Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры Гүлмира Қарлыбаева менен бүгин биз әжайып бир тема әтирапында  сәўбетлесемиз. Қаҳраманымызды қысқаша таныстырсақ, 150 ден аслам илимий мақалалар авторы, көплеп шәкиртлердиӊ сүйикли устазы, Әжиниязтаныўшы илимпаз.  Оның  «Әжинияз шығармалары тилиниң фонетикалық ҳәм морфологиялық сыпатламасы», «Әжинияз шығармалары тилиниң семантика-стилистикалық өзгешеликлери», «Әжинияз шығармаларында көркемлеў қураллары» «Қарақалпақ диалектологиясы»,  «Қарақалпақ тилиндеги миллий кийим-кеншек атамалары», «Өзбекше-қарақалпақша сөзлик», «Soсiolingvistika» киби бирқанша монография, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары басылып шыққан. 4 шәкирти филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын табыслы қорғаған.

Гүлмира Ермекбаевна, елимизде бир ажайып байрам нәпеси гезип жүрипти. Ҳәттеки     жолаўшы тасыўшы айырым машиналардың арқа айнасына плакатлар қыстырылған. Онда «Қарақалпақ халқының уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улы 200 жаста» деген жазыў бар.  Шайырдың юбилейин көтериңки руўхта өткериў ушын жүдә кең көлемли илажлар өткерилип атыр. Буның әҳмийети туўралы азы-кем тоқталсаңыз.

Бүгинги информация әсиринде ана тилимиз, миллий мәдениятымыз, қәдириятларымыз ҳәм солар қатары әдебиятымызды, бир сөз бенен айтқанда өзлигимизди сақлап қалыў әҳмийетли. Буған турақлы үгит-нәсиятлаў арқалы ерисиледи. Бизиң машқаламыз ҳәм кемшилигимиз сонда, уллы тулғаларды тек туўылған күнлеринде ғана еске аламыз ҳәм тек сол айда түрли илажлар, әдебий ушырасыўлар өткеремиз. Негизинде  елимиздиң уллы инсанларын, солар қатарында шайыр-жазыўшылар дөретиўшилигин изертлеп атырған илимпазлар, олардың илимге қосқан жаңалығын ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа турақлы таныстырып барсақ, илим жолын әпиўайы, түсиникли тәризде баянлаған түрли форматтағы журналистикалық материаллар таярланса мақсетке муўапық болар еди. Ең жақсы оқытыў методикаларын ғалабаластырыў, оқытыўшы, муғаллимлердиң халық алдындағы абырайын тиклеў, оларды халыққа жақыннан таныстырыў арқалы түрли пән ҳәм илимге қызығыўшылықты арттырыў мүмкин деп ойлайман.

            Дурыс айтасыз, Гулмира Ермекбаевна. Жәмийетте ҳәр қайсы тараўдың раўажланыўы журналистика менен тығыз байланыслы. Журналистика халықтың санасын қәлиплестиретуғын, саўатландыратуғын, уллы ислерге руўхландыратуғын, адамларға жаңа идеялар бөлистетуғын минбер. Мәмлекеттиң алға илгерилеўи, демократияның тәмийинленениўи де журналистика менен тығыз байланыслы. Жадид бабаларымыз усы ҳақыйқатты жақсы аңлаған ҳәм қалақлық батпағына батқан халықты оятыўда журналистиканың күшинен пайдаланған. Гәп рети келгенде өз кәсибимди бир мақтап өтким келди. Енди және Әжинияз бабамызға қайтсақ, тарийхтан бизге белгили Әжинияз  Қосыбай улы да – устазлықты өзине кәсип еткен, мектеп ашып халықты оқытқан екен.  Сол туўралы айтып өтсеӊиз.

            Әжинияз өз дәўиринде жасларды ақыллы, билимли болыўға шақырып, тәлим-тәрбия, илим темасына бағышланған қосықлар да жазған. Бирғана «Ай әлип» қосығында араб әлипбеси тийкарында бир сулыў қызды тәрийплейди. Билимлендириўдеги күтә әжайып интеграция бул. Қосық арқалы әлипбени үйрениў имканияты. Екиншиден, қосық формасы, мазмуны тәрепинен теӊсиз дөретпе. Шайыр дөретиўшилиги сондай бай, сырлы, жумбақларға толы, оларды қанша үйренсек те аз. Әсиресе, бүгинги жаслардыӊ әдебий талғамын жетилистириўде бул мийраслардың тутқан орны гиреўли. Ҳүрметли  Президентимиздиң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи көплеп ийгиликли ислерге жол ашты. Усы қарарда Әжинияз  «Хийўадағы белгили Шерғазыхан ҳәм Қутлымурат-инақ медреселеринде билим алған бул уллы тулға тек ғана мәмлекетимизде емес, ал пүткил регионымызда халықшыл шайыр, жетик муғаллим ҳәм устаз, шебер каллиграф сыпатында тән алынғаны, оғада итибарға ылайық болып есапланады. Оның гөззал шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳәм басқа да туўысқан халықлар тәрепинен де сүйип оқылмақта” деп келтириледи.

Демек, Әжинияз өз дәўиринде де, бүгинги күнде де устаз. «Бул дүньяның көрки адам баласы» деген гуманист шайырдыӊ бийбаҳа шығармалары оқыўшылардыӊ әдебий талғамын, дүньятанымын кеңейтип, пүткил инсаниятқа муҳаббат руўҳында тәрбиялайды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов тәрийпи менен айтқанда Әжинияз «Сазын самал ядлап, сөзин ел билген» шайыр. Қарарда атап көрсетилгениндей «Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени де оның дөретиўшилик мийрасы улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди”. Келиӊ, усы Қарар бойынша сәўбетимизди жалғастырсақ.

Бул қарар халқымыз ушын жүдә қуўанышлы ўақыя болды. Әжинияз дөретиўшилигин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары нәдеўир алға илгериледи ҳәм бул процес даўам етпекте. Президентимиз қарары менен шайырдың «Таңламалы шығармалар» топламын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў, Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахна шығармалары ҳәм «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильмин жаратыў, шайырдың дөретиўшилигине бағышланған  шығармалар таңлаўларын, жоқары билимлендириў мәкемелеринде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениў атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў; Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шайыр музейин шөлкемлестириў; шайырдың Мойнақ районындағы қәбири әтирапын абаданластырыў ҳәм оған естелик орнатыў, бул районда Әжинияз Қосыбай улы атындағы экопарк жаратыў сыяқлы көплеп режелер белгиленди.  Бул  киби өткерилген ҳәм өткерилип атырған илажлар журтымыздағы бәрше ғалаба хабар қураллары арқалы турақлы сәўлелендирилип барылмақта. Буларды көрип, еситип ҳәм оқып, тек зиялылар емес гүллан халқымыз Әжинияз Қосыбай улын еле де жақыннан танымақта. Жасларымыздың әдебиятқа, илимге деген сүйиспеншилиги, туўылған жерге деген меҳир-муҳаббаты усындай үгит-нәсият жумыслары арқасында тасқынлап артыўы сөзсиз.

Шынында да, өз халқын жүректен сүйген, шығармалары арқалы дүньяға танытқан шайырды қанша көклерге көтерсек арзыйды. «Еллерим барды»ны бүгин тек қарақалпақлар емес, пүткил дүнья биледи. Жәҳән саҳналарында жаңлаған, керек болса сырт елли көркем өнер шайдалары тәрепинен де атқарылған усы қосықты мәзи еситип болмайды. Жүрек жарып шыққан туўылған жерге деген шексиз муҳаббат сезими жан дүньяңды ләрземге келтиреди. Қарақалпақта ўатанды улығлаған қайсы қосық «Еллерим барды»дан өтеди? Бул өлмес муҳаббат туйғысы киби мәңгилик дөретпе.

Демек, Әжинияз ең дәслеп өзин-өзи танытып кеткен шайыр. Себеби, «халыққа танылғың келсе, алдын халқыңды жақсы таный бил» деген ибратлы гәп бар. Шайыр халқын жүдә жақсы таныған. Буны шайыр қосықларын оқыў арқалы аңлаймыз. Солай емеспе?

Әлбетте, ҳәр қандай шайыр өз заманының көзи ҳәм қулағы деп тәрийпленеди, мениңше урып турған жүреги де болыўы керек. Себеби, дөретиўши инсан ҳәмме нәрсени жүрегинен өтгизип жазады. Халықтың шадлығына да, қайғысына да шерик болады. Шайыр ели-халқы дәрти менен жасайды, усы дәртти арқалап, қабырғасы қайысады. Мысалы, Әжинияздың «Бозатаў» поэмасы. Ел басына түскен мүсийбет шайыр қәддин бүгеди. Өз елинен, «көзи қунқарынан» айрылып, ат ҳөкиминде айдалып кеткен халық муңын шайыр поэмада соншелли терең лиризм менен сүйретлеген. Туўылған жери менен хошласқан халықтың зары қосықты оқығанда, еситкенде ырғақлар арқалы кеўилди елжиретеди, көзлерди ерксиз жаслайды. Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры  И.Юсупов айтқанындай:

Айт сен «Бозатаў»ды намаға салып,

Елжиремегенниң баўыры тас болсын,

Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып,

Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын…

Ҳәр қандай қыян-кести заманда да инсанның туўылған жерге деген меҳир-муҳаббаты кеўил төринде жасайды. Шел еллерде сергизден жүрген шайыр буны жүректен аңлайды ҳәм шексиз сағыныш ҳәм шексиз муҳаббатын өз қосықларында сәўлелендиреди. Шайыр туўылып өскен ўатанын жақсы көремен деп көкирекке урмайды, бәлентпәрўаз сөзлерге асылмайды, әпиўайы тәризде, лекин терең мәниге қурады. Усы топырақта өскен өсимлик, аспанда ушқан қус, жайлаўында жүрген қой-қозылар арқалы-ақ, елин әжайып тәризде тәрийплейди.

Жылында мийўелеп үш рет пискен,

Аты сүтилмектей жемисим барды;

Қырында қызарып пискен геўирек,

Қаўындай мазалы жемисим барды…

Булар тек саҳраның жабайы жемислери. Негизи бул жерде жемистиң түрлери көп.

Үш ай шабағы бар, үш ай саўыны,

Үш ай қабағы бар, үш ай қаўыны,

Төрт мәўсимге йетәр аның таҳамы,

Небир шийрин-шийрин жемиси барды;

Шайыр түрли өсимлик атамаларын қолланыў арқалы қарақалпақ жериниң ҳәм қунарлы, ҳәм шөлистанлықтан ибарат екенлигин шебер сүўретлеген. Сондай-ақ, шайырдың:

Гүдары белбеўи дизеге түскен,

Бойы ақ теректи аралап өскен – деген қатарларында қарақалпақ жигитлериниң бойы узын, сын-сымбатлы, ғайратлы екенлигин тәрийиплеў ушын ақ теректен пайдаланған. Шайырдың сөз саплаў шеберлигин И.Юсупов жоқары баҳалап: «Әжиниязда Ўатанды сүйиў ҳәм Ўатан айралығы, сағыныш сезимлери басқа шайырларға қарағанда наятый күшли. Ол Ўатан сағынышына қәлем тербеткенде, ҳәттеки, сүтилмеклер «Жылына үш рет мийўалап», «Қырында қызарып пискен геўреклер қаўындай мазалы жемиске» айланады. Ол ҳеш қайдан өз елиниң кызларындай сулыў қыз, жаўан, өз елиниң жигитлериндей ғошшақ жигит «таба алмайды». Жас әўладтың Ўатан сүйиў, азаматлық сезимлерин тәрбиялаўда Әжинияздың қосықлары оғада баҳалы қәдрият болып табылады»– деп жазған еди.

Әжинияз өз дөретпелеринде өз елин үлкен көтериңкилик пенен жырлайды, оның руўхый камалатқа ерискен уламаларын, қарақалпақлардың халықлық характерин мақтаныш етеди, берекетли жер-суўларын, түрли-түрли аңлары менен жемислерин, әдеп-икрамлы ҳәм гөззал қыз-жаўанларын, Гөруғлыдай батыр жигитлерин, ханнан ақ пышақ саўға алған бийлерин, беглербегилерин терең ҳүрмет ҳәм сүйиспеншилик пенен мақтайды, солар арқалы пүткил қарақалпақ елиниң атын көрсетеди.

Биз Әжинияз Қосыбай улын таныстырғанда оған «уллы» сөзин қосып айтамыз, яғный, қарақалпақ халқының уллы шайыры деймиз. «Тарийхты әпиўайы адамлар емес уллы шахслар жаратады» екен. Усы қарасты қалай баҳалайсыз?

Анализлеп қарасақ ҳәр бир халықта әсир аралап дүньяға келетуғын  қаҳарманлар болады. Олар елин қорғайды,  түрли тараўларда инсаният ушын ҳәм керекли, ҳәм пайдалы ненидур жаратып қалдырады. Булар арасында ең ескирмейтуғын байлық, әлбетте, руўхый мийраслар есапланады. Бул руўхый байлықлар халықты өмир бойы азықландырады. Усы айтылғанларды инабатқа алсақ Сизиң сораўыңызға «аўа» деп жуўап бериў мүмкин.

Қайсы миллий тилди алып қарасақ та, оның тийкарын салыўға, раўажландырыўға себепши болатуғын тулғалар сыпатында, сол әдебий тилдиң қәлиплесиў, раўажланыў тарийхында өз шығармалары арқалы үлкен хызмет атқарған сөз шеберлери тилге алынады. Мәселен, өзбек әдебий тили тарийхында Наўайының, түркмен әдебий тилинде Мақтымқулының, қазақ әдебий тили тарийхында Абайдың атлары аталады. Ал, қарақалпақ жазба әдебий тилиниң қәлиплесиўинде, әлбетте, Әжинияздың орнын айрықша атап өтиў орынлы.

Бир қарағанда Әжинияз тили түсиниксиздей, сап қарақалпақ тили еместей түйиледи. Сиз шайыр шығармалары тилин үйренгенсиз. Буның себеплерин түсиндирип өтсеңиз.

Ҳақыйқатында да, Әжинияз дөретпелериниң мазмуны, ол мазмунды бериў формалары, әсиресе, тилиниң өзгешеликлери менен ажыралып турады. Әжинияз – қарақалпақ әдебий тилин ҳәр тәреплеме байытқан, тилди көркемлик жақтан жоқары дәрежеге, жаңа басқышларға алып шыққан ҳәм раўажландырған қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили.

Әжинияз – қарақалпақ халқының классиклери арасында көп тиллерди – араб, парсы ҳәм түркий тиллерди жақсы ийелеген. Шайыр дөретпелериндеги араб-парсы сөзлери оның «Бери кел», «Әй әлиф» шығармаларында айқын көзге түседи. Бунда шайыр еликлеп қыз-жаўанларды тәрийиплеўде араб әлипбесиндеги ҳәриплерден пайдаланған.

Сондай-ақ Әжинияз қарақалпақ әдебиятына түркий тиллес халықлар ушын ортақ болған жазба әдебий тил дәстүрлерин алып кирди. Әжинияз шығыстың классик поэзиясын ең жетик билген, оның әсирлер бойы қәлиплескен узақ дәстүрлерин ҳәм тәжирийбелерин терең өзлестирген шайыр сыпатында қарақалпақ классик поэзиясын жанр ҳәм форма жағынан да, көркемлик тәрептен де ҳәр тәреплеме байытты, оның жазба әдебиятын кеңнен тереңлестирди.

Әжинияз – сөз таңлаў ҳәм сөзлерди мәнилик жақтан байытып қолланыўда, оны көркем сүўретлеў қуралына айландыра билиўде өз шеберлигин көрсеткен әжайып көркем сөз зергери. Шайыр шығармаларының тили – қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамына тийкарланған образлы, көркем тил.

Оның қосықларында пикирди көркемлеп баянлаў жоқары дәрежеге көтерилди. Тилдиң көркемлеў қуралларынан шебер пайдаланыўы, тилге руўхый-эстетикалық қубылыс сыпатында қатнас жасаўы, сөзлерди шеберлик пенен пайдаланыўы жағынан Әжинияз дөретиўшилиги айрықша орын ийелейди.

Әжинияздың «Бозатаўлы нәзелим» атлы қосығында мынадай қатарлар ушырасады:

Фәлекниң ойыны –Жәйҳун гирдабы,

Бир тәбәссум етсең көңлимниң табы,

Ышқы ләшкериниң дәҳшат сәркабы,

Бул аманат жанды тәннен бездирер.

Бунда, бириншиден, ески түркий тилиниң лексикалық ҳәм грамматикалық дәстүрлерине тән белгилер көзге түседи, екиншиден, фәлекниң ойыны, Жәйҳун гирдабы, көңлимниң табы, аманат жанды тәннен бездирер, кәпир көзиң усаған сөз дизбеклеринде сезилетуғын образлы аўысқан мәнилер шайырдың өзине тән жеке стильлик өзгешеликлери сыпатында қолланылған. Бунда фәлекниң ойыны – «дүньяның, тәғдирдиң иси», кәпир – «өткир» усаған мәнилерди билдиреди. Солай етип, шайыр ҳәр бир сөз, ҳәр бир мәни, ҳәр бир форманы көркем шығармаға тән эстетикалық талапларға сәйкес дурыс таңлай алған.

Шайыр қәлеминен дөрелген көп санлы қосық қатарлары бүгинги күнде өзиниң терең мәнилиги, жоқары көркемлиги менен халық арасында кеңнен танымалылыққа ийе болып афоризмге айланған. Мысаллар:

Бул дүньяның көрки адам баласы;

Атқа минген билән кәтқуда болмас,

Йурттан асқан ақыл-ҳуўшы болмаса …

Жер ҳәм ел биләндур, ел ҳәм жер билән,

Жерсиз елдиң қәдири дәрбәдәр билән …

Елинен айрылған дийўана болар,

Ярынан айрылған бийгана болар….

Дүзде ашлық машақатын көрмеген,

Үйде ыссы нанның қәдирин не билсин …

Шайырдың әдебий мийраслары қарақалпақ сөз өнерин жаңа сапалық басқышқа көтериўи, сөзлердиң мәнилик жақтан байыўын тәмийинлеўи, ески түркий әдебий тилиндеги пикирди көркемлеп баянлаў усылларының қарақалпақ әдебиятында турақласыўында өзиниң үлкен тәсирин тийгизди. Оның әжайып көркем шығармалары халқымыздың мәдений-руўхый дүньясының алтын ғәзийнесине қосылған бийбаҳа үлес болып табылады.

Әжинияздың қазақ ақыны қыз Меңеш пенен айтысы XIX әсирдиң өзинде-ақ, 1878-жылы  «Түркстан ўалаяты» газетасында жәрияланған.   Бул аўызеки  сөйлеў стилинен пайдаланып жазылған дөретпе есапланады.

Әжинияз лирик шайыр сыпатында муҳаббатты өзгеше, бийтәкирар усылда сүўретлейди. Бул туйғының қаншелли илаҳый ҳәм муқаддес екенлигин оның қосықларын оқыў арқалы жүрек-жүректен сезинемиз. Әсиресе, нама жазылған «Ҳәркимсәниң яры болса», «Йоқ мениң», «Гөззаллар» «Бир жәнан», «Бир пәрий», «Бозатаўлы нәзелим», «Сәўдигим», «Әй әлип» киби көплеп қосықлары сүйип тыңланады. Сен сөнбейсең – поэзия жулдызы, дегениндей бул дөретпелер еле әсир аралап жасайды, инсаният руўхын суўсынландырады, жан дүньясын азықландырады, гөззалландырады. Әжинияз қарақалпақ әдебиятындағы ең жетик муҳаббат жыршысы ма яки бул тек мениң нәзеримде сондай ма?

Әжинияз шынында да лирик шайыр. Мәселен, Әжинияздың «Бозатаўлы гүлбинәфша нәзелим, әсәлиң ҳәррени гүлден бездирер» жеп басланатуғын «Бозатаўлы нәзелим» қосығын алып қарайық. Бир тегис, ырғақ пенен оқылатуғын бул қосық сондай шеберлик пенен жазылған, ондағы теңеўлер, муҳаббаттың қүдирети, ашық жанның көңил күйи наятый гөззал сүўретленген. Муҳаббат бизди не күйге салмайды, дегенине жүргизеди.

 

Көңлим сәдебини бир-бир яздырып,

Қайта бастан гөне дәртим қоздырып,

Кәпир көзиң мусылманды азғырып,

Бийшара Зийўарды диннен бездирер.

 

Қарақалпақ қызларын, улыўма қызлар портретин сөз бенен Әжинияздай сызып көрсете алған шайыр жоқ. Қызларды тәрийплегенде шайыр сөздиң ең сарасын сайлап, оларды тәбияттағы ең сулыў қусларға теңейди:

Таўыс киби жилўа менен  бақарсаң,

Ашықлардың жүреклерин жақарсаң;

Отырышы – тырна, йүриши – ғаздур,

Бастан аяқ тамам ағзасы наздур.

 

Яки шайыр «жиңишке» сөзиниң мәнисин бериў ушын теңеў образы ретинде бир неше жанлы ҳәм жансыз затларды қолланады. Мысалы:

Зәйин етсеңиз аның қәлем қашлары,

Қәтип қәлем менен жазған яңлыды;

Тал шыбықтай қыпша бели белбағлы;

Қумырысқадек қыпша-қыпша беллериң,

Бармақ толы йүзик-йүзик әллериң.

 

Сүўретлеў қуралларын кең қолланыў жәрдеминде қыздың портретин жаратыў дәстүри уллы шайырлар Наўайы, Физулий, Мәширеп, XVIII-XIX әсир түркмен шайырлары Мақтымқулы, Андалиб, Молла Непеслердиң поэзиясында кең ен жайған. Сондай-ақ, бул дәстүр Орта Азия халықларында кең тарқалған Ғәрип ашық, Саятхан Ҳамра, Юсип Зүлейҳа, Гөруғлы сыяқлы халық дәстанларында кең пайдаланылған. Әжинияз қыздың романтикалық портретин жаратыўда жоқарыда келтирилген уллы шайырлар, соның менен бирге халық поэзиясының көркем дәстүрлерин табыслы өзлестирген, әсиресе, оларда қолланылған сүўретлеў қуралларын тәрийип қосықларына кең ендирип, оларды тағы да раўажландырған, байытқан. Бундай мифологиялық түсиниклерге, аўызеки әдебият қаҳарманларына байланыслы дөреген теңеўлер шайыр шығармаларында көплеп ушырасады:

Ләйли киби ышқы отына күйдирип;

Йигитлери бардур Рустеми дәстан,

Қәҳәр етсе душманны қылырлар ексан,

Ҳайбатыдан дитрер Ҳажар, Ҳиндстан,

Гөруғлыбек киби ерлери бардур.

Йүз йигиткә тәнҳа өзи барабар,

Ҳәзирети Әлий киби шерлери бардур.

Келтирилген қосық қатарларында шайыр ер жигитлерди дәстанлардағы қаҳарманларға мегзетеди.

Әжинияз қарақалпақ қыз-жигитлери қатары, олардың кийим-кеншегин, үрп-әдетин, мәдениятын, турыс тәризин толық қәлемге алған. Оның қосықларында шын мәнисинде қарақалпақ халқының пүтин бир образын көремиз.

Гүлмира Ермекбаевна, мазмунлы сәўбетиңиз ушын миннетдаршылық билдиремиз.

 

 

Несибели МАМБЕТЫРЗАЕВА

Журналист

Қарақалпақстан хабар агентлиги