Усы жыл 7-август күни Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында «Қыстаўлы тез медициналық жәрдем хызмети басшылары ҳәм структуралары жеке қурамының айрықша жағдайлар нәтийжесинде көп санлы жәбирлениўшилер жүзеге келгендеги ҳәрекетлери» темасында көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалынан 13 техника ҳәм 200 ден аслам қәнигелер қатнасты.

– Бул илаж Өзбекстан Республикасы Бас министри – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2018-жыл 8-январьдағы «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасының халық ҳәм аймақларды тәбийғый ҳәмде техноген өзгешеликке ийе айрықша жағдайлардан қорғаў бойынша 2018-жыл ушын тийкарғы илажлар режеси»ниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы медициналық-биологиялық қорғаў бөлимшесиниң баслығы Б.Әбдиғәниев.

– Илаждың тийкарғы мақсети – айрықша жағдайларда көплеп жәбирленген пуқараларға тез медициналық жәрдем көрсетиў бойынша пуқаралық қорғаныў структураларының бирге ислесиўин шөлкемлестирип, көнликпелерин қәлиплестириў болып есапланады.

Илажда пуқаралық қорғаныў структуралары жеке қурамының автотехникалар, әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар менен толық тәмийинленген ҳалда қатнасыўын тәмийинлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў илажының әмелий орынланыўын шынығыў пайытында қатнасыўшыларға көрсетип бериў, эвакуациялаў, айрықша жағдай жүз берген аймақты дезинфекциялаў ҳәм санитар тазалаў жумысларын алып барыў бойынша бир қатар тапсырмалар әмелий түрде орынланды. Сондай-ақ, өрттен жәбирленген пуқараларды қутқарыў бойынша да шынығыўлар өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.