«Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы Елшиханасының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Өзбекстанның Россия Федерациясындағы Елшиханасының штат кестесине, биринши хаткер – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң ўәкили қосымша лаўазымы киргизилди.

Төмендегилер Ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

— Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы Ишки ислер министрликлери арасындағы өз-ара исеним ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принцип ҳәм нормаларына тийкарланған ҳалда тығыз бирге ислесиўди күшейтиў;

— Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы арасында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелеринде бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша турақлы түрде пуқта исленген әмелий усынысларды таярлаў, сондай-ақ, Өзбекстан пуқараларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплери қорғалыўын тәмийинлеў мәселелеринде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге жәрдемлесиў;

— Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясының Ишки ислер министрликлери ҳәм басқа ҳуқық қорғаў уйымлары арасында шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм, экстремиз, адам саўдасы, нызамсыз миграция ҳәм басқа түрдеги жынаятларға қарсы гүресиў, олардың ашылыўына жәрдемлесиў ҳәм усы бағдарларда оператив мағлыўмат алмасыўды шөлкемлестириў бойынша әмелий бирге ислесиўди күшейтиў;

— Өзбекстан пуқараларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша консуллық функцияларын орынлаўға жәрдемлесиў;

— Өзбекстанның нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жынаятшылық, ҳуқықбузарлық, адам саўдасы ҳәм нызамсыз миграция мәселелери бойынша аўыз-еки, жазба яки электрон түрдеги мүрәжатлерди қабыл етиў ҳәм көрип шығыў.

ӨзА