Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Саудия-Өзбекстан Исбилерменлер кеңеси баслығы, “ACWA Power” компаниясының баслығы Муҳаммад Абунайян менен ушырасыўында Саудия Арабстанының жетекши компаниялары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда «жасыл энергетика» тараўында стратегиялық инвестор есапланған “ACWA Power” компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып баратырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгинги күнге шекем улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард долларлық 4 жойбар табыслы әмелге асырылған болып, бул жойбарлардың портфели 15 миллиард долларды қурамақта.

Буннан тысқары, бүгин бир қатар биргеликтеги жойбарларды иске қосыў мәресими болып өтти: Бухара ўәлаятында қуўатлығы 500 мегаватт болған 2 самал электр станциясы тармаққа жалғанды, сондай-ақ, Самарқанд ўәлаятында улыўма қуўатлығы 1 гигаватт болған 2 қуяш электр станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында 334 мегаватт қуўатлыққа ийе энергия сақлаў системасы қурылысына старт берилди.

Ушырасыўда энергетика, транспорт ҳәм коммунал инфраструктураны модернизациялаў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы ҳәм басқа әҳмийетли бағдарларда кооперация жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Биргеликтеги Исбилерменлер кеңесиниң жумысы шеңберинде Саудияның жетекши компанияларын мәмлекетимизге тартыў бағдарындағы жумысларды кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА