Uzcard банклер аралық төлеў системасы карта ийелерин төлеўди әмелге асырып атырғанда картаның PIN-кодын өзлери териўге шақырды.

Компанияның билдириўинше, Өзбекстанда туризм тараўы күн сайын раўажланып атырған бир ўақытта, ҳәр бир мәмлекетлик орган туристлерге сапалы ҳәм қәўипсиз хызметлерди көрсетиўи тийкарғы мақсетлердиң бири болып табылады.

Өзбекстанға келип атырған туристлер зәрүрлик болғанда халықаралық пластик карталардан пайдаланады.

– Елимизге келип атырған мийманлардан PIN-кодты аўызеки айтыў сораўына ҳайран болып қараўы тәбийғый, себеби бундай сораў олардың көз алдында урлық ислеў менен тең. Бундай жағдайға дус келген турист усы саўда пунктинде пластик карта арқалы төлеў өткермеўге, ал банкомат арқалы ямаса банктен белгили бир пул муғдарын нақ етип алыўға қарар етиўи тәбийғый. Бирақ, «қара базар»ға мүрәжат етиўи де мүмкин, – делинген компания мүрәжатында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.