Пайтахтымыздағы Халықаралық бизнес орайында тарийхый әҳмийетке ийе болған биринши Өзбекстан-Хорватия бизнес форумы болып өтти. Бул илаждың өткерилиўи еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем деў мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Европа ислери ҳәм сыртқы ислер министрлиги тәрепинен қәлиплестирилген форумда тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, өзбек исбилермен топарлары ҳәм “Apiherbal Ltd”, “Legio Nordica”, “Infobip”, “Podravka”, “Đuro Đaković Montaža-Izolak” сыяқлы 50 ден аслам белгили хорват компаниялары қатнасты.
Форумның ашылыў мәресиминде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Өзбекстан ҳәм Хорватия арасында бирге ислесиўди және де жеделлестириў, Европа базарларына “GSP+” системасы арқалы преференциал кириў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, ол глобал санлы трансформация дәўиринде ресурслар ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Форум шеңберинде сырт елли мийманларға Өзбекстанда исбилерменлик ушын жаратылған қолайлы шараятлар, инвестициялық потенциал, сондай-ақ, санлы технологиялар, билимлендириў, фармацевтика өнимлери, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат ислеп шығарыў тараўларындағы кең имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Соңғы жыллары еки мәмлекет арасында экономика ҳәм салық тараўларында бирге ислесиў байланыслары жедел раўажланбақта. Бүгинги күнде мәмлекетимиз арасындағы саўда айланысы 30 процентке артты. Бул көрсеткишлерди және де арттырыўда бундай форумлар үлкен әҳмийетке ийе.
– Бийтәкирар ҳәм гөззал Ташкент қаласында болып турғанымыздан оғада қуўанышлымыз, – дейди Хорватия Саўда санаат палатасының сырт ел менен бирге ислесиў бойынша директоры Сузана Кнезевич. – Делегациямыз қурамында тек ғана министрлер емес, ал исбилермен топар ўәкиллери де бар. Бүгинги күнге шекем Өзбекстан менен фармацевтика ҳәм азық-аўқат индустриясы тараўларында бирге ислесип келемиз. Бул форум нәтийжесинде бирге ислесиў бағдарларымыз және де кеңейеди. Бул болса еки мәмлекет экономикасы ҳәм саўда тараўларының раўажланыўы ушын әҳмийетли.
Илаж бағдарламасына муўапық, В2В ҳәм B2G форматтағы ушырасыўлар өткерилип, олар арқалы қатнасыўышлар жаңа байланыслар орнатыў, перспективалы биргеликтеги жойбарлар ҳәм саўда келисимлерин әмелге асырыў мәселелерин додалаў имканиятына ийе болды.
Бир сөз бенен айтқанда, бул бизнес форум идеялар ҳәм басламалар алмасыў, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў ушын әҳмийетли платформаға айланды. Форум даўамында ерисилген келисимлер болса Өзбекстан ҳәм Хорватия арасындағы экономикалық қатнасықларды және де раўажландырыўға тийкар болып хызмет етеди.
Гўзал Сатторова, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА