Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы әййемги Миздакхан археологиялық комплекси үлкен майдандағы үш төбешикте жайласқан. Комплекс Гәўир қала, Жомарт қассап, Шамун набий, Мазлумхан сулыў, Ережеп Қәлпе сыяқлы тарийхый мақбараларды өз ишине алған.

Бул жерде археолог илимпазлар тәрепинен алып барылған қазыў ҳәм илимий изленислер ўақтында көплеген сийрек гезлесетуғын буйымлар, ески теңгелер, алдынғы әсирлерге тийисли қурылыс, өнерментшилик ҳәм хожалық буйымлары табылған.

Комплекстеги ҳәр бир естелик өз тарийхына ийе. Халық аўызеки ҳәм жазба әдебиятларында олар ҳаққында ҳәр қыйлы әпсана ҳәм рәўиятлар бар.

Мазлумхан сулыў мақбарасы XII-XIV әсирлерге тийисли болып, ярым жер асты архитектуралық естеликлеринен болып есапланады. Жердиң сыртқы бөлиминде гүмбез жайласқан. Естеликтиң тийкарғы бөлими ҳәм орайлық имаратлары болса төменги қабатта болып, оған текшели жол арқалы барыў мүмкин. Мақбараның орайлық залы квадрат түринде қурылған. Оның сегиз мүйешли гүмбез менен жабылған үш терең ҳәм бир онша терең болмаған түйниклери бар.

Бул мақбараға байланыслы әпсана бар: Жергиликлик ҳүкимдарлардан бири ким өзгеше зат жаратып, дүньяны таң қалдырса, оған өзиниң қызын бериўге қарар етеди. Оның қызына ашықлардан бири жерасты имаратын қурып, оның гүмбезин жердиң сыртында қалдырады. Сонда ҳүкимдар жигиттен питпеген гүмбезден өзин төменге таслап, муҳаббатын дәлиллеўин сорайды. Жигит өзин таслайды…

Мақбарадағы еки қойымшылық Мазлумхан ҳәм оның сүйиклисине бағышланған. Бул мақбара 2017-2018-жыллары қайта оңланған.

Шамун Набий мақбарасы болса XIII-XIV әсирлерге тийисли. Естелик мақбара ҳәм сыйыныўхана бөлимлеринен қуралған. Әпсанаға бола, Шамун Набий шебер сыйқыршы болған. Ол жүдә көп инсанларға жәрдем берген, бәлким сол себепли елеге шекем зыяратқа келиўшилер гербишлерди терип ойларында нийетлерин оған жоллайды.

Жомарт қассап естелиги ҳаққында да әпсана бар. Оған бола, бул жерде қашанлардур Жомарт деген бай жасаған. Ол қассап болып, зүрәәт берекетсиз болған жыллары әтираптағыларға бийпул гөш үлестирген. Соның менен бирге Жомарт шарўашылардың да қайырқомы болған.

Бийикликтиң батыс тәрепинде комплекстиң және бир қызық бөлими, яғный XI-XIV әсирлерге тийисли Ережеп Қәлпе естелиги бар. Бир ўақытлары саўлатлы имарат болып есапланған имарат жүдә гөнерген. Дийўаллары да гербиштен көтерилген болып, үстинен пискен гербиш пенен қапланған. Қулаған жердиң төменги қатламларынан имаратты безеўде хызмет еткен X888-X8V әсирлерге тийисли реңли кошинлердиң қалдықлары табылған.

Имаратты еки бөлекке ажыратыўшы ишки ханалардан шығыў жолына қарап, илимпазлар бул имарат ҳәм ер балалар, ҳәм қызлар оқыған мешит-медресе сыпатында хызмет еткенин болжайды. Бирақ, XIV әсирде ишки көмиў имараты пайда болғаннан соң, имарат мақбара статусына ийе болған. Бул ўақытта имараттың батыс тәрепинен алдына зыяратшылар ушын ханалар қурылған. Ҳәзирги ўақытта бул естеликте оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Гәўир қала эрамыздан алдыңғы IV-III әсирлерге тийисли Миздакхан комплексиниң қубла-батысындағы төбешикте жайласқан тарийхый естелик. Бул антик қала Зороастризм дәўирине тийисли. Тарийх илимлериниң докторы В.Ягодинниң пикирине бола, Миздакханда ең дәслепки халықтың баратуғын жери эрамыздан алдынғы IV-III әсирлерде, яғный өтмишимиздиң Қанғуй дәўири, деп аталатуғын ўақытларында Гәўир қала аймағында пайда болған.

М.Ҳабиббуллаев (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги