Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-декабрь күни жаӊа энергетика қуӯатлықларын иске қосыӯ ҳәм гезектегилерин қурыӯға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.
Олар мәмлекетимизде энергетика системасыныӊ турақлылығын арттырыӯ бойынша исленип атырған кеӊ көлемли жумыслардыӊ даӯамы болып есапланады. Өткен жылы декабрь айында 5 қуяш ҳәм 1 самал электр станциясы иске қосылған еди. Мәмлекетимиз басшысыныӊ аймақларға болған сапарларында да көплеген жойбарларға тийкар салынбақта.
Бул гезектеги мәресимде улыӯма баҳасы 7 миллиард доллардан аслам 24 жойбар таярланған. Атап айтқанда, Бухара, Наӯайы, Наманган ҳәм Ташкент ӯәлаятларында дерлик 2,3 мыӊ мегаватт қуӯатлылыққа ийе 5 қуяш ҳәм самал электр станциясы ҳәм 5 жоқары кернеўли подстанция қурып питкерилген. Өзбекстанда биринши мәрте Әндижан ҳәм Ферғанада 300 мегаваттлы энергия сақлаӯ системасы қурылған. Қашқадәрьяда 400 мегаваттлы электр станциясы, Ташкент қаласында заманагөй когенерация қурылмасы, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ӯәлаятларында 4 киши ГЭС таяр ҳалға келтирилген.
Сондай-ақ, Ферғана, Самарқанд, Наӯайы, Ташкент ӯәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында 2,5 мыӊ мегаваттлы 6 электр объекти қурылыў алдында.
Бул жаӊа жойбарлар арқалы келеси жылларда қосымша 9,5 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылып, 2,5 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди, 4,6 миллион тонна зыянлы газлер шығыӯыныӊ алды алынады.
Еӊ әҳмийетлиси, 4 миллионнан аслам шаӊарақ үзликсиз таза энергия менен тәмийинленеди. Бул экономиканыӊ басқа тараӯларында да 4 миллиард долларлық қосымша қун жаратыӯға түртки береди.
Улыӯма, елимизде келеси жылы улыӯма 84 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Бул 2016-жылға салыстырғанда 25 миллиард киловатт саат ямаса 1,5 есеге көп болып есапланады.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, бул жойбарлардыӊ барлығы тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан қурылып атырғанын айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен, Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Түркия, Қытай ҳәм Германия компанияларына, Азия раӯажланыӯ банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раӯажланыӯ банки, Европа тиклениӯ ҳәм раӯажланыӯ банки, Жәҳән банкине бирге ислескени ушын миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимизде жеке меншик секторға кеӊ жол ашылғаны нәтийжесинде соӊғы 5 жылда энергетика тараӯына дерлик 20 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келген. Алдын толық мәмлекеттиӊ қарамағында болған бул системада 24 еркин энергия ислеп шығарыӯшы жумыс баслаған.
Соныӊ ишинде, «жасыл энергетика» тараӯында 3,5 мыӊ мегаваттлы ямаса 10 миллиард киловатт саатқа теӊ 16 ири қуяш ҳәм самал электр қуӯатлықлары иске қосылды. Оныӊ нәтийжесинде быйылғы жылы тармақта «жасыл энергия» үлеси 16 проценттен артты.
Бизге белгили, өткен жылы мәмлекетимиздиӊ жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард долларлық тарийхый шекке жетти. 2030-жылға барып, экономикамыздыӊ көлемин 200 миллиард долларға жеткериӯ мақсет етилген.
Бул келеси 5 жылда елимизде электр энергиясына болған мүтәжликти ҳәзиргиден 1,5 есеге арттырады. Қалаберди, Париж келисими шеӊберинде 2030-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясын 35 процентке азайтыӯ мөлшерленген.
Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы энергетика тараӯындағы гезектеги режелерге тоқтап өтти.
Бириншиден, 2030-жылға шекем және 19 мыӊ мегаватт «жасыл қуӯатлылық»ларды қурып, қайта тикленетуғын энергия үлеси 54 процентке жеткериледи. Атап айтқанда, 2025-жылы, 3,4 мыӊ мегаваттлы 18 қуяш ҳәм самал станциясы, 1,8 мыӊ мегаваттлы сақлаӯ системалары иске қосылады. Соныӊ нәтийжесинде келеси жылы «жасыл энергия» ислеп шығарыӯ көлемлери 12 миллиард киловатт саатқа жетеди.
Сондай-ақ, келеси 2 жылда жеке меншик исбилерменлер менен бирге 2 мыӊнан аслам киши ҳәм микро ГЭСлер қурыӯ бойынша үлкен бағдарлама әмелге асырылады.
Екиншиден, электр энергия базарын еркинлестириӯ бойынша гезектеги қәдемлер қойылады. Атап айтқанда, келеси жылдыӊ ақырына шекем бәсекили саӯдалар арқалы электр энергиясыныӊ көтере саӯдасы жаратылады.
Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти бөлистириӯ тармақларына да енгизилип, оларды модернизациялаӯ ушын 4 миллиард доллар инвестиция тартылады. Бул бағдарда Самарқанд аймақлық электр тармақларын жеке меншик басқарыӯға бериӯ бойынша биринши жойбар ислеп шығылып, халықаралық тендер жәрияланды.
Үшиншиден, «жасыл энергетика» бағдарында регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиӯ кеӊейтиледи. Бул бағдарда биринши әмелий қәдемлер қойылды – «COP29» шеӊберинде Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Саудиялы шериклеримиз бенен «жасыл энергия»ны Европа регионына экспорт етиӯ бойынша келисимге қол қойылды.
Орайлық Азия электр энергиясын ислеп шығарыӯ ушын бир ӯақыттыӊ өзинде қуяш, самал, суӯ сыяқлы тәбийғый ресурслар бойынша үлкен потенциалға ийе. Бул бағдарда регионаллық энергия системасыныӊ турақлылығын тәмийинлеӯ мақсетинде қоӊсы мәмлекетлер менен бирден-бир платформа иске қосылады.
Төртиншиден, «жасыл энергетика» басқа тараӯ ҳәм тармақлардыӊ раӯажланыӯы, халықтыӊ турмыс дәрежеси жақсыланыӯы ушын жаӊа драйверге айланбақта. Атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлер тәрепинен 1 мыӊ мегаваттлы қуяш панеллери орнатылып, жылына 1,5 миллиард киловатт саат электр энергиясы алынбақта. Бундай жумыслар избе-из хошаметленетуғыны, дуал билимлендириӯ тийкарында қәнигелер таярланатуғыны атап өтилди.
– Бүгинги илаж елимиз энергетика тарийхында жаӊа бет ашады. Иске қосылып атырған бул жойбарлар арқалы тек экономикалық өсиӯге ерисип қоймастан, ал келешек әӯладларымыз ушын жасыл ҳәм турақлы Өзбекстанныӊ ғәрезсиз тырнағын жаратамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәресимде Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ энергетика ҳәм инфраструктра министри Суҳайл бина Муҳаммад ал-Мазмурий, Түркия Республикасы энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байрактар, Саудия Арабстаны Патшалығы энергетика министри шахзада Абдлазиз бин Салмон Ол Сауд та шығып сөйледи.
Президент Шавкат Мирзиёев символикалық түймени басып, 18 комплекстиӊ жумысын ҳәм 6 жойбардыӊ қурылысын баслап берди.
ӨзА