Шоманай районы ҳәкими А.Аметов ҳәм район прокуроры М.Матчановтың қатнасыўында райондағы медицина тараўы хызметкерлери менен мәжилис өткерилди.

Онда Шоманай районы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасының “Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында”ғы нызамы ҳәм тараўға байланыслы басқа да нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша өткерилген тексериўде анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша районлық медицина бирлеспесине киргизилген усыныслар додаланып, сын көзқарастан көрип шығылды.

Бунда тийкарғы итибар медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыўға, жумыс даўамында нызам бузылыў жағдайларына жол қоймаўға қаратылды.

Мәжилисте тексериў нәтийжесине бола анықланған нызамбузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги