имтиханларда коррупция жағдайлары бақланса яки талабан, олардың ата-аналары усындай жағдайларға гүўа болса, Агентликтиң исеним телефонына, ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиўи соралады. Соның менен бирге, жәмийетшиликтен тастыйықланбаған мағлыўматларды социаллық тармақлар арқалы тарқатпаўы, бул өз гезегинде жуўапкершиликке себеп болатуғыны еслетиледи.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА