Репрессия қурбанлары ҳәм жадидлердиң естелигин мәңгилестириў, олардың мийрасын тереңнен үйрениў ҳәм кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде, Нөкис гарнизонының әскерий бөлиминде хызмет етип атырған бир топар әскерий хызметкерлер ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанында жумыс алып барып атырған “Репрессия қурбанлары естелиги” музейине саяхат шөлкемлестирилди.
“Тарийхый естелик, мәнаўий тәрбия — Жаңа Өзбекстанның негизи” сүрени астында шөлкемлестирилген экскурсия даўамында әскерлер қарақалпақстанлы жадидлер ҳәм репрессияға ушыраған атақлы мәмлекетлик ғайраткерлер, илим ҳәм мәденият хызметкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлардың әдебий мийрасы менен жақыннан танысты.
-Экскурсия әскерлерге тарийхтың жаңа бетлерин ашты ҳәм илаж оғада мазмунлы өтти,-дейди Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы, майор Зухриддин Алижанов.
Соны айтып өтиўимиз керек, бул музей фондында ҳәзирги ўақытта 2690 нан аслам ҳүжжетлер, экспонатлар ҳәм басқа материаллар тамашагөйлер нәзерине усынылып, олар жасларымызда ана Ўатанға деген сүйиспеншилигин арттырыўға хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги