Депутат – халықтың ўәкили, атқарыў ҳәкимияты менен халық арасындағы көпир ўазыйпасын атқарыўшы инсан.
Халықтың мүрәжатлерин үйрениў, талқылаў, оларды улыўмаластырған ҳалда шешимин табыўда депутатлардың белсендилиги артып атырғаны қуўанышлы жағдай, әлбетте. Әсиресе, бул процессте жергиликли Кеңеслердеги көп санлы депутатларымыз мудамы алдында жүрмекте.
Депутаттың жуўапкершилигинде сайлаўшылардың мәплерин қорғаў ўазыйпасы турады. Себеби депутат қайсы бир мәселеде тийисли шөлкемлерге сораў жибериў, атқарыў ҳәкимиятының жумысы үстинен қадағалаў орнатыў, анықланған машқаланы халық депутатлары жергиликли Кеңес сессияларында көрип шығыў ушын усыныс киргизиў ҳәм басқа да ҳуқықларға ийе.
Мағлыўмат орнында 2019-жылы парламентке ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўларда Қарақалпақстан Республикасы бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8 округтен 3 депутат, Олий Мажлис Сенатына 2 сенатор, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округтен 19 депутат, яғный 29 процент, Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслерге 425 округтен 140 депутат, яғный 33 процент депутатлар ӨзЛиДеП ағзаларынан сайланып, Қарақалпақстан Республикасы бойынша сиясий партиялардың арасында ең жоқары көрсеткишке ийе болған еди.
Халықтың исенимли ўәкили болған депутатлар өткен жыллар даўамында өзлери сайланған аймақ сайлаўшыларының машқалаларын үйрениўде ҳәм нызам шеңберинде депутатлық статусынан пайдаланған ҳалда тийисли мәкеме шөлкемлерге депутатлық сораўнамасын жибериў арқалы унамлы шешиўде өз белсендилигин көрсетип келди.
Сонлықтан елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўда, халықтың машқалаларын унамлы шешиўде халық ўәкили сыпатында кейинги бес жылда көрсеткен жанкүйерлиги ҳәм партия жумысын әмелге асырыўда мүнәсип үлес қосқанлығы ушын ӨзЛиДеПтен Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң бир топар депутатларына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал–демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Сағындық Турмановтың атынан Миннетдершылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, басқа да қала ҳәм районларда 2019-жылы болып өткен сайлаў жуўмағы бойынша партиядан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, қалалық ҳәм районлық Кеңесине сайланған депутатларымызға да партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен “Миннетдаршылық хатлары” ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги