Инсан ушын еки тараўда жумыс алып барыў оғада қыйын. Бирақ, айырым талантлы инсанлар өзлериниң мийнеткешлиги ҳәм талапшаңлығы арқасында, еки тараўдың да жүгин теңдей тартып, халық алдында үлкен абырай ҳәм мәртебеге ериседи. Усындай талантлы заманласларымыздың бири Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Кеңесбай Алламбергенов еди.

1954–жылдың 7–ноябрь сәнесинде Қараөзек районында туўылған ол 1971–жылы орта мектепти тамамлағаннан соң, аўылхожалығы тараўында жумыс иследи.

1972-1976–жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх–филология факультетинде билим алып, «Жеткиншек» газетасында әдебий хызметкер,  1977–79–жыллары кәсип-техникалық училищесинде оқытыўшы болып жумыс иследи.

1979–82–жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң аспирантурасында оқып, 1982–89–жыллары университетте оқытыўшы, декан орынбасары, 1989–91–жыллары “Әмиўдәрья” журналының бас редакторы, 1991–2023–жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ әдебияты кафедрасынын баслығы, усы институттың оқыў ислери бойынша проректоры, факультет деканы, кафедра баслығы лаўазымларында жемисли жумыс иследи.

К.Алламбергенов илим менен бирге, көркем әдебиятта да жемисли мийнет етип, көплеген прозалық ҳәм драмалық шығармалар дөретти. Атап айтқанда, жазыўшының “Дәслепки бес” (1971), “Жер монологы” (1974), “Күшик ҳәм бала” (1976), “Ақ басқур” (1977) гүрриңлери, “Қуслар қайтқан күн” (1979, 2020), “Қыйын өткел” (1983), “Дәрбент” (1984), “Өмир мәўритлери” (1987), “Дәрья тартылған жыллар”(1992), “Муҳаббат музалары” (2020) атамасындағы повесть  ҳәм романлары,  «Әмир Темур ҳәм Ер Едиге (Уллы атланыс)» үш актли, жети картиналы тарийхый музыкалық драмасы (2017), «Қырық қыз» атамасындағы үш  актли, жети пердели тарийхый музыкалық драмасы (2023), «Алтын қазық» роман–эссеси (2023) баспадан басылып шықты. Сондай-ақ, жазыўшының  бир қатар повесть  ҳәм гүрриңлери өзбек, қазақ, ноғай, орыс тиллеринде басылып шықты.

Автор прозасының дөретиўшилик өзиншеллигин, сүўретлеў усылының шеберлигин, қарақалпақ әдебиятына алып келген жаңалығын жазыўшылар Т.Қайыпбергенов, Ш.Сейтов, И.Қурбанбаев, Ә.Атажанов, әдебиятшы илимпазлар С.Баҳадырова, К.Камалов, К.Қурамбаев, Б.Қурбанбаев ҳ.т.б. жоқары баҳалады.

К.Алламбергенов 1993–жылы “Дәрья тартылған  жыллар” романы ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды ҳәм бул роман 2003–жылы Түркияда “Қарақалпақ әдебиятының антологиясы” китабында  түрк тилинде жәрияланды.

К.Алламбергенов соның менен бирге фольклортаныў ҳәм әдебияттаныў илимине де салмақлы үлес қосқан алым. Ол 1985–жылы “Қарақалпақ әдебиятында айтыс жанры» деген темада кандидатлық, 1997–жылы “Қарақалпақ халық дәстаны “Едиге” (Жанрлық белгилери. Типология, миллий версиялары. Поэтика) деген темада докторлық диссертациясын жақлады.

Илимпаз  «Қарақалпақ әдебиятында айтыс» (1989), «Қарақалпақ халық дәстаны Едиге» (1995), «Миф, ертек, тарийх ҳәм дәстан (Ер Едиге, «Едиге» дәстаны ҳәм Алтын Орда, Маўереннахр дәўири тарийхының гейпара мәселелери)» (2014), «Ер Едиге, «Едиге» дәстаны, Алтын Орда ҳәм Маўараўннаҳр дәўири тарийхының гейпара мәселелери (Миф, ертек, тарийх ҳәм дәстан)» (2017), «Миллий мафкура ҳәм қарақалпақ фольклоры», «Ҳәзирги әдебий жөнелис», «Қарақалпақ әдебияты», «ХХ әсир қарақалпақ әдебияты тарийхы», «Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты», «Кең дүньяға қушақ ашқан жазыўшы», «Мәңги булақ», «Бүлбилзибан уллы шайыр», «Бозатаў» ҳәм тарийхый шынлық» усаған бир нешше монография, сабақлық, оқыў қолланбалары менен бир қатарда, 300 ден аслам илимий, илимий– методикалық мақалалардың авторы.

К.Алламбергенов «Едиге»таныўшы тюрколог алым сыпатында дүнья илимий жәмийетшилигине кеңнен белгили. Илимпаздың басламасы менен бурын қадаған етилген “Едиге” дәстаны қарақалпақ халқына тикленип бериледи ҳәм илимий изертлеў айланысына обьект болды.  Кейинги жылларда “Едиге” дәстанына бағышланған Қарақалпақстанда ҳәм оннан соң Қазақстан Республикасында болып өткен халықаралық илимий–теориялық конференцияларда профессор К.Алламбергенов баянатлары менен қатнасып, “Едиге” дәстанының қарақалпақ миллий версиясын дүнья халықларына танытты.

К.Алламбергенов көркем проза, фольклортаныў ҳәм әдебияттаныў  илимине салмақлы үлес қосыў менен бирге,  республиканың билимлендириў тараўының раўажланыўында да көп мийнет етти. Бир нешше жыллар даўамында республикалық «Қарақалпақстан муғаллими» илимий–методикалық журналына редакторлық етти. Сондай–ақ «Илим ҳәм жәмийет»  журналының   бас редакторы болды.

К.Алламбергенов фольклортаныўшы ҳәм әдебияттаныўшылар мектебин таярлады. Оның илимий басшылығында илим кандидатлары (Казахбаев С., Жақсимова Ҳ., Утамбетова А.), илим докторлары (Казахбаев. С., Палымбетов К., Қурамбаева. Г) ҳәм филология илимлери бойыншы философия докторлары (Дабылов П., Төрткулбаева Т., Есебаев М. ҳәм т.б.) илимий жумысларын жақлады.

К.Алламбергенов Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықлар бойынша комитеттиң жуўаплы хаткери, «Қарақалпақ тил билими ҳәм әдебияттаныў мәселелери» илимий топламы серияларының бас редакторы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы докторлық диссертацияларды жақлаў бойынша Қәнигелестирилген Кеңес баслығының орынбасары сыпатында да көплеген жәмийетлик жумысларды атқарды.

Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының шөлкемлестириўи менен Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Кеңесбай Алламбергеновтың 70 жыллығына бағышланып, «Түркий тиллес халықлар фольклоры ҳәм әдебияты тарийхын изертлеўдиң әҳмийетли мәселелери» атамасында илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны Әжинияз атындағы НМПИ ректоры ўазыйпасын атқарыўшы Қуўандық Қадиров ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, филология илимлериниң докторы, Әндижан мәмлекетлик университетиниң профессоры, С.Мирзаева, Л.Н. Гумилев атындағы Евразия миллий университетиниң профессоры, Рақымжан Турысбек, филология илимлериниң докторы Г. Қурбаниязов, Әжинияз атындағы НМПИ қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы С. Қазахбаев, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақ гуманитар илим изертлеў институтының үлкен хызметкери, филология илимлериниң докторы К. Палымбетов, жазыўшы Ө.Өтеўлиев, нураный журналист И. Қосназаровлар шығып сөйлеп,  Кеңесбай Алламбергеновтың илим ҳәм көркем әдебият тараўында тутқан орны, адамгершилик пазыйлетлери ҳәм жазыўшылық шеберликлери туўралы кең түрде айтып, илимпаздың юбилейи менен илаж қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады.





Кешеде юбилярдың өмирлик жолдасы  Улбосын Алланазарова шығып сөйлеп, конференцияны шөлкемлестирген барлық шөлкемлерге өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Сондай-ақ, кешеде институт студентлери тәрепинен Кеңесбай Алламбергенов дөреткен шығармалардан монологлар оқылып, драмаларынан сахналық көринислер  қойып берилди.

Конференция өз жумысын секцияларға бөлинген ҳалда даўам еттирди.

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы