Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли Татьяна Акбаровна!
Әзиз мийманлар!
Бүгин сизлер менен гөззал Ташкенттиң теберик орны-Ақсарай резиденциясы алдында әҳмийетли тарийхый ўақыя мүнәсибети менен жыйналып турмыз.
Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тийкарын салыўшы, Өзбекистанның Биринши Президенти ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевичтиң естелигине бағышланып қәд көтерген ҳәйкелдиң ашылыў мәресиминде қатнаспақтамыз.
Ислам Әбдиғаниевич пүткил өмирин әзиз Өзбекистанымыз ушын, оның азатлығы ҳәм уллы келешеги ушын бағышлады.
Ислам аға тарийхымыздың ең қыйын ҳәм аўыр дәўиринде-миллетлераралық қарама-қарсылықлар ҳәўиж алған, экономика терең дағдарысқа ушырап, республикамыз жар жағасына келип қалған кескин және қәўетерли бир шараятта елимизге басшылық етиў жуўапкершилигин өз мойнына алды.
Ўатанымыз тарийхында жаңа дәўир басланған күн-1991-жыл 31-августта Ислам Әбдиғаниевич Өзбекистанның ғәрезсизлигин жәриялады ҳәм шерек әсир даўамында мәмлекетимизди избе-излик пенен ҳәм исенимли қәдем менен басқарды.
Биринши Президентимиздиң басшылығы астында тарийхый қысқа дәўирде елимизде кең көлемли структуралық реформалар әмелге асырылды. Жоқары технологияларға тийкарланған жаңа санаат тармақлары қурылып, раўажландырылды. Заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктуралары қурылды. Аўыл хожалығында терең реформалар әмелге асырылды.
Ислам Әбдиғаниевичтиң басшылығында Ўатанымыздың ғәрезсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш-татыў турмысын исенимли қорғаўға уқыплы болған заманагөй миллий армия дүзилди.
Уллы Елбасшымыздың басламасы менен елимизде руўхый қәдриятларымызды тиклеў, муқаддес динимизди, үрп-әдетлеримизди, бийбаҳа тарийхый мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.
Ислам Әбдиғаниевич өз өмириниң ҳәм жумысының мазмуны болған «Бизден азат ҳәм аббат Ўатан қалсын!» деген ийгиликли идеяны алға қойды ҳәм бул шақырық бәршемиздиң кеўлимизден терең орын ийеледи.
Ол инсан «Елим деп, журтым деп, жанып жасаў керек» деген өзиниң идеясына бир өмир әмел етип, келешек әўладлар ушын уллы ибрат мектебин жаратты.
Ислам аға миллеттиң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында ана халқын гөззал ҳәм бийтәкирар Өзбекистанды жанынан да артық сүйетуғын, оның мәплерин қорғаў және жүзеге шығарыўды өз өмириниң бас мақсети, деп билетуғын еди.
Өз гезегинде, халқымыз да бәрқулла ел-журт тәшўиши менен жасаған Биринши Президентимизди шексиз меҳир менен сүйетуғын ҳәм өзиниң уллы басшысы сыпатында ол инсан менен ҳақылы түрде мақтанатуғын еди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Биринши Президентимиздиң естелигин мәңгилестириў ушын халқымыздың, кең жәмийетшилигимиздиң тилек-өтинишлерин, усынысларын инабатқа алып әмелге асырып атырған ислеримиз, бәршеңизге жақсы белгили, деп ойлайман.
Ташкент қаласындағы халықаралық аэропорт, Ташкент мәмлекетлик техника университети, Асака автомобиль заводы, Ферғана қаласындағы Көркем өнер сарайы, пайтахтымыздағы ҳәм аймақларымыздағы орайлық көшелер, Ақсарай резиденциясында өз жумысын баслаған илимий- ағартыўшылық естелик комплекси, арнаўлы қайырқомлық жәмийетлик фонды Ислам Әбдиғаниевичтиң мүбәрек аты менен аталады.
2-сентябрь күни қайырлы ислеримиздиң даўамы сыпатында Ислам Әбдиғаниевич туўылып өскен, жерленген уллы Самарқанд қаласында Елбасшымыздың ҳәйкелиниң ашылыўына бағышланған мәресим өткериледи.
Сондай-ақ, Қаршы қаласында ҳәйкел орнатыў ҳәм Самарқанд қаласында естелик комплексин қурыў бойынша баслаған жумысларымызды толық жуўмақлап, ол инсанның туўылған күнине 80 жыл толатуғын сәне-2018-жыл 30-январьда салтанатлы ашылыў мәресимин өткеремиз.
Ҳүрметли дослар!
Биринши Президентимиз өмириниң ең белсенди ҳәм толып-тасқан пайытын- студентликтен баслап өмириниң ақырына шекемги дәўирин гөззал Ташкент қаласында өткерди. Өзиниң бар билимин ҳәм имканиятын, күш-жигерин Өзбекистанымыздың барлық аймақлары қатарында пайтахтымыздың және де абат ҳәм көркем болыўына, гүллеп-жаснаўына бағышлады.
Ислам Әбдиғаниевич Ташкентти Ўатанымыздың алдын босағасы, деп атайтуғын еди.
Ол инсанның «Ташкенттиң тымсалында Өзбекистанды, Өзбекистанның тымсалында Ташкентти көремиз» деген терең мәнили сөзлерин усы бүгинги тарийхый күнде және бир рет еске алыў орынлы, деп ойлайман.
Биринши Президентимиз тәрепинен қурылған мине усы резиденцияда ол инсанның мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысының ең жарқын демлери өткен еди.
Әне, усы жерде халқымыздың, елимиздиң тәғдирине ҳәм келешегине тийисли оғада әҳмийетли болған көплеген пәрманлар және қарарлар қабыл етилгени сизлерге жақсы белгили.
Буннан бир жыл бурын басымызға түскен аўыр мүсийбет себепли ҳүўилдеп қалған Ақсарай резиденциясы бүгин Ислам ағаның меҳирли тулғасы себепли және де ашылысып, нур шашып, ел-журтымызды өз баўырына тартпақта.
Бүгин усы резиденция алдында халқымыз, мәмлекетимиз атынан уллы Жолбасшымыздың естелигине ҳүрмет-иззет көрсетер екенбиз, бәршемиз Ислам Әбдиғаниевичтиң бул саўлатлы ҳәйкели усы майданға айрықша уллылық ҳәм саўлат бағышлап турғанына гүўа болмақтамыз, деп ойлайман.
Бүгиннен баслап бул комплекс пүткил халқымыз ушын бир өмирге қутлы ҳәм теберик орын болып қалатуғынына, исенимим кәмил, әлбетте.
Ташкент халқы, елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларынан келетуғын ўатанласларымыз, шет елли мийманлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер бул жерге келип, естелик комплексин зыярат етип, Биринши Президентимиздиң естелигине ҳүрмет көрсетеди.
Бул жерге қәдем қойған ҳәр бир инсан ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич жүрген жоллардан, қыябанлардан өтип, музей менен жақыннан танысып, ғәрезсизлигимиздиң архитекторы ҳәм тийкарын салыўшысы менен қыялында ушырасқандай, сөйлескендей болады.
Бәршемизге жақсы белгили, Өзбекистанның дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеўинде де Ислам Әбдиғаниевичтиң хызметлери шексиз.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәресимде қатнасып атырған, елимизде жумыс ислеп атырған шет мәмлекетлердиң елшилерине ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллерине Өзбекистанның Биринши Президенти естелигине көрсетип атырған ҳүрмет-иизети ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Әзиз дослар!
Ислам Әбдиғаниевичтиң саўлатлы ҳәйкели бой тиклеген бул уллы орын халқымыз, барлық жасларымыз ушын Ўатанға жоқары меҳир ҳәм садықлық көрсетип жасаўдың шын мәнисиндеги тымсалына айланып, үлкен тәрбия ҳәм ибрат мектеби болып хызмет ететуғынына исенимим кәмил.
Арадан жыллар, әсирлер өтеди, ҳүрметли Биринши Президентимиздиң аты ҳәм ол инсанның басшылығында әмелге асырылған уллы ислер елимиздиң даңқлы тарийхында өшпес бет болып мәңги қалады.
Итибарыңыз ушын рахмет.