Усы жылдыӊ 1-февраль сәнесинен баслап, Президент қарары тийкарында исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги енгизилди. Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта, рейтинг бойынша жоқары кѳрсеткишке ийе исбилерменлердиң саны артып бармақта.
Усы жылдыӊ 26-октябрь жағдайына, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери 29 мың 172 ге жеткен.
– Соннан, «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 92, «АА» категориясына ийе жәми 238, «А» категориясына ийе жәми 254 исбилерменлик субъекти дизимге алынған,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова. – Ал, «ВВВ» (орта) категорияға ийе жәми 907, «ВВ» категориясына ийе жәми 1794, «В» категориясына ийе жәми 2 685, «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1633, «СС» категорияға ийе жәми 6739, «С» категорияға ийе жәми 5 669, «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 9161 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.
2024-жылдыӊ 23-апрель жағдайына, рейтинг бойынша Қарақалпақстан Республикасында жумыс ислеп турған жәми 29 740 исбилерменлик субъектлеринен «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 7, «АА» категориясына ийе жәми 34, «А» катергориясына ийе жәми 58 исбилерменлик субъекти белгили болған еди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, өткен айларға салыстырмалы октябрь айында тѳмен категориядағы исбилерменлер саны кемейип, еӊ жоқары «ААА» категорияға ийе исбилерменлик субъектлериниң қатары 3 есеге артқан (05.08.2024 сәнесинде 38 исбилермен еди).
Мағлыўмат ушын, егер исбилерменлер кәрханасыныӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болса Саўда-санаат палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўы мүмкин (Веб-сайт силтемеси: https://chamber.uz/contractor-rating)
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги