Көпшиликтиң хабары болғанындай усы жыл 27-октябрь күни мәмлекетимиздиң барлық аймақларында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларының сайлаўы өткериледи.

Усы сиясий мапазды шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, Кегейли районында «Жас сайлаўшы» жойбары өткерилди.

Жойбар шеңберинде районлық Жаслар орайында «Жас сайлаўшы» атамасында ушырасыў өткерилип, онда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасының бөлим баслығы У.Қыдырбаев, районлық Әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы Ж.Жолдасов ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы баслығы А.Даўекеевлер аймақ жасларына 27-октябрь күни өткерилежақ сайлаўдың халқымыз, соның ишинде, жаслар турмысындағы әҳмийети туўралы кең түрде түсиниклер берди.

Ушырасыўда жаслар тәрепинен баянатшыларға сайлаў бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.


Соңынан район жасларының интеллектуаллық раўажланыўына болған умтылысын жүзеге шығарыў,  оларды физикалық жақтан жетилистириў ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде, мәҳәлле жаслары арасында  «Зәкаўат» интеллектуаллық ойыны, спорттың стол тенниси, шахмат-шашка ҳәм мини футбол түрлеринен жарыслар шөлкемлестирилди.

Жарыс жеңимпазлары болса, «Жас сайлаўшы» жойбарына арналған концерт бағдарламасында диплом ҳәм естелик  саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы