Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниң додаланыўы порталында Президенттиң «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды, деп жазады Daryo.uz.

 

Қарарда төмендегилер усыныс етилди:

 

– пенсияларды ең кем мийнет ҳақының 8 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда көбейтиў, бул тәртипти алдын тайынланған пенсияларған да енгизиў;

 

– еркеклер ушын 35 жыл, ҳаяллар ушын 30 жыллық мийнет стажынан кейин ислеген ҳәр бир жылы ушын ең кем мийнет ҳақының 10 проценти муғдарында үстеме төлеў;

 

– 54 жасынан пенсияға шығыў ҳуқықы болған ҳаяллар улыўма белгиленген жаста пенсия рәсмийлестирген жағдайда оларға ең кем мийнет ҳақының 10 проценти муғдарында үстеме белгилеў;

 

– тийисли мийнет стажына ийе болмаған қарыялар ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға төленип атырған пенсия сыяқлы, III топар майыплары ушын да пенсия тайынлаў;

 

– тийисли мийнет стажына ийе болмаған пуқараларға мәмлекетлик пенсияларды есаплаўда стажының ҳәр бир жетиспей атырған айы ушын қамсызландырыў төлемлери суммасын бир мәртелик тәртипте төлеў;

 

– жумыс ислеўши еркектиң (ҳаялдың) дәраматлары есабынан жумыс ислемей атырған шаңарақ ағзалары ушын ықтыярлы түрде ҳәр бир ай ушын ең кем айлық мийнет ҳақы муғдарында қамсызландырыў төлемлерин төлеў;

 

– физикалық шахслардың топланып барылатуғын есап бетлерине өткерип барылатуғын қаржылар есабынан аралық бонуслы пулы төлемлер схемаларын қолланыў;

 

– пенсия тайынлаў ушын талап етилетуғын минимал стаж даўамлылығын 2020-жылдан баслап бир жылдан көбейтиў, талап етилген ең кем мийнет стажын 10 жылға жеткериў;

 

– пенсия жасын басқышпа-басқыш арттырыў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.