Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылы ушын арнаўлы сыртқы бөлимге төмендеги бакалавр тәлим бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабыл етилди:

Арнаўлы сыртқы бөлим:

5110800 – Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы

5110900 – Педагогика ҳәм психология

5111100 – Музыкалық тәлим

5111700 – Баслаўыш тәлим ҳәм спорт-тәрбиялық ис

5111800 – Мектепке шекемги тәлим

5111900 – Дефектология

5112000 – Дене мәденияты

5112100 – Мийнет тәлими

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында»ғы 261-санлы қарарының 3-қосымшасына муўапық, бакалавриатқа тест сынақларысыз, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабыллаў бойынша тәлим бағдарларының дизими тастыйықланды.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының арнаўлы сыртқы бөлиминдеги сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим ҳәм дене мәденияты бағдарларына қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары өткерилди ҳәм оның нәтийжелери жәрияланды.

Арнаўлы сыртқы бөлимниң басқа қәнигеликлерине қабыллаў тест имтиханлары арқалы болып өтеди. Педагогикалық институт қабыллаў комиссиясының берген мағлыўматына қарағанда, арнаўлы сыртқы бөлимге тест сынақлары 8-11-август күнлери аралығында бакалавр (күндизги) бағдар тест сынақлары менен бир ўақытта болып өтеди.

Еслетип өтемиз, тест сынақлары Нөкис қаласындағы еки орында:

1. Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби (4 имарат, 28 топар, 840 орын);

2. Нөкис олимпия резервлери колледжи (2 имарат, 28 топар, 840 орын)нде болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.