Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Akiko Fudji ханым ҳәм оның орынбасары Anas Fayyad Karman Тақыятас районынындағы «Айдын жол» МПЖ аймағында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Онда БМШ тың Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм Ислам раўажланыў банки ҳәм OPEK тиң Халықаралық раўажланыў қоры тәрепинен «Аўыллық жерлерди раўажландырыў» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша пуқараларға түсиник берди. Олар «Айдын жол» мәҳәллесинде 176 оқыўшыны өз ишине қамтыйтуғын жаңа мектеп ҳәм 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыс жумыслары менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги