1-5-август күнлери өткерилген тест сынақларында 290 мың 44 абитуриент қатнасқан. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.

6442 абитуриент тест сынақларына келмеди ямаса кешигип келгени себепли киргизилмеген, 1449 абитуриент тәртип-қағыйдаларды бузғаны ушын шетлетилген.

Солардан 807 абитуриент тест өткериў орнына кириў ўақтында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәм басқалардың орнына кириўге ҳәрекет еткени ушын, 692 си тест ўақтында шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәм басқа абитуриентлерге жәрдем бериўге ҳәрекет еткени ушын шетлетилген.

6-август күнги мағлыўматларды да қосып есапласақ, тестке келмеген ямаса кешиккенлиги ушын киргизилмеген абитуриентлер саны 7883 ти, шетлетилгенлер саны болса 1634 ти қурамақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.