Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ең дәслеп, гөззал Бишкек қаласында саммитимиз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм көрсетилип атырған дәстүрий миймандослық ушын Қырғыз Республикасы Президенти ҳүрметли Садир Нурғожоевич Жапаровқа қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Соңғы жыллары Қырғызстанда барлық тараўларда алып барылып атырған жедел реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислерге ҳәммемиз гүўа болып турыппыз. Бүгин илажымыз өткерилип атырған саўлатлы комплекс те бул сөзлеримиздиң анық мысалы болып табылады.

Мәмлекетте сиясий-социаллық турақлылық тәмийинленип атырғаны, заманагөй санаат ҳәм инфраструктура объектлери қурылып атырғаны, мәмлекеттиң халықаралық абырайы ҳәм мәртебеси артып атырғаны жақын туўысқан сыпатында бизди шексиз қуўандырады.

Қырғыз тәрепиниң Шөлкемимизде экономикалық интеграция , улыўма раўажланыў, санлы келешек ҳәм қәўипсизлик бағдарларында шерикликти тийкарғы мақсет етип белгиленген басшылығы дәўири табыслы өтиўине тилеклеспен.

Пурсаттан пайдаланып, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевты да структурамызда «Түркий дәўир!» сүрени астында өткен нәтийжели басшылығы менен шын жүректен қутлықлайман.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Тилекке қарсы, Астана ҳәм Шуша қалаларындағы ушырасыўларымыздан кейинги ўақыт даўамында глобал геосиясий процесслер барған сайын қурамалы түрге енди. Жетекши мәмлекетлер арасындағы бәсеки ҳәм исенимсизлик орталығы кескин күшеймекте, қарама-қарсылық ҳәи урыс ошақлары көбейип, түрли қәўип-қәтерлер және де артпақта.

Әлбетте, буның унамсыз тәсири ҳәм ақыбетлерин мәмлекетлеримиз ҳәр тәреплеме сезип турыпты. Бул машқалалар саўда, инвестиция, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўлардағы биргеликтеги реже ҳәм үлкен жойбарларымызға айрықша тосқынлық етпекте, десем, бул – әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Шөлкемимиз шеңберинде сиясий ҳәм қәўипсизлик мәселелеринде сөйлесиўлерди системалы даўам етиў, улыўма мәплеримизден келип шығып, халықаралық машқалалар бойынша бир ҳәм анық позициямызды жедел алға қойыў мақсетке муўапық.

Усы жерде гәп, бәринен бурын, Жақын Шығыста даўам етип атырған әдалатсыз урыс ҳәм бақланып атырған еки тәреплеме стандартлар ҳаққында бармақта. Газа секторы ҳәм Ливандағы мисли көрилмеген гуманитарлық апатшылықты, тыныш халыққа қарсы ўайран етиўши ҳүжимлерди, әсиресе, бийгүна балалар, кекселер ҳәм ҳаял-қызлардың қурбан болып атырғанын ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Палестина қашқынларына жәрдем бериў бойынша арнаўлы агентлигиниң жумысын шеклеўге қаратылған ҳәрекетлерди де кескин қаралаймыз.

Бул көп жыллық қарама-қарсылықтың бирден-бир шешими – халықаралық нормативлик ҳүжжетлер ҳәм резолюцияларға муўапық, 1967-жылдағы шегаралар тийкарында, пайтахты Шығыс Қуддус болған еркин Палестина мәмлекетин дүзиў болып табылады.

Кейинги ҳәпте де Ар-Риёд қаласында өтетуғын араб-мусылман мәмлекетлери саммитинде бул машқалаға анық сиясий шешим табылатуғынына үмит етемиз.

Қәўипсизликке тоқталғанда, Аўғанстан мәселеси Шөлкемимиз шеңберинде турақлы дыққатымыз орайында болыўы керек. Бул бағдарда министрлер ҳәм экспертлер дәрежесиндеги турақлы қарым-қатнас механизмин жолға қойыў әҳмийетли.

Аўғанстандағы аўыр машқалаларды шешиўде әмелдеги ҳүкиметке жәрдем көрсетиў, бул мәмлекетти регионаллық экономикалық процесслерге кеңнен тартыў, социаллық ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў мәселелери, әлбетте, көрип шығылыўы керек, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Бүгин Шөлкемимиздиң тарийхый ҳүжжети – Түркий дүнья Хартиясының қабыл етилиўи туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықларымыз арасында күшейип баратырған көп тәреплемели бирге ислесиўдиң айқын көриниси. Әлбетте, биз усы тийкарда Түркий дүньяны және де бирлестириў, оның абырайын арттырыў, өз-ара пайдалы ҳәм дослық байланысларымызды тереңлестириў, бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа көтериўге ерисемиз.

Саммитимиз күн тәртибинен келип шығып, бир қатар әҳмийетли бағдарларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиден, мәмлекетлеримиз арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежесинен келип шығып, Шөлкемимиздиң тийкарғы шәртнамалық-ҳуқықый базасын кеңейтиў ҳәм беккемлеў тәрепдарымыз.

Биз Түркий мәмлекетлердиң стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы қабыл етиўди усыныс етемиз. Бул кең көлемли ҳүжжеттиң ислеп шығылыўы структурамыздың жумысын және де жоқары сиясий дәрежеге көтереди, деп ойлайман.

Екиншиден, Шөлкемимиз шеңберинде жаңа экономикалық имканиятлар мәканын жаратыў бойынша нийетимиз исенимли.

Таллаўлар соны көрсетпекте, бүгинги күнде мәмлекетлеримиздиң сыртқы товар сайланысы өз-ара саўдамыздың үлеси әдеўир төмен дәрежеде қалмақта. Импортымыздың салмақлы бөлеги үшинши мәмлекетлер үлесине туўра келмекте. Бул бағдарда жағдайды кескин өзгертиў ўақты келди.

Ең дәслеп, тариф ҳәм тариф емес тосықларды сапластырыў, саўда-бажыхана тәртип-қағыйдаларын жеңиллестириў, электрон коммерция платформаларын раўажландырыў бойынша анық келисимлер ислеп шығыў керек.

Саўда тараўындағы потенциалымызды кеңейтиўге қаратылған терең исзертлеўлер алып барыў ушын жақын перспективада Ташкентте жетекши миллий таллаў орайларымыздың әнжуманын өткериў мақсетке муўапық болар еди.

Келеси жыл ушын экономикалық форум, саўда ҳәм санаат көргизбелери, регион ҳәм ўәлаятларымыздың өз-ара тариф режелерин, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў, кооперация ҳәм локализация бойынша биргеликтеги бағдарламаларын қабыл етиўимиз керек. Бул әҳмийетли ўазыйпаларды мәмлекетлеримиздиң Бас министрлери орынбасарларына жүклесек, әлбетте, нәтийжеси тез көринеди.

Үшиншиден, бүгинги аўыр глобал экономикалық шараятта ең әҳмийетли машқала – бул инвестиция процесслериниң үзликсизлигин тәмийинлеў.

Дүнья қаржы базарында капиталға болған талап ҳәм оның баҳасы барған сайын артып бармақта. Раўажланып атырған мәмлекетлер ушын узақ мүддетли ҳәм «жасыл» кредитлер ажыратыў шәртлери қыйынласпақта.

Биз Шөлкемимиз шеңберинде қаржы механизмлерин енгизиўге үлкен итибар қаратыўымыз керек. Түркий инвестиция қорының жумысын жеделлестириў, бизиң басламамыз болған Түркий раўажланыў банкин шөлкемлестириў мәселелерин көрип шығыўымыз керек, деп есаплаймыз.

Регионаллық әҳмийетке ийе жойбарларға халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел инвестиция кәрханаларын кеңнен тартыў да әҳмийетли ўазыйпа. Бул бағдарда Түркий инвестиция форумын шөлкемлестириўди усыныс етемиз ҳәм оның биринши илажын Өзбекстанда өткериўге таярмыз.

Төртиншиден, және бир әҳмийетли мәселе – бул транспорт коридорларынан нәтийжели пайдаланыў.

Орта коридор бойлап транзит тарифлерин оптималластырыў, шегаралардан өтиў процесслерин әпиўайыластырыў, замангөй логистика системаларын ҳәм биргеликтеги операторларды жаратыў улыўма мәплеримизге толық жуўап береди.

Шөлкемимиз шеңберинде тасыўларда электрон ҳүжжетлер айланысына өтиў ҳәм оларды өз-ара тән алыў бойынша көп тәреплеме келисимге қол қойыўға шақырамыз.

Бундай әҳмийетли мәселелерди бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында толық додалаў мақсетинде Түркий мәмлекетлер логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылары альянсы менен биргеликте Халықаралық логистика конференциясын өткериўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, келешек экономикасын кеңнен енгизиўге қаратылған Санлы түркий дүнья концепциясын ислеп шығыў басламасын алға қоямыз.

Бул концепция мәмлекетлеримизде топланған алдынғы тәжирийбе ҳәм IT тараўындағы табысларды өз-ара алмасыў, инновация, инфраструктура ҳәм илим бойынша санлы системаларды, ири дата-орайларын жаратыўға хызмет етеди.

Алтыншыдан, келеси ҳәпте де Бакуде СОР-29 глобал саммити өз жумысын баслаўы менен Әзербайжан Президенти, ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович Алиевти және бир мәрте қызғын қутлықлап, үлкен әўметлер тилеймен.

Климат өзгериўи менен байланыслы өткир экологиялық машқалаларға шешимлер табыў мақсетинде министрлер дәрежесиндеги Түркий экологиялық кеңести тезирек дүзиў зәрүрлигин атап өтип, оның биринши ушырасыўын келеси жылы Өзбекстанда өткериўге таяр екенимизди билдиремиз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Туўысқан халықларымызды бир-бирине және де жақынластырыў, жасларымызды ата-бабаларымызға мүнәсип руўхта тәрбиялаў мақсетинде түркий еллер фольклорының көп томлық комплексин ағза мәмлекетлердиң тиллеринде баспадан шығарсақ, жақсы ис болар еди.

Бул бағдарда «Түркий мәмлекетлер тарийхы» сыяқлы фундаменталлық изертлеўлерди биргеликте жаратыў әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады. Соның менен бирге, түркий  тиллерден тиккелей аўдармаланыўын хошаметлеў, мектеплеримизде түркий халықлар ҳәм олардың тарийхы, этнографиясы, мәденияты ҳәм көркем өнери ҳаққында факультатив сабақларды жолға керек, деп ойлайман.

Усы жерде Өзбекстанның Түркий мәденият ҳәм мийрас қорына толық ағза болыўға таяр екенин билдиремен.

Қәдирли дослар!

Бүгин «Түркий дүнья Жоқары ордени» менен сыйлықланып атырған Венгрия Бас министри ҳүрметли Виктор Орбан мырзаны қызғын қутлықлайман.

Сөзимниң жуўмағында бир пикирди айрықша атап өтпекшимен.

Шөлкемимиз шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўимиз тезлик пенен өзгерип атырған дүньяда өз позициясын беккемлеў, түрли қәўип ҳәм жаңа қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, байланысларымызды және де тереңлестириў ушын кең имканиятлар жаратпақта.

Әлбетте, бүгинги саммитимиз нәтийжелери Түркий цивилизацияны раўажландырыў бағдарындағы үлкен режелеримизге мүнәсип үлес қосады.

ӨзА