Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ўәкиллеринен ибарат Өзбекстан делегациясы Швейцарияның Женева қаласында болып өткен Атмосфера ҳаўасының узақ аралықларда трансшегаралық патасланыўы ҳаққындағы конвенция Атқарыў уйымының 44-сессиясында қатнасты. Конвенция Европа, Арқа Америка ҳәм Орайлық Азияның 50 ден артық мәмлекетин бирлестирип, заманымыздың ең әҳмийетли экологиялық машқалаларынан бири – ҳаўаның трансшегаралық патасланыўын шешиў ушын платформа болып хызмет етеди.
Бүгин адамзат жаңа қәўиплер алдында турғаны сыр емес. Жер шарының халқы көбейиўде даўам етип атыр, тәбийғый ресурслар резерви болса турақлы түрде қысқармақта.
Өзбекстанның сессияда қатнасыўы мәмлекеттиң Конвенцияға қосылыў имканиятларын көрип шығыўға исенимли умтылып атырғанын көрсетеди. Бул қәдем республиканың экологиялық ҳәм экономикалық әҳмийетли бағдарлары, сондай-ақ, «жасыл» экономикаға өтиў бойынша стратегиялық режелерине сәйкес келеди. «Жасыл экономика»ға өтиў болса Өзбекстанға көплеген бонуслар алып келеди. Атап айтқанда, «жасыл» экономикаға өтиў суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳаўаның патасланыўы, тоғайлардың қысқарыўы, жерлердиң деградацияға ушыраўы ҳәм климат өзгериўи сыяқлы экологиялық машқалаларды шешиўде жәрдем береди.
Сессия даўамында Өзбекстан делегациясы тәрепинен миллий экологиялық сиясаттың тийкарғы бағдарлары көрсетилди ҳәм Конвенцияға қосылыў имканиятлары додаланды.
– Ҳаўаның сапасы турақлы раўажланыўдың тийкарғы элементи, – дейди Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң қәнигеси Азиза Шарафова. – Биз Өзбекстан алдында турған экологиялық машқалаларды шешиўде халықаралық тәжирийбени қолланыўдан мәпдармыз. Конвенцияға қосылыў миллий экологиялық басламаларды әмелге асырыў ушын жаңа имканиятлар береди. 2025-жылдың мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланғаны Өзбекстанның қатнасыўы ушын әҳмийетли контекст болып табылады.
Быйылғы жылы Өзбекстан халықаралық илажларда, атап айтқанда, Астана қаласында өткерилген климат ҳәм ҳаўаның сапасы бойынша субрегионаллық семинар ҳәм Парижде болып өткен Конвенция жумысшы топарлары мәжилислеринде белсене қатнасқаны итибарға ылайықлы. Бул бирге ислесиў Өзбекстанға ҳаўаның сапасын мониторинг етиў бойынша алдынғы халықаралық техника ҳәм технологиялар, илимий изертлеўлер ҳәм патасланыў дәрежесин азайтыў қуралларынан пайдаланыў имканиятын беретуғын Конвенцияға қосылыў жолындағы әҳмийетли қәдем.
Атқарыў уйымының 44-сессиясы жуўмағында Өзбекстан Конвенцияға қосылыўы мүмкин болған барлық тәреплерди баҳалаған ҳалда ҳүжжетлер менен ислесиўди даўам етеди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА