Германиялы сиясий шолыўшы, «Berliner Zeitung» басылымының Геосиясат бөлими басшысы Томас Фасбендердиң сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқов пенен сәўбети

Германияның абырайлы «Berliner Zeitung» басылымында сиясий шолыўшы, басылымның Геосиясат бөлими басшысы Томас Фасбендердиң сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқов пенен сәўбети жәрияланды. «Өзбекстаннан «Жаңа Өзбекстан»ға: Жоғалған қәлбти излеп…» атамасындағы бул мақалада мәмлекетимиздиң жақын өтмиши, бүгини, келешеги ҳәм региондағы сиясий бурылыслар ҳаққында сөз болады. Бул процессте Президент Шавкат Мирзиёевтиң сиясий ерк-ықрары, халықшыл ҳәм миллетсүйийиўшилик сиясаты, сондай-ақ, регион көлеминдеги басламалары ҳәм олардың нәтийжелери талланған.

– Мырза Рафиқов, менде Өзбекстан ҳаққында ненидур жазыў, бул елде болып атырған процесслерди тереңирек түсиниў қызығыўшылығы пайда болғанына бираз болды. Евроазияда жайласқан бул мәмлекетти тек ғана геосиясий емес, ал цивилизациялық көзқарастан да континенттиң орайы деп айтыўға тийкарлар бар.

Мениңше, алыс өтмиште бул үлкеде пайда болған еки уллы раўажланыў – Ислам ояныў дәўири ҳәм Темурийлер ренессансы таратқан мәденият ҳәм илим тек ғана Шығыс халықлары ямаса Ислам дүньясы емес, ал инсаният тарийхы ушын да оғада әҳмийетли еди. Бирақ қүдиретли империялар ҳәм цивилизацияларға бесик болған үлке бир неше әсирлер даўамында жәмийетлик-сиясий ыдыраўшылық гирдабында қалды ҳәм ҳәттеки колониалық азапларды да татып көрди…

Ҳәзир сизден сорамақшы болған нәрсе алыс өтмиш ҳаққында емес, ал бул үлкениң бүгини, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ғәрезсизликтен кейин де өзин оңлап алыўы қыйын болғаны, сиясий элита санасы, әсиресе, жәмийеттиң ой-пикиринде де совет дәўиринен-ақ қәўипли тубалаўшылық ҳүким сүргени ҳаққында болады.

Хош, неге бундай болды? Мәмлекет ғәрезсизликке ерискеннен соң да дерлик шерек әсир, биз сәўбетлесип отырған ҳәзирги күнлерге дейин ески идеологиялық тутымларға «садық» қалды.

Мениң билиўимше, жәмийет де, сиясий элита да өзиниң «ким екенлиги»н концептуаллық жақтан түсинип алыўы, жаңалаўы ушын елеберин екилениўлерге ушырап атырғандай. Оның себебеплери, ғәрезсизлик туйғысы, улыўма миллий кимлик, бул бағдарда халық пенен мәмлекет арасындағы мүнәсибетлер «азатлық таңы»нан кейин қандай болғаны ҳаққында сорамақшыман.

Және бир пикир, белгили статусы ҳәм барлық сиясий атрибутлары бар Өзбекстан Республикасының жанына неге ғәрезсизликтен шерек әсирден көп ўақыт өткеннен соң «Жаңа» анықлаўышы қосып қолланылатуғын болды? Оған қандай зәрүрлик бар еди?

– Көтерилген мәселеге бир аўыз сөз бенен жуўап бериў қыйын. Себеби тема қурамалы: жаңа дүнья илимпазларын ең көп ойландырып атырған, ҳәр қыйлы пикирлерге себеп болып атырған, характерине бола оғада аўыр дискурс – метрополиялар ҳәм колониялар темасы.

Жағымсыз болса да, ҳақыйқат сонда, Қубла менен Арқаны,  Батыс пенен Шығысты байланыстырыўшы ноқатта жайласқан үлкен регион узақ жыллар «шалғайдағы үлке», (тилекке қарсы, ҳәзирги күнде де усылай ойлайтуғынлар бар) сыпатында түсиндирилди. Бирақ ол усындай тәриплеўге ылайықпа?  Әлбетте, бул өз алдына мәселе. Ҳәзир сизиң сораўыңыздан тоқтап өтейик. Анық есимде жоқ: кимдур «инсаният тарийхы урыслар тарийхы» деген еди. Бул сөз маған тек ғана сулыў дүзилиси емес, ал мазмунлы поэтикасы менен де оғада тәсирлендиреди. Оннан келип шығатуғын пикир болса түсиникли: урыслар, басқыншылықлар тарийхтың бир бөлеги екен, демек, ҳүкимранлар ҳәм езилгенлер бәрқулла болады… Жаңа айтқанымдай, жүдә көп илимпазлар тарийхтың мине усы бөлими бойынша бас қатырған, излениўлер алып барған. Солардан бири постколониал изертлеўлердиң тийкарын салыўшысы ҳәм теоретиклериниң бири, келип шығыўы палестиналы (араб христианы) болған АҚШлы илимпаз, Колумбия университетиниң профессоры, Эдвард Вади Саид еди. Ол өзиниң ең белгили мийнети «Ориентализм»-ге Маркстиң «Луи Бонапарттың он сегизинши  брумери» шығармасынан силтеме келтиреди – «Олар өзлерин аңлата алмайды, оларды басқалар танытыўы керек». Ориентализм талапларына бола, Шығыс өзи ҳаққында өзи айта алмайды, өзин-өзи таныта алмайды, таныстыра алмайды, ал басқалардың өзи ҳаққында айтыўына, таныстырыўына, демек, Европа илиминиң жәрдемине мүтәж…

«Ориентализм Шығысты қайта талқылап, Европаға таныстырыў жолында қолланылған қосып алыўшы, өзлестириўши илим тармағы екен, Шығыстың ҳүкимран Европа тәрепинен ийеленип, өзлестирилиў процеси дүньяның әмелий сиясатында оған уқсас басқа бир тармақ еди. Бул орында Шығыс Батысты данышпан сәўбетлесине емес, оның қасында дым үндемей турыўшы «басқа»ға айланды, деп түсиндиреди Саид. Кең мәниде сөз колониал ҳәм постколониал дәўир туўралы болып, изертлеў бизиң жәмийетимиз, ҳәзирги күнге шекемги болған жәмийетлик-сиясий тарийхымызды ҳәр тәреплеме аңлатыўға арзыйды, десек, алжаспаған боламыз.

Евроазияның орайында жайласқан регионымыз, Саид нәзерге алған глобал Батыс ҳәм Шығыс, әсиресе, араб шығысындай теманың орайында болмаса да, мазмун-мәнисине бола, билинер-билинбес «ориенталласқан» еди. Себеби, үлкемиз бир ярым әсир даўамында еки мәрте колониаллықты басынан өткерди… Қалаберди, ҳәзирги күнге шекем бизиң атымыздан да сөйледи, кимлердур бизди әтирапқа таныстырды. Биз де узақ жыллар басқарған күшлер алдында «үндемей отырыўшы» «басқа»ға айландық…

Енди сораўыңыздың биринши бөлимине тоқталсақ. Неге бундай болды?

Оның өзине жараса объектив ҳәм субъектив себеплери бар. Мине, усы тийкарларға бола, көпшилик изертлеўшилер регионымыз, атап айтқанда, Өзбекстанда елеге шекем миллий мәмлекет ҳәм миллет қурыў процесслери даўам етип атырғанын сиңдиреди ҳәм бул пикирдиң келисиўге болатуғын тәреплери де жоқ емес.

Мәниси жағынан өткен әсирдиң биринши ярымында қәлиплестирилген сиясий өзбек миллети өткен дәўирде тарийхы, мәденияты, тили ҳәм басқа да өзликти белгилеўши кодларға ийе миллет сыпатында дүньяға усыныс етилген болса да, колониал шегараларын сиңире алмайды ҳәм бул полисемантикалық мазмунға ийе еди: соның ишинде, совет идеологиясы миллий республикалардағы «өзлик»тиң барлық өзгешеликлерин «улыўма ҳаўаз»ға бойсындырыўға ҳәрекет етти. Бурынғы аўқамның ең гүллеген 70-80-жылларында шамасы жоқары шыңына жеткен «совет адамы» концепциясы Орайлық Азияда пайда болған миллий жәмийетлерди совет космополитизминиң қоспалы арнасына тереңирек салып қойды.

Сиз дурыс түсингениңиздей, биз ғәрезсизликтен кейинги дерлик жигирма бес жылда да бул концепция тәсиринен шығып кете алмадық. Неге? Себеби совет заманының соңында жүз берген «қайта қурыў» ҳәм ғәрезсизликтиң 90-жылларында да даўам еткен жәмийетлик-сиясий өзгерислерди мәмлекет айрықша қәўип, деп қабыллады (сол ўақытларда пайда болған социаллық орталық сиясий ҳәм этникалық жақтан қайта түсиниўге шақырған еди) ҳәм миллий, диний ҳәм сиясий кейпиятлардың барлық көринисин қысқыға алды. Мәмлекетлик социаллық-идеологиялық секторда аўқам заманларындағыдай күшли ҳәм бирден-бир «ойыншы»ға айланды. Бир өзгешелик, ол идеологиясыз еди. Соның менен бирге, 90-жыллардың басында ўаз кешилген коммунистлик идеология диктатының орнын ҳәр қандай жаңа идея ҳәм пикир фобиясы ийелеп алды.

Жәмийетте дин, миллий өзлик ҳәм ең тийкарғысы, тарийхқа болған жаңаша, анығырақ айтқанда, қорқып қараў совет консерватизми концепциясынан да қоспалырақ тәриздеги түсиникти қәлиплестирди. Оның ең қопал түри жәмийеттиң я түркий ямаса исламға байланыслы екенин өжетлик пенен шеклеўде көринди.

Халықтың дерлик 90 процентин этникалық түркий қәўим – өзбеклер ҳәм ислам исенимине әмел етиўши мусылманлар қурайтуғынын регионның ең үлкен мәмлекетинде КИМлик ҳәр қыйлы идеялар (мәселен, Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет)ти әмелге асырыўшы ўатанласлар тулғасын жаратыўда сәўлелене баслады.

Бирақ бул идеялар коммунистлик утопияларға сәйкеслиги, турмыстан узақлығы ҳәм этникалық, ҳәм идеологиялық көзқарастан турмысқа тән емеслиги ушын жәмийетке сиңисип кетпеди. Адамларда бул жәмийетлик-сиясий ҳәрекетке гүман ҳәм исенимсизлик пенен қараў кейпиятын оятты.

Ғәрезсизликтен кейинги миллий мәмлекет ҳәм миллий жәмийет қурыўдың бундай өзине тән консерватив жолы тек ғана ишки сиясий турақлылық емес, ал сыртқы, атап айтқанда, регионаллық сиясат траекториясында да терис бурылыўына, өз қабығына оралып қалыўға алып келди. Биз бир мәмлекет ҳәм миллий жәмийет болып, жан қоңсыларымыздан ажыралып қалдық. Экономика ҳәм социаллық сиясаттағы протекционизм ҳәм ҳәммеге бирдей жатсырап қараў философиясы бизди физикалық жақтан жеккелеп қойды, белгили дәрежеде әззилестирди де. Жақын тарийхымыздағы қоңсыларымызға қарсы алып барған сиясатымыз бизде миллий мәмлекет ҳәм миллет қурыў процесслерин кешикди. Себеби бир тутас тири организм болып есапланған регион турмысы өзгерип атырған бир ўақытта жаңаланыўлардан өзин шетке алыў мәмлекеттиң колониализм идеологиясына сәйкес екенлигин көрсетип берди.

Қулласы, ғәрезсизликтиң 25 жыллық дәўиринде миллий мәмлекет ҳәм миллет қурыў жумысларына қатаң кеўил бөлинбеди. Мине усы, себеплерге бола, көпшилик аналитиклер Өзбекстанда өтиў дәўири әмелге асқан 2016-жыллардың соңында «…Мирзиёевқа аўыр сиясий ҳәм экономикалық мийрас қалды» деген пикирге келгенинде, пүткиллей ҳақ еди…

 

Ең ашынарлысы, сиз айтқандай, геосиясий көзқарастан әҳмийетли ноқат – Евроазияның орайында жайласқан регионның ең ири ҳәм ҳәр тәреплеме тәсир күшине ийе мәмлекети белгили дәрежеде жабық ҳәм дүньядан үзилген мәмлекетке айланып қалды.

Миллий мәмлекет ҳәм миллет қурылысының советлик концепциясында қалып кетиўге ийтермелеген ортодоксал бейимлесиў тек ғана ишки емес, ал регионаллық жақтан бирдейлигине де өз тәсирин көрсетти. Соның ишинде, бул регионда этникалық миллетшиликти «илҳамландырып», жаңадан дүзилген республикаларды бир-биринен жатластырыўға хызмет етти.

Сиз ҳәзир ғәрезсизликтен кейин регион мәмлекетлери  арасында жақынласыўға қарағанда, парадоксал жағдай – бир-биринен узақласыў басланды, деп атырсыз, мен дурыс түсиндим бе?

– Аўа, шама менен солай. Өткен әсирдиң басында бөлип тасланған бир пүтин регион – Түркстан халықлары азатлыққа шыққаннан соң, ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлерге ушырасты. Айырым қапашылық ҳәм наразылықлар қанлы тартысларға да айланып кетти.

Өз-ара тартыстарға алып келген бул факторлар шегаралар, суў, этникалық салмақ таласыўлары себепли жүз берди. Буннан да жаманы, қоңсы мәмлекетлер миллий идеология деп есапланып атырған нәрселердиң сиясийластырғанында көзге тасланды. Оған бола, тарийх та, регионның мәдений мийрасы да улыўма монополластырылды. Кимдур сарказм етип айтқанындай, регионның тарийхы, мәдений мийрасы өз-ара нәпрет тилине  айланып қалды…

Өкинишли тәрепи, бүгин региондағы бес мәмлекетте тарийх пәниниң бес түрли, айырым орынларда бир-бирине улыўма қайшы келетуғын версиялары оқытылмақта. Сонлықтан, олардың өтмиши бир еди. Узақ ўақыт регион жәмийетлеринде миллий мәмлекет ҳәм миллет қурылысы процесслери, әйне, совет усылына сәйкес – бир-бирин жоққа шығарыў жолында өтти деп ойлайман.

Темадан шалғып кеттик, менимше. Биз кимликлер, идеология ҳәм миллий сана ҳаққында айтып атырған едик. Мениң түсиниўимше, кимлик (идентитет)тиң тийкарын тил, мәденият, тарийх, тарийхый яд қурайды.  Дин де  бул бағдарда  әҳмийетли орын тутатуғыны тәбийғый. Улыўма мәнисте қарағанда, идеологиялық вакуум жәмийет ушын да, мәмлекет ушын да қәўетерли болып есапланады. Ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары бизде индивидуализм  белгилери пайда бола баслаған еди. Мәмлекет пенен жәмийет арасындағы социаллық қатнасықта үзилис бақланғандай болды. Жасаў ҳәм күн көриў тәшўиши көбирек индивидтиң жуўапкершилигине түсе баслады. Күнделикли өмиримиздеги турмыслық догмалар өз түсин жойытып, мәмлекет тийкарғы  «бағыў»шылық статусынан узақласты.

Усындай бир ўақытта адамға ерси сезилетуғын советше «теңлик концепти» сапластырылып, тиришилик ҳәр кимниң қәбилетине байланыслы болып қалды. Дәстүрлерге итибар күшейди. Тил, өзлик, тарийх, миллий қәдириятлар ҳаққында көп айтыла баслады. Негизинде, усылардың өзи де қайсы бир мәнисте идеология еди, яғный, социумның өзи өзи ушын жаратқан идеологиясы. Бирақ, өкинишлиси, жәмийеттен шыққан бул баслама – экономикалық либерализм де, индивидуализм ҳәм традиционализм де жыллы күтип алынбады ямаса қайта исленбеди,  бас тартылды; алдын айтқанымдай, сол ўақыттағы сиясий элита буннан қорқты.

Мәселен,  сол жыллары мәмлекет «совет гражданы» екенинен арланып ямаса гүманланып, негизин, өзлигин излеп атырған жәмийеттиң жолын ашық-айдын тосып қойды. Миллий өзлик  сезими, тарийх ҳәм дәстүрлерге көзқарас миллий қәўип-қәтер сыпатында қабыл етилди. Олардыӊ орнына ески дүзимнен қалған гуманистикалық  тоқыма ямаса совет «мәканы»нан алып өтилген қәдириятлар  – «халықлар дослығы», «интернационаллық», «көп миллетли халық» деген түсиниклерге зор  берилди.

Әлбетте, бул ойланған ҳәм тереӊ логикаға тийкарланған илаж еди. Қулап түскен идеология қарабаларында өзин излеп атырған жәмийетти ретрадиционализация – шаӊарақ қәдириятлары, өз қәўими, этносы сыяқлы тарийхый соққы келип шығыўына, мәмлекет «радикал миллетшилик» деп есаплап атырған қәӯиптен қорғап турыӯ керек еди. Биз тилге алып атырған усы қорқыӯ, тилекке қарсы, мәмлекетлик сиясатқа тек турақлы орналасып емес, ал оныӊ «пазыйлети»не айланып кетти.

Жәмийетке әжептәӯир бир идея сиӊдириле баслады. Оған бола, биз коммунистикалық идеологиядан бас тартып, кимлигимизди көрсетип беретуғын этногенез түсиниги, мәденият ҳәм қәдириятлар  дизбеги де шәрт емес. Толық консерватор да, либерал да емеспиз. Бирақ бармыз, ғәрезсизбиз. Суверенитетимизди көрсететуғын халықпыз, байрағымыз ҳәм және бир нәрселеримиз бар…

Бир жәмийетте усындай әжептәӯир, бир-бирин бийкарлаўшы симбиоздыӊ болыӯы мүмкин бе? Айрықша пайда болған бундай дихотомиялық теорияны түсиниӯ қыйын еди: биз либерал жәмийет сыпатында енди совет өтмишиниӊ яды менен жасаймыз ба ямаса миллийликке қарай барамыз ба, ҳәзир қайсы басқыштамыз, биз өзи кимбиз, регионда, дүньяда  тутқан орнымыз қандай, әтираптағылар бизди ким деп атағаны әҳмийетли? Миллий мәмлекет қәлиплестиремиз бе, миллет қурыӯ мәселеси не болады?…

Бул жуӯабы жоқ сораӯлар жәмийетте де, мәмлекет сиясатында да сол сиз айтқан түсиниксиз орталық бар екенлигин аӊлатар еди. Бул көринислер – экономикадағы, ишки ҳәм сыртқы сиясат, руӯхый-ағартыӯшылық турмыс ҳәм адамлар турмысындағы абстракцияны  унамсыз мәнистеги мәмлекетлик протекционизм «азықландырып» туратуғын еди.

Өз қабығына оралып қалыӯ, мәмлекетти барлық «тәсирлер»ден қорғаў ямаса усындай деп ойлаӯ, бүгинги глобалласқан дүньяда абсурд, әлбетте. Бирақ  санап өтилген факторлар қурғақ теория ямаса элитарлық «қарыс» болмай, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысын, оныӊ тәбиятын узақ ӯақыт белгилеп келгени де бар гәп. Сиз  айтып атырған деколониал контексттеги кимлик,  дәстүрлер шынжыры, өтмиш, этникалық қатнас ямаса миллет, миллий мәмлекет түсиниги ҳәм ҳәттеки тарийхый шахсларға көзқарасларымызды да басым режими белгилеп берди. Қаншелли ерси еситилмесин, әйне, усы көзқараслары менен өзин өзи жоққа шығарып атырған социаллық идеологияның «жонылған» сыңарына айланды. Қызық парадокс: бизде рәсмий идеология жоқ, бирақ улыўма орталықтың ҳәр мүйешлеринде ол қалдырған излерди көриў мүмкин еди… Ҳәзир есапқа алыў нәзерден көтерилген басқа тәреплер адамларымыз пикириндеги ойлаў  турғынлығының негизги себеплери  сыпатында бир-бирине орын босатпай келди.

Бизде ҳәзир  миллет, миллий мәмлекет, миллият ҳаққында айтып атырғанлардың көпшилиги романтикалық пикирлейтуғын адамлар. Ең қәўипли тәрепи,  айтып атырған темаларымыз бизде еле ужыбатлы  изертленбеген. Мәселен, глобалласыў көзқарасынан, бүгинги заманагөй дүньяда  биз миллет  дегенде  нени түсиниўимиз керек, миллий мәмлекет бир этносқа тийисли болыўы керек пе ямаса түрли этнослар жыйындысы болған ўатанласлардың қандай да бир аўқамы ма? Идеология, мәмлекеттиң рәсмий идеологиясы ҳаққында да усындай деп айтыў мүмкин.

Бизде бул бағдарда анық көзқарастың өзи болмаған. Буның себеби болса ғәрезсизликте өткен шерек әсирлик дәўирде де сиясий мәденияттың қәлиплеспегенине, туўрысы, оған жол берилмегенине барып тақалады.

– Айтыңшы, сиз ҳәзир ғана айрықша тоқтап өткен 2016-жылдан кейин мәмлекетте, қалаберди, регионда нелер өзгерди? Өзиңиз тилге алған Саидтың силтемесиндеги «итаатгөйликтен» шығыў жүз берди ме? Кейин, сиз алдынғы сораўымның екинши бөлегин естен шығарғандай болдыңыз. Жәмийетте ҳәм социаллық-сиясий турмыста әжеп бир эпитет – «Жаңа Өзбекстан» сөзиниң пайда болыўына себеб неде?

– Ҳақыйқатында да, оған ҳәм руўхый, ҳәм сиясий көзқарастан  мүтәжлик бар еди. Себеби, адамлар да, мәмлекет де енди булай жасаў мүмкин емес екенлигин аңлап атырған еди. Жаңа Өзбекстан анықлаўышы болса усы жолда  мобилизация ямаса перспективадағы жаңаланыўларға сүрен сыяқлы күн тәртибине шықты.

Бул бағдардағы сөйлесиўлеримди Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекет басшысы сыпатында жумыс баслаған дәўирдеги жағдай менен даўам еттирсем дурыс болады, деп ойлайман. Себеби негизги жағдайды тереңрек ашып береди.

Хош, сол ўақыттағы жағдай қандай еди?

Ашығын айтаман, ҳәўес ететуғындай емес еди. Шавкат Мирзиёевтиң басшылыққа келиўи ҳәм глобал, ҳәм регионаллық ҳәм жергиликли кризислер заманына туўра  келди. Атап айтқанда, АҚШ әскерий континентиниң Аўғанстаннан алып шығылыўы, пандемия, еле толық тамамланбаған жәҳән экономикалық кризиси, регионымыздағы ишки ҳәм шегараалды миллий келиспеўшиликлер, жәмийетимизде узық жыллар жыйналып қалған социаллық-экономикалық машқалалар…

Булардың барлығы әдейи күтип турғандай, Шавкат Мирзиёев Президент сыпатында жумыс баслаған ўақытқа туўра келди. Мәселен, буннан дерлик 7-8 жыл алдын региондағы қоңсылар арасындағы  қатнасықлар  қандай болғанын  сиз де жақсы   билесиз. Усындай бир ўақытта  Аўғанстандағы соңы белгисиз болған ўақыялар, әлбетте, жетерли тәшўиш оятты. Буннан тысқары, регионның бөлинип кеткени Орайлық Азия дәрежесинде бирдей пикирлеўди қыйынластырды. Сол ўақытта интеграция ҳаққында ойлаўдын  орнына, қоңсылар арасында қәлеген ўақытта шығыўы мүмкин болған жәнжелди    ҳақыйқатқа жақындай көринетуғын еди.

Әлбетте, қатнасықлардағы бундай турақсыз дусмаллаў әтирапындағы ойыншы үлкен күш орайларының мәпине сәйкес келетуғын еди. Яғный өз-ара татыўлықтың жоқлығы регионды  әззилик батпағында услап туратуғын еди.

– Усы жерде гәпиңизди бөлсем. Себеби, сиз айтып атырған, әйне, дискурс-пикирлерди тыңлап атырып, ойымда бир пикир оянды. Халықаралық сиясий әдебиятларда «Евроазия Балқанлары» деген атама тез-тез ушырайды. Бул   жерде гәп әйне сиз жасап атырған регион ҳаққында барып атырғанын билсеңиз керек?!

-Аўа, алжаспасам, бул атаманы биринши мәрте З.Бжезинский қолланған еди. Ол  өзиниң белгили шығармасы «Уллы шахмат тахтасы»нда бул ҳаққында ҳәр тәреплеме айтқан. Бул тезис өз характерине бола, сиясий шығармадай көринсе де, айыплаў негизсиз болған жоқ. Биздеги жағдай да тап Европа Балқанларындай сиясий ҳәм этникалық келиспеўшиликлер, бир-биринен қапашылықларға тола еди. Өзбекстанның жан қоңсысы Тәжикстан ямаса Қырғызстан  менен сол дәўирдеги қатнасықларын бир еске алың: тәжик лидери Эмомали Раҳман дерлик жигирма жыл Ташкентке қәдемин баспаған еди.  Жедел сиясий өзгерислер болып туратуғын және бир қоңсымыз Қырғызстан менен қатнасықларымыз да буннан жақсы емес еди.

Ҳәмме билген нәрсени жасырып не қыламыз? Биринши ҳәкимият дәўиринде Қырғыстанның алдынғы барлық басшылары менен қатнасықлар ҳеш қашан жақсы болмаған. Әйне, усындай, қазақ туўысқанлар менен де жасырын келиспеўшиликлеримиз бар еди. Бул көбирек регион лидерлигине даўагерлик етиў – «сен зор ма», «мен зор»  сыяқлы улыўма зыянлы «тартысыў» мысалында көринип қалатуғын еди. Бирлесиў ҳаққында үмит еткеннен пайда жоқтай  көринетуғын кейпият болды.

Шавкат Мирзиёев, әне, усындай жәмийетлик-сиясий түскинлик, исенимсизлик дәўиринде Өзбекстан басшысы етип сайланды.

Хош, бундай ўақытта не ислеў керек еди?

Әлбетте, жағдайды дурыс баҳалаў, керек болса, «аттан түсиў» талап етилетуғын еди. Шавкат Миромонович усылай етти. Қоңсылар арасындағы музларды еритиў, олар менен қызғын қатнасықларды қайта тиклеўге киристи. Усы ҳәрекетлердиң нәтийжеси сыпатында, 2018-жылға келип, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт кеңеси жумыс баслады. Структура ярым институционал болса-да, узақ жыллық тыныс  ҳәм өз-ара түсинбеўшиликлерден кейинги бир-бирин аңлаў, пикирди бир жерге жәмлеп алыў ушын оғада әҳмийети – платформа ўазыйпасын атқарды. Мәмлекетлеримиз арасында мәдений-гуманитарлық, экономикалық-сиясий байланыслар тикленди. Ең әҳмийетлиси, регионның жәмийетлик-сиясий турмысында пайда болған унамлы орталық оның бир пүтин бир халықаралық субъект сыпатында турақлы қәлиплесиўин тәмийинлеп берди.

Усы орында менен мырза Бзежинскийдиң болжаўлары өзин ақламады, деп биймәлел айта аламан. Соны да айтыўға ҳақылыман, Шавкат Мирзиёев оның түсинигин белгили дәрежеде «редакторлады». Бүгин Орайлық Азияда бәсекиден гөре, бирге ислесиў, кектен көре, дослық ҳәм туўысқанлық кейпияты ҳүкимран.

Даўа еткенлерим тийкарсыз болмаўы ушын әпиўайы бир мысал келтиремен. Быйыл Парижде болып өткен жазғы Олимпиада ойынларын бәршемиз көрдик. Онда мәмлекетимиз атлетлери жоқары жеңислерди қолға киргизди. Қызық ҳәм өз гезегинде адамды қуўандыратуғын тәрепи усында еди, минберге көтерилген спортшыларымызды қоңсы мәмлекеттеги туўысқанларымыз да биздей қоллап-қуўатлады. Социаллық тармақлар «Жасасын туўысқанларымыз, Орайлық Азия – Түркстан перзентлери ҳеш кимнен кем емес, биз уллы халықпыз» деген жазба қутлықлаўларға толып кетти. Әлбетте, бул регион тарийхы, бүгинги турмысы менен қызығатуғын адамлар, қәнигелердиң итибарынан шетте қалмады. Мысалы, сол күнлери усы ҳәдийсеге россиялы ири илимпаз, Орта Азия мәмлекетлери социаллық антропология изертлеўшиси Сергей Абашин мынадай мүнәсибет билдирди: «2024-жылғы Олимпиада айрықша әҳмийетил ўақыяға айланды. Гендер ҳәм шеберлик темаларын додалаў менен емес, ал, ең дәслеп, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм әсиресе, 8 алтын медалды қолға киргизип, 13-орынды ийелеген Өзбекстан спортшыларының көрсеткен әжайып нәтийжелери менен есте қалатуғын болды (еслетип өтпекшимен, Олимпиада табыслары менен бир қатарда, өзбек шахматшылары да соңғы жыллары жәҳән рейтингинде жоқары орынларды ийелеп киятыр). Спорт тилинде айтқанда, биз Орайлық Азия мәмлекетлери улыўма адамзатлық көлемде танылып атырған ҳәм тән алынып атырған әҳмийетли ойыншыларға айланып баратырғанына ҳәм өз субъектлигин аңлап жетип атырғанына гүўа болмақтамыз. Бул дүньяда ҳәм бурынғы постсовет аймағында ҳақыйқый тарийхый жылжыў болып, еле узақ даўам ететуғын ҳәм әлбетте, тәбийғый процесс болып табылады».

Сизге мағлыўмат ушын және бир мысалды келтирип өтпекшимен. Бул қырғызстанлы қәнигелер өткерген изертлеў менен байланыслы. Оған бола, Қырғызстанда 2016-жылы, яғный Шавкат Мирзиёев Өзбекстан басшылығына келгенге шекем болған дәўирде өткерилген социаллық сораўда қатнасыўшы-респондентлер Өзбекстанды ең дос емес мәмлекетлерден бири, деп есаплаған болса, арадан тек ғана бир жыл өтип, 2017-жылға сораўларда ең жақын дос мәмлекетлерден бири сыпатында атап өтилген.

Және бир статистика:егер 2016-жыл ақырында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы өз-ара саўда көлеми 200 миллион доллардан артпаған болса, 2022-жылға келип, бул көрсеткиш бир неше есеге өсти – қоңсылар менен 1 миллиард 300 миллион долларлық сыртқы саўда әмелге асырылды.

Хабарыңыз болса керек, өзбек ҳәм қырғыз пуқаралары арасында ғәрезсизликтен кейин бир неше мәрте қанлы қарама-қарсылықлар жүз берди. Олар тийкарынан суў, шегара ҳәм этникалық келиспеўшиликлер фонында болғанын жақсы еслеймиз. Әлбетте, бул орында мен мәпдар күшлер ҳәм орайлардың да тәсирин бийкарлай алмайман. Рети келгенде, бир әҳмийетли фактке тоқтап өтпекшимен. Өткен жылы Қырғыз Республикасы басшысы «Азатлық» радиосына берген интервьюинде тиккелей тарийхымыздың сол қара күнлерине ишара еткендей болды. Мине қараң, ол нелер деген еди:

«…Енди ең тийкарғы мәселеге тоқталсам. Өзбек тәрепи солай да Өзбекстанға ағып атырған суўды қайсы усылда алатуғынының бизге парқы бар ма? Қубыр арқалы ма, салма яки ҳаўадан ба – әҳмийети жоқ. Әҳмийетлиси, ҳәр бир ҳәрекет өз-ара келисип алыныўы керек. Буннан берли қырғыз-өзбек дослығы беккем болады. Дослық байланысларымызды Қудайдан басқа ҳеш ким үзе алмайды. Соның ушын да, Жаратқан Ийемнен бәрқулла тыныш жасаўымызды сораўымыз керек».

Регион мәмлекетлери сиясий элиталары, қалаберди, әпиўайы адамлар арасындағы бундай тилеклеслик, беккем сиясий ерк-ықрар қаяқтан пайда болды, деп ойлайсыз?!

 

Пикиримше, усы қысқа мысаллар да 2016-жылдан кейин регионда нелер болғанын көрсетиўге жетеди. Қалаберди, бүгин Өзбекстанның бирде-бир қоңсысы менен шегара бойынша машқаласы жоқ. Өзбекстан қоңсылар менен еки тәреплеме ҳәм түрли структуралар шеңберинде дослық қатнасықларын жолға қойған.

– Бирақ бул шөлкемлердиң көпшилиги дәстүрий – мысалы, ШБШ, ҒМДА, КҚШШға уқсаған узақ жыллық өтмишке ийе институтлар екенин де есапқа алыў керек. Өзбекстан бул шеңберлерде жат емес еди.

– Сизди түсиндим. Егер итибар берсеңиз, Өзбекстан өткен дәўирде исенимли жумыс алып барған сиясий-экономикалық структуралардың аталығы, ҳәтте ашық-айдын айтылмаса да, тийкарынан әтирапымыздағы күш орайларының қолында еди. Олардың тәсир ғыжақлары да, идеологиялық мүддәҳәлери де дерлик анық сезилип туратуғын еди. Жаңа дәўирге келип болса Өзбекстанның сыртқы сиясат векторлары рәңбәрең түс алды. Еле сиз бенен сөйлескенимиз, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўлары, «5+1» деп аталатуғын форматтағы платформаның пайда болыўы тиккелей Өзбекстандағы сиясаттың өзгергени себепли жүз берди десем шынлықты айтқан боламан. Регионның сыртқы сиясатындағы усы жаңаланыўлар Орайлық Азия дәрежесинде улыўма пикирлеў тәжирийбесиниң пайда болыўына алып келди.

Бүгин сиясатшылар ҳәм ҳәттеки мәмлекетлеримиз басшылары шығып сөйлеген сөзлеринде тез-тез ушырап атырған регионаллық «ким»лик (идентитет) түсинигиниң күн тәртибине келиўин, тарийхый ҳәдийсе деп ойлайман. Мәниси жағынан бул концепт өткен әсирдиң 20-жылларында жадид бабаларымыздың ерк-ықрары менен дүньяға келген, бирақ тез тосқынлыққа ушыраған Түркстан идеясының астарлы мәниси…

Буннан тысқары, 2019-жыл Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ)ға ағза болыўы да регион, қалабаерди, шөлкем күн тәртибин өзгертти, статусын жоқарылатты. Ийни келгенде айтыўым керек, Өзбекстан бир әсирлик тарийхында дәслепки мәрте өзиниң түркий этносқа тийисли екенин рәсмий жәриялады. Бул мысал да сиз айтқан сол, мәмлекеттиң, жәмийеттиң «ким»сизлиги ҳаққындағы сораўыңызға жуўап болыўы мүмкин.

– Дурыс, регионның векторлар мәселесиндеги сиз санап өткен дерлик барлық қәдемлер қоңсы мәмлекетлер арасындағы жыллы қатнасты тәмийинлеўге, қалаберди, интеграциялық кейпиятты исенимли етиўге хызмет етеди. Бирақ, бул жерде есаптан тысқары жағдайлар да бар. Мысалы, сиз регионаллық яки түркстанша «ким»ликке илҳамландырыўшы, деп атап атырған ТМШда Орайлық Азиядағы бесинши бир мәмлекет – парсы тилли Тәжикстан қатнаспайды.

– Оғада орынлы мәселени көтердиңиз.

Ҳақыйқатында, бүгинге шекем усындай. Буған не себеп екенин де билемиз. Әлбетте, улыўма тарийх, мәденият бул бағдарда әҳмийетли тийкар екенлигинен көз жумып болмайды. Бирақ, ағзалар жақсы түсингип атыр, бүгинги глобал дүньяда жумыс перспективасын этникалық тийкарлар ямаса мәзи бир миллетшилик әтирапына көрип болмайды. Енди түркий интеграцияның картадағы жайласыўына нәзер салсақ, түркий дүнья ҳәм түркий мәмлекетлер Евроазияның орта зонасында жайласқанын көремиз. Ата-бабаларымыз пүткил тарийх даўамында халықлар ҳәм мәмлекетлерди бир-бири менен байланыстырыўшы миссияны атқарып келген. Уллы жипек жолы регион арқалы өткен, бул жерде пайда болған мәмлекетлер, империялар Батыс Европа менен Қытайды, Арқа менен Қубланы өз-ара бирлестирип турған. Ҳеш шубҳасыз, усы мийрасқа Тәжикстан да тиккелей байланыслы. Тәжикстан тил жағынан парсы болғаны менен улыўма тарийх ҳәм мәденият көзқарасынанн регион халықларының ажыралмас бөлеги болып табылады. Қалаберди, олар тек қана тарийх емес, ал мәдений-ағартыўшылық мозаика, қәдириятлар шынжыры тәрепинен де (атап айтқанда, диний мотивлер көзқарасынан) парсы тилли Иранға емес, бизге жақын. Ҳәм және егер ағзалық тек ғана тилге тийкарланатуғын болса, бүгин шөлкемниң жедел бақлаўшысы венгерлер тили де түркий емес, фин-угор тиллери семьясына тийисли екенин есапқа алыў керек болады. Қулласы, менде қандайда бир беккем исеним бар, Тәжикстан бул шөлкемге (ҳеш болмағанда, бақлаўшы статусында) мирәт етилсе, әйне контексттеги бирлик мәселеси пүтин болар еди. Әлбетте, бул мениң жеке пикирим.

– Тап қубла тәрепиңиздеги Аўғанстан-ше, ол да географиялық орналасыўына, этникалық ҳәм мәдений компонентлерине бола буған ҳақылы емес пе?

– Дурыс, бүгинги геосиясий өлшемлерге бола, Аўғанстан регионның бир бөлими. Географиялық тийислиликтен бөлек, бул жерде үлкен абырайлы түркий халықлар да жасайды. Қалаберди, бул мәмлекеттиң мәлим бир бөлеги (бүгинги Аўғанстанның арқа тәрепи) тарийхта Қубла Түркстан деп те аталған. Усы көзқарастан ҳәм қалаберди, регионның көп векторлы сыртқы сиясатын белгилеў ушын да қубладағы бул қоңсы мәмлекет оғада әҳмийетли, деп ойлайман. Себеби, бул мәмлекеттиң аймағын кесип өтетуғын жол бизди глобал теңиз портына алып шығады.

Нәзеримде, регион мәселесинде керегинше сөйледим. Енди рухсат берсеңиз, тиккелей мәмлекетимиз – Өзбекстанның социаллық-сиясий, мәдений-идеологиялық турмысында жүз берген бурылысларға тоқтап өтсек. Бул өзгерислер сиз маған қайта-қайта еслетип атырған «Жаңа» анықлаўышын және де тереңирек ашып береди.

Ең дәслеп, соны айрықша атап өтиў керек, 2016-жылдан кейин Өзбекстанның сиясий тили өзгерди. Бул сәўбет басында айтқаным – өзликти таныў, кең мәнистеги идентитент – кимликти «излеў»ден басланады, нәзеримде. Бир ойлап көрип, мәмлекеттиң рәсмий тәризде өзин көрсететуғын, ийеменлигин тастыйықлайтуғын бәрше белгилери – байрақ, герб, гимн, пул, армия, шегаралары бар, бирақ, оларға қосымша және қандайда бир жетиспеўшилик бардай еди. Көз алдыңызға келтириң, ҳәмме нәрсе бар, бирақ олар ҳәш нәрсени өзгертпегендей көзқарас оятады… Бизде тап сондай еди. Ҳәм бул түскин кейпият, мәнисине көре, бизди Саид теориясы (Ориентализм)на жақынластырып туратуғын еди. Аўа, түсинип турғаныңыздай, Өзбекстанның мәмлекет сыпатында миллий «ким»лигинен бөлек ҳәмме нәрсеси бар еди. Оның қәлби – өзлиги жоқ еди. Ол бир әсирден артық ўақыт алдын «суўырып» алынған қәлбин излеп атырған, онысыз өзин тамамланбаған ҳәм пүтин емес сезип атырған еди. Мен гөззал шайырымыз, уллы жадид, Сталин репрессиясы қурбаны Абдурауф Фитраттың бир заманлар «Эй, уллы Туран, арысланлар үлкеси, саған не болды?…» деп отлы сазасын бүгин жақсы түсинемен: ол қәлбсиз қалған Ўатанының, Миллетиниң, кең мәнисте айтқанда, қәлби суўырып алынған миллет ғәрезли яки дөгерегиндеги «өзге» бола ма, жоқ па? Мен сөзимниң алдында Саид ҳәм оның теориясы – «Ориентализм» туўралы соның ушын айтқан едим.

Жеке көз қарасларыма бола, Шавкат Мирзиёев буны алдыннан терең аңлаған. Неликтен, ол басшылық орынға келип еркинликтиң дерлик 26 жыл даўамында айта алмаған, ҳәттеки, айырым қадаған етилген темаларды ортаға алып шықты.

Түркий халықлардың уллы бабасы Билге Қаған битиклеринен сиясий текстлерге силтемелер алынды, минберлерден айтылды. Ең таң қалдыратуғыны , бизиң идеологиялық байрамымыз болатуын Ғәрезсизлик байрамларында жазылғанынан берли табу «Гөззал Түркстан» қосығы айтылды. Фитрат жүдә көп тилге алынды. Колониаллық дәўирде репрессияға ушыраған жүзлеп миллет зиялылары, соның ишиде, усы ўақытқа шекем бизге «баспашы» деп үйретип келинген миллий ҳәрекет ағзалары Жоқары суд тәрепинен ақланды.Ташкентте жадидлердиң илимий мийрасына бағышланған халықаралық конференция шөлкемлестирилди. Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан тарийхында биринши рет БМШ минберинен турып, өзбек тилинде сөйледи…. Мәмлекетте диний, сиясий, ҳәм сөз еркинлигине жол берилди. «Қара дизим» лер, ең тийкарғысы, Өзбекстанды жер жүзине еркинликтен кейин де алдыңғы заманлардағыдай көрсетип туратуғын пахта монокультурасы, мәжбүрий, әсиресе, балалар мийнетинен ўаз кешилди. Пүткил жер жүзине белгили болған, сиясий ҳәм диний тутқынлар сақланатуғын Қарақалпақстанның «Барса келмес»индеги «Жаслық» қамақханасы жабылды…

Бул санағанларым шын мәнисинде бүгинги Өзбекстанды кешегисинен парықлаўға хызмет етти. Қалаберсе, академиялық қөзқарастан айтатуғын болсақ, жүдә тыныш ҳәм артықша шаўқымларсыз әмелге асырылған бул ҳәрекетлерди мәмлекет ҳәм жәмийеттиң миллий өзлигине болған умтылыўы, колониал ҳәм колониал емес басымлардан қашыў, деп талқыласақ дурыс болады.

Мен Шавкат Мирзиёев дәўиринде жәмийетти жаңалаў, совет тутымларынан  ўаз кешиў процесслерин жеделлестириў бойынша кең көлемли жумыслар исленди, деп айта аламан. Келиң, сизге жәмийетлик-сиясий әҳмийетке ийе болған және бир мысалды келтиремен.

Совет заманында барлық аўқамлас республикалар пайтахтлар қатары Ташкент орайында да (Бас майдан) бар еди. «Ленин майданы», деп аталатуғын бул жерде қызыл  көсемниң саўлатлы постаментке орнатылған бийик ескерткиши бой тиклеп туратуғын еди. Ғәрезликтен кейин пролетариат атасының бронзадан қойылған ескерткиши «жығылтылды». Майдан болса дерлик сол турысында қалды. Тек ғана Ленинниң орнын босатқан сол постаментте енди жер шарының макети пайда болды. Глобус орайына билинер-билинбес болып тартылған жийек ишине «Өзбекстан» деп жазып қойылды ҳәм орын атамасынан Ленин алынып, ғәрезсизлик сөзи қосып қойылды. Усылай етип, бул орын «Ғәрезсизлик майданы» на айланды. Аңлап өткенимиздей, еркинлигимиздиң мазмуны усы еди, тек…

Жаңа Өзбекстанда бул мәселеге  қатаң  қөзқарас пенен қарады. Сол жер бийкар етилмеген ҳалда, пайтахт жанында «Жаңа Өзбекстан» бағы қурылды. Орны келгенде айтайын, айрымлары «бизде Ғәрезсизлик майданы бар еди, және бир ғана усындай комплекс болама?» деген абыржы ойға барды. Бирақ бул қәте пикир еди. Әсиресе, идеялық көзқарастан. Ғәрезсизлик майданы, ҳәзир айтқанымдай, алдыңғы  Ленин майданы орнында пайда болған еди.

Ҳәттеки оның көркем ландшафтында –сүўретлеў усылында да кескин миллийлестирилген толық идеология жоқ еди. Қалаберсе, ол мазмун көзқарасынан оғада шегараланған еди. Алдын ала сол ески постамент орайына Өзбекстан сөзи жазылған жер шарының макети орнатылды. Бул мәниси бойынша жер жүзинде усындай бир жаңа мәмлекет пайда болғанын аңлататуғын еди. Қалаберсе, кишипейиллик ҳәм сезилерли гуман аралас бизиң еркинлигимизди аңлатыўға бағдарланғандай еди, менимше. Бирақ мың жыллық тарийхқа ийе уллы миллетимиз тек ғана ғәрезсизликте жасаған емес, ал оның жоқарыда айтып өткенимиздей, жер жүзи халықлары ҳәўес ететуғын даңқлы өтмиши, өлмес қаҳарманлары, олар көрсеткен теңсиз мәртликлер, уллы ҳәм тәкирарланбас мәденияты бар.

Шавкат Миромонович усы паркти қурыўды ойлағанда, тап усы мотивти нәзерде тутқан еди. Бүгин дүньяның ҳәр бир шетинен келген мийманлар, туристлер, сиясатшы мәмлекет басшылары барып көретуғын Баслы майданымызда сәўлелендирилген тарийх тек ғана мәмлекетимиз емес, ал регионымыздың улыўма өтмишин, мәдениятын да қамтып алады, десем, алжаспаған боламан.

Тийкарынан алғанда, регионда улыўма кимлик-идентитетти  анықлаў, бул мәмлекетлерде жасап атырған адамлар өзине қандай тәрийп берип атырғаны ҳәм кимлигин нелерге тийкарланып айтып атырғаны жүдә әҳмийетли.

Усы мәнистен алып айтқанда, бүгин тек ғана экономикалық-сиясий емес,ал мәдений-гуманитарлық тараўларда өтип атырған жақынласыў мың жыллардан берли қоңсы жасап киятырған халықлардың бир-бирин түсиниўи, татыўлық жақтан, бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўде әҳмийетли роль ойнайды. Әсиресе, «Жаңа Өзбекстан парки» сыяқлы глобал жойбарлар өзиниң терең мазмуны ҳәм шынлығы, регион халықлары итибарын бир жерге жәмлеўи менен оғада әҳмийетли болыўы мүмкин. Бундай ири идеялар биз ушын бүгин жүдә керек.

Сораўларыңыздың ҳеш бири нәзерден шетте қалмады, деп ойлайман.

-Рахмет! Және бир сораўым бар. Ҳәмме көрип турыпты, бүгин Орайлық Азия әтирапындағы геосиясий жағдай өзгермекте. Бул регионда жаңа акторлар пайда болып атырғанын да аңлатады. Тәбийғый, бул жағдай еки локоматив мәмлекет –Өзбекстан ҳәм Қазақстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында қолайсызлықты келтирип шығарыўы мүмкин. Мысалы, қайсы бир күш экономикалық мәплерин гөзлеп басым етсе, басқа бири идеологиялық-сиясий көзқарастан бул мәмлекетлерди геосиясий объект статусында услап турыўға урынады. Айтыңшы қәне, Өзбекстанға усындай басымлар болса, әмелдеги ҳүкимет –Президент Мирзиёев қайсы глобал күш тәрепинде болыўы мүмкин?

– Жүдә қызық, Президентимиз  тап усы бағдарда сораўлар болыўын билгендей, өз баянатларында бул ҳаққында анық ҳәм қысқа тоқтап өткен. Мысалы, 2023-жыл 22-декабрьде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилисинде Шавкат Миромонович былай деген еди:

«Бүгин дүнья көлеминде  раўажланыў пәтлери  мисли көрилмеген дәрежеде күшли түс алмақта. Ҳәзирги ўақытта әзелий қәдириятлар, социаллық-сиясий көз қараслар системасында терең трансформация процесслери жүз бермекте. Алдыңғы өзиниң мақсет ҳәм мәплерин тийкарынан дипломатия ҳәм сиясат пенен қорғап келген дүньядағы қүдиретли орайлар енди ашықтан-ашық басым өткериў, қарама-қарсылық ҳәм соқлығысыўлар жолына өткенине ҳәммемиз гүўамыз».

Тап сол жылы Сурхандәрья ўәлаятындағы ушырасыўда шығып сөйлеген сөзинде болса сиз сораған сораўдың әйне өзине жуўап берген екен. Мине, мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында нелер деген:

«Ҳәзир үлкен-үлкен мәмлекетлер:

«Өзбекстан, сен ким тәрептесең. Болды енди, нейтрал болып жүргениң болар, я  сол тәрепке өт, болмаса бул тәрепке өт», деп қатты-қатты айтып, ўәкиллери де келип, усындай шақырық етип атыр. «Орта Азияда Өзбекстан бизге керек, 36 миллион болды, 3-4 жылда 40 миллион болады, үлкен мәмлекет болады, ким тәрепсең?» деп атыр. Қараң усындай аўыр сораўға қандай жуўап бериў керек? Жуўап биреў: бир тәрептемен, миллетим, халқым, уллы Өзбекстанымның мәпи ушын өлиўге де таярман, деп жуўап беремен.

Сиз берген сораўға буннан да анық ҳәм қысқа жуўап бериў мүмкинбе?!

Рахмет, шынлығы, сәўбетимизден  айрықша заўық алдым. Мен қызыққан мәмлекет ҳаққында, оның кешеги ҳәм бүгинги өмири ҳәм тарийхы ҳаққында көп нәрселерди билип алдым. Әсиресе, маған «Жоғалтылған қәлб» туўралы түсиндириўиңиз оғада унады. Ҳақыйқатында да, қәлбтиң жоғалыўы мәнәўий ғәрезсизлилик, қуллықтың өзи екенин ҳеш ойлап көрмеген екенмен. Еситкенлеримнен усындай жуўмақ шығардым, бүгин Өзбекстан өз идентиклигин, өз «мен»ин яки сиздиң сөзиңиз бенен айтқанда, өз «қәлби»н тапқан. Сизиң пикирлериңизди дурыс түсиндим деп ойлайман.

-Аўа пүткиллей дурыс! Сизге және бир рет үлкен рахмет!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги