«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан

Жақында қолыма изине авторы жазылмаған бир қосық түсип қалды. Бары-жоғы алты шуўмақтан ибарат қосық газеталық публикациядан тыс ҳәзилнама ретинде жазылғаны менен шынлыққа қурылған еди.

Бир жыллары «Еркин…» болған әжайып,

Тек үш-тѳрт қыз ислер еди шошайып,

Бүгин нашар басып кеткен газитти,

Телпеклилер қалған дым-дым азайып…

Бул қосықты оқығанымнан кейин журналист Әдилбай Оразовтың авторлығында жақында баспадан шыққан «Қарақалпақстан баспа сѳзиниң пидайылары» атлы китапты және бир мәрте парақлаўыма туўра келди. Себеби, бул китапта «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталары жарық кѳрген күнинен баслап усы редакцияларда қәлем тербеткен журналистлер, Бас редакторлар туўралы сѳз етилген. Китапқа  124 қәлем ийеси ҳәм басқа да айырым қәнигелер киргизилген. Инанасыз ба, солардан тек үшеўи ғана «Еркин Қарақалпақстан»да ислеген журналист ҳаял-қызлар екен. Дурыс, китапқа усы еки газетаның қәлем ийелери толығы менен киргизилген деп айта алмаймыз. Бирақ, ҳаял-қызлар жүдә азшылықты қурағаны анық. 1999-жылы «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа келгенимде, нәрестесин бағыў ушын бир жыллық дем алысына кеткен келиншектен басқа, бирде-бир ҳаял-қыз журналист жоқ екен.

Буның тийкарғы себеплери неде? Газета жарық кѳре баслаған 1924-жылдан 2005-жылларға шекем журналист ҳаял-қызлар аз болған ба ямаса ҳаял-қызларды республикалық газеталарға жумысқа қабылламаған ба? Ҳақыйқатында усы еки себеп те тийкар болған. Жоқарыда келтирилген қосықтың даўамында айтылғанындай, редакцияда:

«Дүз сапары қай ҳаялға жағады,

Бар ақыры кир-қоң, қазан-табағы..» деген кѳз қарас қәлиплескен. Себеби, сол дәўирлерде «Еркин Қарақалпақстан» ҳәптесине бес мәртебе жарық кѳриўи, ҳәзиргидей заманагѳй технологиялар болмағанлықтан, газетаның шығыў процеси таңға шекем созылыўынан  шаңарақта да, редакцияларда да ҳаял-қызларға тосқынлықлар кѳп болған. Газеталар әдеўир  компьютерлескен ўақыттың ѳзинде «Еркин…»ниң бас редакторына жумыс сорап барғанда «ҳаял адамды жумысқа алмайман» деп ашықтан-ашық айта алғаны бийкарға емес. Ҳәзирги редакторлар бундай гәпти тикке айта алмайды. Ѳйткени, сол жыллары буны  заман кѳтерген. Бизлер гендер теңлигиниң не екенин билмедик. Усындай кескин пикирлер айтылған ўақытта «ҳаял-қызларды кемситип атыр» деп жуп жағадан алыў ойымызға кирип те шықпайды. Теңлигимизди исимиз бенен дәлиллейик деп умтыла бергенбиз ҳәм қайсы тәрептен алып қарағанда да дурыс ислегенбиз.

Ҳаял-қызлар арасынан шыққан қәнигели журналистлердиң бири Пердегүл Еденбаева. Ол ҳаял қызлар тек қәлем тербетип қоймастан, дѳретиўшилерди уршықтай үйирип, газеталарға басшылық ете алатуғынын ѳз мысалында дәлиллеп кетти. Он бир жыл даўамында «Жеткиншек» газетасында бас редактор, соңынан Кегейли районлық газетасында редактордың орынбасары, ѳмириниң ақырғы жылларында «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бѳлим баслығы, арнаўлы хабаршысы болып иследи. Тараўдың раўажланыўы ушын қосқан үлеслери ушын Ѳзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен мәденият хызметкери ҳүрметли атағы, «Ҳүрмет белгиси» ордени менен сыйлықланды.

«Еркин…»де тийип-қашып жүрип ислесе де, және бир таланты таңлай қақтырған  журналист қызлардың бири Тамара Машарипова болды. Егер ол илим жолына түсип кетпегенде, республиканың маңлай алды журналисти болар еди. Ҳәзир ол Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы илимий дәрежелерине ийе болғаны менен елеге шекем қәлемин таслаған жоқ. Жазса, газета оқыўшылары излеп жүрип оқыйтуғын қунлы мақалалар жазады. Шәкиртлерин редакция, қәлеми ѳткир журналистлер менен тығыз байланыста болыўға үйретеди. Ҳәтте оларды дѳретиўшилигин ҳүрмет ететуғын нураный журналистлердиң үйлерине ертип барып, сәўбетлесиўине имканият туўдырады.

Университетимизде қәнигели журналистлерди таярлаў жолға қойылыўы  республикамыздың барлық ғалаба хабар қуралларында ҳаял-қыз журналистлер санының кескин артыўына тийкар жаратты. Бүгин «Еркин Қарақалпақстан» ҳаял-қызларды «жатырқамайды». Мысалы, 2005-жыллардан кейин редакцияға университетти жаңа тамамлаған бес қызды бирден жумысқа қабыллағанда бас редакторымыздың да, сол журналист қызлардың да жүреклерине қайыл қалғанбыз. Себеби, бизлер ҳәм бизлерден үлкен журналистлерде «Еркин Қарақалпақстан» деген Жоқарғы Кеңестиң газетасы, онда тек қәлеми ысылған, тәжирийбели журналистлер жумыс ислейди» деген жуўапкершилик уялап қалған. Мениң ѳзим қалалық газета редакциясында бираз басқышлардан ѳтип келсем де, «Еркин…»ниң атақлы журналистлери жазғанларыма не дейди екен деп тартына-тартына араласқанман. Ал, университет партасынан туўры республикалық газетаға келген бул қызлар бас редактордың исенимин ақлап, бүгинги күнге шекем ѳзлерине ылайық қәлем тербетип киятыр.

Ҳәзир газетаның аўыр жүгин ийинлеп киятырған хабаршылардың жетпис проценттен асламы ҳаял-қызлардан ибарат. Олардың сәрдары университетти тамамлаған ўақтынан баслап усы газетада ислеп киятырған қәнигели  журналист Бийбижамал Караматдинова. Бизлердиң дәўиримиздегидей Тѳрткүл бар ма, «Каракалпакия» ма, Мойнақ я Тахтакѳпир ме, қонып жатып мақалалар жазбағаны менен заманагѳй технологиялардан ѳнимли пайдаланып атыр.

Бүгин бул журналист қызлардың шегине газетаның экономикалық жағдайы айтарлықтай болмаған, барлық басылымларға жазылыў азайған дәўирлер туўра келип тур. Гәптиң анығы, күнделикли басылымлардағы ҳәзиргидей қыйын  шараятларда  қәлемине садық яки болмаса басқа жумыс қолынан келмейтуғын  журналистлер ғана ислеп қалмақта. Интернетте социаллық тармақлар күн сайын раўажланып атырған бир дәўирде, газета оқыўшыларын қайтарыў аңсат ис емес. Бирақ, газетаның жасап қалыўында жәмәәттиң басым кѳпшилигин қурайтуғын ҳаял-қызларға үлкен жуўапкершилик жүкленгенлигин есапқа алсақ, алдағы ўақытлары олардан оқыўшыларды дүр силкиндиретуғын, ой салып, жәмийетлик пикирлердиң ояныўына түртки болатуғын қунлы мақалалар күтип қаламыз…

                                                                   Пердегүл Хожамуратова,

                                                                  Қарақалпақстан Республикасына

                                                                  мийнети сиңген журналист.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги