Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри Пўлат Бобожоновтың басшылығында Министрлик коллегиясының видеоселектор тәризиндеги гезексиз мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 27-июль күни ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелери бойынша өткерилген кеңейтилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының жуўаплы хызметкерлери, Бас прокурор Отабек Муродов, сондай-ақ, Бас прокуратура ҳәм Ишки ислер министрлигиниң басшы хызметкерлери, аймақлардағы прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымларының баслықлары қатнасты.

Мәжилисте  соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен ишки ислер уйымларында өткерилип атырған тарийхый әҳмийетке ийе кең көлемли реформалардың барлығы системаны халыққа өз ўақтында ҳәм сапалы жәрдем  көрсететуғын, ҳәр бир хызметкер халық мәплерине хызмет етиўди өз миннетлемеси деп билетуғын жәмийетлик бағдарланған профессионал структураға айландырыўға қаратылғанлығы, сол мақсетте, өткен дәўирде жумыстың барлық бағдарлары сын көзқарастан қайта көрип шығылып, заман талапларына сай түрде жетилистириўге қаратылған кең көлемли жумыслардың әмелге асырылғанлығы, халықты сүйетуғын ҳақыйқый ишки ислер уйымларын қәлиплестириў көзқарасынан күш ҳәм қураллардың тийкарғы бөлими төменги системаларға өткерилип, халыққа имканы болғанынша жақынластырылғанлығы ҳәм бул жумыслар ҳәзирги күнде де басқышпа-басқыш даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасының билдириўинше, усы жылдың алты айы даўамында ишки ислер уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў, жынаятшылықтың өсиўине жол қоймаў илажларының көрилиўи нәтийжесинде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда республика бойынша жынаят жүз бериў жағдайлары 13 мың 599 ға ямаса 38,67 процентке, жынаят излеў бағдарындағы жынаятлар болса 8 мың 568 ге ямаса 38,86 процентке азайған.

Мәжилисте Президент басшылығында  27-июль күни өткерилген мәжилисте көтерилген әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» системасын әмелиятқа кеңнен енгизиў мәселесине айрықша тоқтап, жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, жынаятларды ашыў ҳәм жазаның тайын екенлигин тәмийинлеўде нызамлылық, әдалатлылық ҳәм оперативлик принциплериниң үстинлигин сөзсиз тәмийинлеў, артында инсан тәғдири болған  ҳәр қандай жынаятқа, оның аўыр-жеңилине қарамастан, үлкен итибар менен қатнас жасаў ҳәм оның исенимли себеплерин анықлап, сапластырыў илажларын өз ўақтында тәмийинлениўи зәрүрлиги атап өтилди.

Айырым аймақларда шаңарақ-турмыс шеңбериндеги ҳәм ер жетпегенлер арасындағы жынаятлардың саны жоқарылығынша қалып атырғаны себеплери бойынша ўәлаятлық ишки ислер басқармалары баслықларының мәлимлемелери тыңланды.

Шаңарақ-турмыс, ағайиншилик ҳәм қоңсы-қобашылық қатнасықларында келип шығып атырған келиспеўшиликлер адам өлтириўшилик, дене жарақатын жеткериў сыяқлы оғада аўыр ҳәм аўыр жынаятларды келтирип шығарыў жағдайлары барлық аймақларда да бақланып атырғанлығын есапқа алып, олардың ерте алдын алыў ҳәм жынаятты келтирип шығарыўы мүмкин болған шараятларды өз ўақтында сапластырыўға қаратылған илажлар мәҳәлле, ҳаял-қызлар комитети, жаслар шөлкемлери, жуўапкер мәмлекетлик ведомстволар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тығыз бирге ислесиўдиң өткерилмей, бурын судланғанлар менен профилактикалық жумыслардың талап дәрежесинде алып барылмай атырғанлығы атап өтилди.

Жол-транспорт ҳәдийселери, әсиресе, инсан өлимине байланыслы жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлардың нәтийжесизлиги, жол белгилерин хатлаўдан өткериў, оларды заманагөй қапламалы жол белгилери  менен алмастырыў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириўде жол қойылып атырған кемшиликлер бойынша басшылардың есаплары тыңланды.

Сондай-ақ, орынларда мүлклик түрдеги жынаятлар, урлық ҳәм алдаўшылықлардың алдын алыўда мақсетли ҳәм мәнзилли илажларды өткериўге итибар берилмей атырғаны атап өтилди. Мәжилисте қорғаў хызмети бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың талапқа жуўап бермей атырғанлығы, халықтың хожалықлары, шөлкем ҳәм кәрханалардың қорғаўға алыныўы бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларының төмен алып барылып атырғанлығы бойынша наразылықлар билдирилди.

Ғалаба хабар қуралларында «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» ситемасына бағышланған арнаўлы рубрикалар ҳәм телерадиоматериаллар таярлаўды шөлкемлестириў ҳәм халыққа жеткериў арқалы жынаятшылыққа қарсы келиспеўшилик орталығын буннан былай да беккемлеўге қаратылған тәсиршең  илажларды әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте аймақларды жедел социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша ишки ислер уйымларының басшыларына бириктирилген секторларда Президент ҳәм Ҳүкимет ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың толық орынланбай атырғанлығы да сын көзқарастан додаланды.

Министрлик Коллегиясында ишки ислер уйымлары системасында кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў мәселеси де айрықша көрип шығылды. Барлық буўындағы хызметкерлердиң хызмет етиўи үстинен күнделикли ведомстволық қадағалаўды күшейтиў, олар тәрепинен ислениўи мүмкин болған унамсыз жағдайлардың келип шығыўына шек қойыў, жеке қурам арасындағы мәнаўий-руўхый орталықты жақсылаў ҳәм тәртип-интизамды беккемлеўге қаратылған комплексли илажлар бойынша қарар қабыл етилди.

Мәжилисте жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, жеке қурам арасында нызамшылық ҳәм хызмет тәртибине әмел етилиўин тәмийинлеўде жол қойылған кемшиликлер бойынша Ишки ислер министрлиги ҳәм төменги система уйымлары басшыларының есаплары тыңланды. Усы жылдың өткен дәўиринде хызметкерлер тәрепинен исленген унамсыз жағдайлар додаланып, олардың келешекте жүз бериўиниң алдын алыў бойынша анық илажлар белгилеў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында енгизилген «Қәўипсиз пайтахт» концепциясы жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда нәтийжели механизм сыпатында өзин ақлап атырғанлығы атап өтилип, усы концепция шеңбериндеги илажларды республиканың басқа аймақларында да сапалы шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Отабек Муродов өзиниң шығып сөйлеўинде ишки ислер уйымлары системасын реформалаў бойынша қабыл етилген бир қатар нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўде орынларда үлкен кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығын атап өтип, олардың айырымлары бойынша орынланбай қалып атырған илажларды сын көзқарастан додалады, усы ҳүжжетлердиң орынланыўы үстинен қадағалаў буннан былай және де күшейтилиўин, барлық буўындағы басшылар атқарыў тәртибине қатаң әмел етиўи, пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, мәжилисте усы күнлери ишки ислер министри Пўлат Бобожонов басшылығындағы Жумысшы топар тәрепинен Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ишки ислер уйымларының пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысын тексериў даўамында анықланған кемшиликлер ҳәр тәреплеме додаланды.

Усы тексериўлер ҳаққында бурын ИИМ тәрепинен толық мағлыўмат берилген еди.

Атап айтқанда, жумысшы топар тәрепинен усы ўәлаятлардағы ҳәр бир хызметкердиң тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мәнисин толық түсинип жеткенлиги ҳәм оларды турмысқа енгизиўдеги жуўапкершилик сезими, пуқаралар менен белгиленген тәртип-қағыйдалар шеңберинде пикирлесиўи ҳәм жумысында жол қойылып атырған кемшиликлердиң тийкарғы себеплери ҳәр тәреплеме талланып, ийелеп турған лаўазымына ылайық емес, бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғын, елеге шекем ески жумыс усылында хызмет етип атырған, өз үстинде ислемей, пуқаралардың мәпи жолында жанкүйерлик көрсетпей атырған басшы ҳәм хызметкерлер интизамый жазаға тартылғанлықлары және бир мәрте атап өтилди.

Коллегияның гезексиз мәжилиси күн тәртибине қойылған кейинги мәселелер, соның ишинде, «Пахта-2018» мәўсими дәўиринде жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын көриў және Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығын белгилеў илажларына таярлық көриў, оны өткериў дәўиринде қәўипсизлик илажларын белгилеў мәселелери де көрип шығылып, келешекте әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

ӨзА